Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми Кеңесиниң 2023-жылдың жуўмағына бағышланған есабат мәжилиси өткерилди.

Онда Өзбекстан Экологиялық партиясы Орайлық Кеңеси Атқарыў комитетиниң баслығы Абдушукур Хамзаев, Орайлық Кеңестиң бөлим баслықлары, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары (ЗООМ арқалы), сондай-ақ, Кеңес ағзалары, қалалық ҳәм районлық партия шөлкемлери Кеңеслериниң баслықлары, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, басланғыш партия шөлкемлериниң басшылары, “Ҳаял-қызлар қанаты” ҳәм “Жаслар қанаты” жетекшилери, партия белсендилери қатнасты.

Мәжилисте Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми Кеӊесиниӊ баслығы ҳәм хызметкерлериниӊ өткен жылы әмелге асырылған жумыслар, быйылғы “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы”ндағы әҳмийетли  ўазыйпалар бойынша есабаты тыӊланды.

Өзбекстан Экологиялық партиясы өзиниӊ бағдарламалық ўазыйпаларынан келип шығып, сиясий процесслерге белсене қатнасып келмекте. Атап айтқанда, 2023-жылы өткерилген  Референдумда партия тәрепинен берилген усыныслар тийкарында жаӊа редакциядағы Конституцияға экологияға байланыслы өз алдына бап киргизилди. Сондай-ақ, 2023-жылдыӊ 9-июль күни мүддетинен алдын болып өткен Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында да белсене қатнасты. Соныӊ менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2023-жыл 11-сентябрьдеги “Өзбекстан-2030” стратегиясы ҳаққында”ғы пәрманында қоршаған орталықты қорғаў бойынша өз алдына бап киргизилди.

Бүгинги күни Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы шөлкеминен Олий Мажлис Нызамшылық палатасында 2, Жоқарғы Кеӊесте  12, қалалық ҳәм районлық Кеӊеслерде 40 депутат жумыс  алып бармақта. Өткен дәўир ишинде партия идеялық жақтан бирлесип, шөлкемлестириўшилик жағынан беккемленди.

-Ағзаларымыздыӊ саны күн сайын артып бармақта. Атап айтқанда  2023-жылы 5 мыӊ 547 пуқара ағзалыққа қабыл етилген болса, ҳәзир олардыӊ саны 47 мыӊ 386 ға жетти. Сондай-ақ,  өткен жылы жаӊадан 65  басланғыш партия шөлкеми дүзилип, бүгинги күни олар 393 шөлкемди қурайды. БПШ жумысларын жетилистириў, олардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў, партия қатарына жаӊа ағзаларды қабыл етиў, ағзалық төлемлердиӊ режесин орынлаў сыяқлы жумыслар әмелге асырылып келинбекте. Бул көрсеткиш партиямыздыӊ абырай-мәртебеси барған сайын артып баратырғанынан дәрек береди,-дейди Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеминиң Кеңесиниң бас қәнигеси Айдангул  Абдирахманова.

Есабатларда атап өтилгениндей, өткен жыл даўамында партияныӊ үзликсиз экологиялық билим ҳәм тәрбия системасын жетилистириў, халықтыӊ экологиялық мәдениятын арттырыў, саламат турмыс тәризи көнликпелерин қәлиплестириў, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, жасларды тәбият ҳәм оныӊ ресурсларына итиятлылық қатнаста болыў руўхында тәрбиялаўға қаратылған бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларын үгит-нәсиятлаўға қаратылған 969 илаж өткерилди. Оларда  41 мыӊға шамалас пуқара қатнасып, партияныӊ бағдарламалық ўазыйпалары бойынша билимин байытты.

Сондай-ақ, партиядан сайланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси депутатлары халық пенен 160  мәрте ушырасыў өткерип, онда 81 машқала анықланды. Соннан 75 машқала өз шешимин тапқан болса, 6 машқала бойынша түсиник берилди. Қалалық ҳәм районлық Кеӊес депутатлары да халықтыӊ машқалаларын үйрениў ҳәм оларды шешиў бойынша 47 мәрте ушырасыў өткерип, оларда 96 машқала анықланған болса, соның 80 машқаласы унамлы шешимин тапты.

“Жасыл мәкан” жойбары шеңберинде өткерилген илажларда жети жастан жетпис жасқа шекемги жерлеслеримиз қатнасып, партиямыздыӊ белсендилери сыпатында ҳәрекет еткенлиги қуўандырады.  Нураний аналардыӊ қатнаўында “Аналар бағы” шөлкемлестирилип, бул ийгиликли ислерге  Қарақалпақстан партия шөлкеми халқымызды бир мақсет жолында бирлестире алды. Сондай-ақ, суў ысырапкершилигиниӊ алдын алыў мақсетинде тәрбиялық әҳмийетке ийе роликлер ҳәм “Партиямыздың бес жыллығы мүнәсибети менен бес түптен нәл егейик!” сүрени астында челленжлер, “Биз келелешек ушын жуўапкермиз” сүрени астында экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, халықтың, әсиресе, жас әўладтың экологиялық мәдениятын ҳәм билимин беккемлеў, тәбийғый ресурслар, флора ҳәм фауна дүньясына итибарлы қатнаста болыў мәселелерине бағышланған видеороликлер таңлаўы өткерилип келинбекте. Халық пенен тығыз байланыста жумыслар алып барыў мақсетинде “Ҳаял-қызлар қанаты”, “Жаслар қанаты”, Жаслар парламентиниң ағзалары тәрепинен “Меҳир ҳәрекети”, “Биз ҳаял-қызларға зорлық ҳәм зомбылықлардың барлық түрине қарсымыз”, “Ҳаял-қызлар  қоршаған орталықтың қорғаўшылары”, “Ҳаял-қызлардың ҳуқықлары кепилленеди” атамаларында дөгерек сәўбетлери, “Жасыл қоллар”, “Парламент ҳәм жаслардың Арал нәзеринде” үгит-нәсият илажлары өткерилди.

Өткен жыл даўамында партия шөлкеми тәрепинен алып барылған экологиялық саламат орталықты жаратыў жолындағы ҳәрекетлер өзиниң унамлы нәтийжесин берди.

Мәжилисте ерисилген нәтийжелер менен бирге, айырым кемшиликлерде атап өтилип, партияның халық арасындағы абырайын буннан былай да арттырыў,  быйылғы жыл ушын белгиленген бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларды турмысқа енгизиў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.



Мәжилис жуўмағында Кеңес ағзаларының пикир-усыныслары тыңланып, күн тәртибиндеги мәселелер бойынша қарарлар қабыл етилди.

                                     Қарақалпақстан хабар агентлиги