Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы халық муғаллими, белгили устаз Шорабек Мустафаевтың 80 жасқа толыўы мүнәсибети менен кураш бойынша республикалық ашық турнир болып өтти.

Жарысқа Хорезм, Бухара, Ферғана, Қашқадәрья ўәлаятларынан, Нөкис қаласы ҳәм районлардан 9 командадан 35 спортшы қатнасты.

Ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министриниӊ орынбасары Азамат Қалбаев, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы, белгили устаз Юрий Иванович Кулаков, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен денетәрбия ҳәм спорт хызметкери, белгили устаз Жақсымурат Мамбетов, Қарақалпақстан Республикасы Қазақ миллий мәдений орайыныӊ баслығы Асқар Умбетаев, Өзбекстан кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиӊ атқарыўшы директоры Серик Жусипбековлар  шығып сөйлеп, белгили устаз Шорабек Мустафаевтың республикамызда спортты, соныӊ ишинде гүрес түрлерин раўажландырыў, мәмлекетимизге белгили спортшыларды таярлап шығарыўдағы көп жыллық мийнетине тоқтап өтти ҳәм 80 жыллығы менен қутлықлады..

Атап өтилгениндей, Ш.Мустафаев 1944-жылы 21-мартта Қазақстан Республикасы Қызыл Орда ўәлаяты Арал районында туўылды. 1963-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтына оқыўға кирди. Бул жерде Өзбекстан Республикасына мийнети сиӊген тренер Әминбай Исмаиловтыӊ басшылығында еркин гүрес пенен шуғыллана баслайды.

Әскерий хызметте жүргенинде спорттан қол үзбеди. Бул жерде самбо гүреси менен шуғылланды. 1965-жылы Москва қаласында болып өткен жарыста сыйлы орынды ийелеп, бурынғы аўқам спорт шеберлигине талабан, Орайлық армия спорт клубы бириншилигинде спорт шебери дәрежесин орынлады.

Кейинги жыллары Нөкис мәмлекетик университетинде кафедра баслығы, дене тәрбиясы факультетиниӊ деканы болып ислеп, көплеген шәкиртлер таярлап шығарды. Белбеўли гүрес бойынша Қарақалпақстан сайланды командасына басшылық етти. Оныӊ басшылығында самбо бойынша бурынғы аўқамныӊ 20, дзюдо бойынша 3 спорт шеберин, миллий гүрес бойынша 24 Өзбекстан спорт шеберин, 50 ден зыят спорт шеберлигине талабан палўанларды таярлады. Олардан бурынғы аўқам жарысларында сыйлы орын ийелери С.Юсупов, Ә.Бекбаўлиев, Б.Назаров, Я.Казаков, Г.Гамгабели ҳәм басқа да көплеген шәкиртлерин атап өтиўимизге болады.

Шорабек Мустафаев бүгинги күни Қазақстанныӊ Алматы қаласында жасаса да, қарақалпақстанлы палўанлар менен дослық байланысларын үзген емес. Оныӊ 80 жасқа толыўы мүнәсибети менен өткерилген жарыс усы дослық байланыслардыӊ әмелдеги көриниси болып табылады.

Жарыс жуўмағында 73 килограмм салмақ категориясында Қоӊырат районынан Уткир Уразғалиев биринши, Нөкис қаласынан Зиёдулло Исматов екинши, Хорезм ўәлаятынан Махсет Хажиев ҳәм Нөкис районынан Қурманғазы Қуандықовлар үшинши,  абсолют бириншиликте Бухара ўәлаятынан Бахром Сайдов биринши,  Қоӊырат районынан Эргаш Айтбаев екинши, Нөкис районынан Заҳиридийин Зайтов ҳәм Нөкис қаласынан Мийирбек Абдихаликов үшинши орынларды ийеледи.

Жарыс жеңимпазлары қәўендерлер тәрепинен диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар менен, сондай-ақ, ең  аўыр салмақтағы спортшылар
ақшалай сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги