Мағлыўматларға қарағанда, 2023-жылдың январь-декабрь айларында Хожели районында 207,2 миллиард сумлық қурылыс жумыслары орынланып, өсим пәти 2022-жылдың январь-декабрь айларына салыстырғанда 109,6 процентти қураған.

Усындай үлкен көлемдеги қурылыс-абаданластырыў жумыслары қатарында «Абат шаңарақ – абат көше – абат мәҳәлле» бағдарламасы тийкарында райондағы «Мустақиллик» мәҳәллесиниң келбети де жаңа түрге енбекте.

2024-жыл 17-январь күни Хожели районындағы «Мустақиллик» аўыл пуқаралар жыйынында «Абат шаңарақ – абат көше – абат мәҳәлле» бағдарламасына муўапық көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары басланды.

Оған Президент Администрациясынан бириктирилген ўәкил З.Жонизаков, район ҳәкими Ж.Ермашев, Президент Халық қабыллаўханасы районлық бөлиминиң баслығы Қ.Жамалов ҳәм район белсендилери қатнасты.






Илаж даўамында Президентимиздиң тапсырмасы менен аймақ турғынларының абадан турмысын тәмийинлеў, мәҳәллени абат етиў, яғный ишимлик суў, газ ҳәм электр тармақларын жаңалаў бағдарында әмелге асырылатуғын жумыслар бойынша презентация өткерилип, анық ўазыйпалар белгиленип алынды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги