Аралды қутқарыў халықаралық фонды Атқарыў комитетиниң Нөкис филиалы 1996-жылдың февраль айында оның қурамындағы бөлимшеси сыпатында дүзилди. Оның тийкарғы ўазыйпасы – Арал теңизиниң қурыўы себепли республикамызда пайда болған экологиялық апатшылықтан жәбирленип атырған халықтың социаллық жағдайын жақсылаў, бул бойынша анық жойбарлар менен бағдарламаларды ислеп шығыў, оларды орынлаў,  қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жақсылаў мәселелеринен ибарат.

Филиал тәрепинен усы күнге шекем әмелге асырылған жумыслар, жойбарлар туўралы кеңирек мағлыўмат алыў мақсетинде хабаршымыз филиал директоры Рашид Кошеков пенен сәўбетлести.

 

АРАЛДЫ ҚУТҚАРЫЎҒА ҲӘРЕКЕТЛЕР

Аралды қутқарыўға дәслепки ҳәрекетлер қалай басланды?

– Жумысты 1996-1997-жыллары Аралды қутқарыў халықаралық фонды Атқарыў комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен биргеликтеги баҳасы 536,2 мың АҚШ долларына тең «Халыққа кешиктириўге болмайтуғын жәрдем» атамасындағы жойбарды әмелге асырыў менен баслаған едик. Бул жойбар Жәҳән банки тәрепинен қаржыландырылып, нәтийжели әмелге асырылды.

Жойбардың тийкарғы мақсети – Арал теңизи бассейнинде әмелге асырылатуғын тийкарғы жойбарларды орынлаў аралығындағы бослықты жоғалтыў ҳәм Арал әтирапында жасаўшы халыққа жедел социаллық жәрдем көрсетиў болды. Усы жойбар шеңберинде Хожели районындағы 4 балалар үйине оқыў китаплары, 4 ДАМАС автомашинасы, 14 санитариялық машина, балықшылардың аўлаў қураллары ушын 3000 нан аслам керекли әсбаплар, балалар үйлериндеги еситиўи шекленген балаларға арнаўлы үскенелер, Бозатаў, Мойнақ районларындағы 2000 нан аслам кем тәмийинленген шаңарақларға балалар кийими, үй ҳайўанлары ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине төлемин төлеп бериў арқалы материаллық жәрдемлер көрсетилди. Сол ўақытлары бул илажлар экологиялық ҳәм экономикалық дағдарыс себепли қыйналып атырған адамлар ушын үлкен жәрдем еди.

Ўақыт өтип, жойбарлардың көлеми ҳәм онда орынланатуғын жумыслардың муғдары кеңейип барды. 1999-жылы филиал тәрепинен Нөкис қаласында бөтеке, сидик жолларындағы тас кеселликлерин анықлаў ҳәм оны емлеўди шөлкемлестириў бойынша 1,9 миллион АҚШ доллары муғдарындағы ири жойбар әмелге асырылды. Соның есабынан хожалық есабынан қайта шөлкемлестирилген урологиялық орай усы кеселликлерди анықлаўға, емлеўге, операция ислеўге арналған заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинленди.

2000-2001-жыллардағы суўсызлық дәўириндеги жумыслар қыйын болды. Ол ўақытлары республикамыздың арқа районларында атызларды суўғарыў түўе, ишиўге де суў табыў қыйын еди. Сонлықтан, филиал тәрепинен «Аўыллық жерлердеги насос станцияларын ири оңлаў ҳәм аўыл халқының суў менен тәмийинлениўин жақсылаў» атамасындағы жойбар әмелге асырылды. Нәтийжеде республикамыз аймағындағы 5 ЭКОСта, 28 скважинада насос үскенелери орнатылды, 8 бас суў жыйнаўшы орынларда ири оңлаў ҳәм қайта тиклеў жумыслары исленип, Төркүл, Елликқала, Беруний районларының шөл аймақларында, Нөкис, Хожели, Қанлыкөл, Шымбай, Тахтакөпир, Бозатаў, Қараөзек районларының аўыллық жерлеринде жасайтуғын 56241 адамның таза ишимлик суў менен тәмийинлениўи жақсыланды.

Буннан басқа сол жылларда Аралды қутқарыў халықаралық фонды Атқарыў комитети тәрепинен Тахтакөпир районындағы 35 койкалық емлеў-профилактикалық орайын иске түсириўге 93 миллион сумлық ҳәм Қараөзек районындағы  60 койкалық туўыў үйине  100 миллион сумлық қаржылай жәрдем көрсетилди.

 

АРАЛБОЙЫ АЙМАҒЫНДАҒЫ ЭКОЛОГИЯЛЫҚ ЖАҒДАЙ ЖАҚСЫЛАНА БАСЛАДЫ

– Арал апатшылығы себепли халықтың генофондын сақлаў, медициналық жәрдем көрсетиў әҳмийетли мәселелердиң бирине айланды. Усы бағдардағы жумысларға филиалдың қосқан үлеси қай дәрежеде болмақта!

– Елимизде бул мәселелерге Президентимиз бенен ҳүкиметимиз тәрепинен айрықша дыққат қаратылып, бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекистан Республикасы Министлер Кабинетиниң  2004-жыл 3-апрельдеги «Аралбойы генофондын қорғаў бойынша қайырқомлық фондын дүзиў ҳаққында»ғы қарары, 2005-жыл 25-январьдағы «Саламатлық жылы ҳаққында»ғы Мәмлекетлик бағдарламасы талапларын орынланыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Мәселен, республикамыздағы 34 медициналық мәкемеге 112 мың АҚШ доллары муғдарындағы суў тазалаўшы шет ел үскенелери орнатылды. Тахтакөпир, Кегейли Қараөзек районларындағы 10 медициналық мәкемеге улыўма узынлығы 2,2 километр болған орайласқан суў тармағы тартылды. Балаларға арналған 750 орынға ийе 5 медициналық ҳәм тәрбиялаў мәкемелери 2005-2006-жыллар даўамында ҳәр қыйлы витаминлерге бай өнимлер менен тәмийинленип барылды. Сондай-ақ, усы жыллар ишинде балаларға арналған 4 медициналық мәкеме керекли медициналық препаратлар менен тәмийинленип турылды. Медициналық мәкемелер ушын 10 дана ДАМАС-АМБУЛАНС маркалы санитариялық машиналар берилди. 22 адамға майыплық арбашасы ҳәм еситиў аппаратлары тапсырылды.  2008-жылдағы суўықтан жәбирленген шопанларға бир қатар материаллық жәрдемлер көрсетилди.

Усылар қатарында суйық хлор қолланған ҳалда суўдың үзликсиз түрде зыянланыўын тәмийинлеў, ишимлик суўының сапасын арттырыў, ҳәр қыйлы инфекциялық кеселликлердиң тарқалыўына жол қоймаў ҳәм порошок тәризли хлор алыныўында валютаны үнемлеў мақсетинде «Суйық хлор менен жумыс ислеўши хлороторлы суў жыйнаўшы қурылмаларды қайта үскенелеў» жойбары әмелге асырылды. Қубла Кореяның «Шиндонг энерком Инк» компаниясының жойбары шеңберинде 2005-2006-жыллары республикамыздың 8 районындағы 10 суў жыйнаўшы қурылмалар менен суўды бөлистириў буўынларында монтажлаў, сазлаў жумыслары алып барылып, суў тазалаўшы станциялардың хызметкерлери оқытылды. Нәтийжеде суўдың зыянланыўы сезилерли дәрежеде азайып, сапасы артты.

Сондай-ақ, 1998-2013-жылларда «Арал әтирапында жасаўшы халықтың экологиялық кризис аймағында базар қатнасықларына бейимлесиўи бойынша социаллық бирге ислесиўди шөлкемлестириў» жойбары әмелге асырылды. Усы жойбар шеңберинде Арал апатшылығы аймағындағы халықтың базар қатнасықлары шараятларына бейимлесиўи мақсетинде олардың киши ҳәм орта кәрханалар ашыўы, дийқаншылық ҳәм шарўашылық бойынша фермер болыўы, сондай-ақ, басқа да исбилерменлик жумыслары менен шуғылланыўы ушын қаржылай жәрдем берилип, үгит-нәсият, түсиник жумыслары алып барылды ҳәм мәсләҳәтлер берилди. Бул жумыслар өз нәтийжесин берип, усы жойбарды әмелге асырыў даўамында 8951 пуқара өз жойбарларын усынды. Соннан 6165 жойбар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен мақулланып, олар 13063,1 миллион сум муғдарындағы қаржы менен тәмийинлениўи нәтийжесинде 9239 жаңа жумыс орны жаратылды.

2001-жылы «Әмиўдәрья дельтасының теңиз жағалығында турақлы суў ҳәўизлерин пайда етиў» жойбары әмелге асырыла басланды. Жойбардың мақсети – Әмиўдәрья дельтасында ҳәм оған жақын болған  теңиздиң қурыған ултанларында жасалма суўғарыў арқалы дүзилген ландшафтлық экосистеманы жаратыў арқалы Аралбойы аймағындағы экологиялық жағдайды жақсылаў болып есапланады.

Жойбардың биринши басқышында улыўма баҳасы 2114,8 миллион сум болған 9 объекттиң қурылыс жумыслары әмелге асырылды. Екинши басқышында (2004-2009-жыллары) Жалтырбас қолтығына қуятуғын каналларды беккемлеў, қолтық жағалығындағы 30,6 километрлик дамбаларда, дәрья аралығындағы суў сақлағыштың батыс дамбасында  8,4 километрлик ири оңлаў жумыслары алып барылып, Қазақдәрьяның бас қурылмасын қурыў (60м куб/сек) және Жалтырбас қолтығындағы суў жибериў орнының қурылыс жумыслары исленди.

Киши турақлы суў ҳәўизлерин пайда етиў ушын орнатылған дамбалар

Ҳәзирги ўақытта Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2013-жыл 14-майдағы бийлигине муўапық «Әмиўдәрья дельтасында киши турақлы суў ҳәўизлерин пайда етиў» жойбарының екинши басқышы әмелге асырылмақта. Жойбар қурамына арқа дамбаны ири оңлаў, қапталындағы суў қуйылатуғын орынды ҳәм басқа да объектлерди қайта тиклеў сыяқлы ири көлемли жумыслар киргизилген. Сондай-ақ, филиал тәрепинен Мойнақ қаласының арқа-шығыс тәрепинде жайласқан «Ахантай» участкасының 11,6 мың, Судочье көлиниң арқа тәрепиндеги «Аққум» аймағының 8,7 мың гектар жерине жасалма тоғайларды отырғызыў жумыслары алып барылмақта.

 

АЛДАҒЫ 5 ЖЫЛДА АРАЛ ТЕӉИЗИ УЛТАНЫНДАҒЫ 20 МЫӉ ГЕКТАР ЖЕРДЕ ТОҒАЙЛЫҚЛАР ПАЙДА БОЛАДЫ

– Бул жумыслардың мақсети, пайдасы нелерден ибарат!

– Бул жумыслар толық әмелге асса Мойнақ қаласына, оған жақын жердеги Қаражар елатлы пунктине, оның әтирапына, сондай-ақ, халықаралық әҳмийетке ийе Рамсар дизимине киргизилиўи режелестирилген Судочье көлине Арал теңизиниң қурыған ултанынан келетуғын көшпели қумлардың, дузлы самаллардың, шаң-тозаңлардың азайыўына, сол тәрептен есетуғын самал эррозиясы тәсириниң азайыўына ерисиледи. Жойбар бойынша усы жылдың 1-июль күнине шекем 1371,2 миллион сумлық жумыслар әмелге асырылып, 4109,9 гектар майданға жасалма түрде тоғай отырғызылды.

Жойбар шеңберинде 2014-жылдан берли «Тахтакөпир районының «Қарабайлы» ҳәм «Өркенди» елатлы пунктлеринде суўды дузшыландыратуғын үскенелери бар суў сақлағыш қурылмаларының буўынларын қурыў» бойынша баҳасы 2474,34 миллион сумлық жойбар әмелге асырылмақта. Жойбар шеңберинде ҳәр бир елатлы пунктте суў шығарыўшы тармақ қурылмалары салынды. Бул жумыслардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде усы елатлы пунктлерде жасаўшы 800 ден аслам адам таза ишимлик суўы менен тәмийинленип, аймақтың санитариялық-эпидемиологиялық жағдайы жақсыланды.

Быйыл филиал тәрепинен «Әмиўдәрья дельтасындағы жергиликли киши суў ҳәўизлерин пайда етиў. Фаза II», «Арал теңизиниң қурыған ултанындағы «Ахантай» участкасында қорғаўға мөлшерленген терекли ҳәм путалы тоғайлықларды пайда етиў», «Арал теңизиниң қурыған ултанындағы «Аққум» үйиншиклеринде  қорғаўға мөлшерленген терекли ҳәм путалы тоғайлықларды пайда етиў» жойбарлары тийкарында жумыслар даўам етпекте.

Жақын күнлерде Аралбойы регионының социаллық-экономикалық ҳәм экологиялық жағдайын буннан былай да жақсылаў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 18-январьдағы «2017-2021-жылларда Аралбойы регионын раўажландырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған «Арал теңизиниң қурыған ултанындағы 20 мың гектарлық жерге тоғайлықлар пайда етиў» жойбары әмелге асырылыўы режелестирилген.

Ҳәзирги ўақытта Өзбекистан Республикасы Президентиниң жоқарыда атап өтилген қарарын орынлаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Минисрлер Кеңеси жанындағы Арал машқалалары бойынша координациялық Кеңестиң шешими менен «Арал әтирапы халқының жумыс пенен тәмийинлениўине көмеклесиў ҳәм социаллық жәрдем бериў» жойбарында белгиленген жумыслар баслап жиберилди. Усы жойбар шеңберинде исбилерменлик жумыслары бойынша  90 жойбардың қаржыландырылыўы режелестирилген болып, ол нәтийжели әмелге асса 200 ден аслам жаңа жумыс орны жаратылады, сондай-ақ, 97 физикалық шахсқа киши заёмлар берилиўи де нәзерде тутылған.

Сәўбетлескен:

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.