Ҳүрметли ўатанласлар!

Бәршемиз ушын муқаддес Ўатан, бәринен бурын, өз үйимиз, мәҳәллемиз босағасынан басланады. Ҳәммемиздиң турмысымыздағы жақсы ҳәм гирбиңсиз мәўритлер, тәшўишли күнлер, тәғдиримиз ҳәм келешегимиз өзин-өзи басқарыўдың сийрек ушырасатуғын системасы болған мине усы уйымға тиккелей байланыслы. Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң атап өткениндей, мәҳәлле тыныш болса – елимиз тыныш, мәҳәлле абат болса – пүткил мәмлекетимиз абат болады.

Кейинги жылларда миллий өзлигимиз тымсалы, бийтәкирар қәдирият ҳәм дәстүрлеримиз бесиги болған мине, усы институттың жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм абырайын, ўәкилликлерин арттырыў, материаллық-техникалық базасы менен кадрлар потенциалын беккемлеў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылды. Улыўма халықлық референдум тийкарында қабыл етилген жаңа редакциядағы Конституциямызда мәҳәлле басқарыўына байланыслы әҳмийетли жаңа статьялар киргизилди.

Бул ҳаққында сөз еткенде, кейинги 7 жылда системаны жетилистириўге қаратылған 100 ге шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилгенин, барлық тараў ҳәм бағдарлар бойынша «мәҳәлле кесиминде» ислесиў усылы кеңнен енгизилип, мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, профилактика инспекторы, социаллық хызметкер ҳәм салық инспекторынан ибарат тәсиршең структура жумысы жолға қойылғаны унамлы нәтийжелер берип атырғанын айрықша атап өтиў орынлы болып табылады.

Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, бүгинги күнде ҳәмме жумыс мәҳәлледе, халқымыз бенен биргеликте шөлкемлестирилмекте. Бул система басқышпа-басқыш раўажландырылмақта, оған қосымша күш, имканиятлар берилип атыр. Бул – әлбетте ҳәм ўәкиллик, ҳәм жуўапкершилик дегени. Мәҳәллелер – мәмлекетимиздиң ең үлкен тийкары.

Ҳәзирги ўақытта «Мәҳәлле жетилиги» тәрепинен бәнтликти тәмийинлеў, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар, нураный ата ҳәм апаларымыз, ҳаял-қызлар ҳәм жасларға мәнзилли жәрдем көрсетиў, пуқараларды заманагөй кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық илажлар өткериў сыяқлы бир-биринен әҳмийетли жумыслар алып барылмақта.

Шаңарақлардың экономикалық-социаллық жағдайы толық хатлаўдан өткерилип, ҳәр бир мәҳәллениң өсиў ноқатлары анықлап алынды. «Шаңарақ кесиминде» ислесиў системасы, «Абат шаңарақ – абат көше – абат мәҳәлле» нормалары енгизилди.

Мине, усындай избе-из ҳәрекетлер себепли мәҳәлле уйымының жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм абырайы және де беккемленип, ол халыққа социаллық жәрдем көрсетиўдиң әдил ҳәм тәсиршең институтына, нәтийжели жәмийетлик қадағалаўды орнататуғын, адамларға ең жақын халықшыл структураға, ҳақыйқый халық ҳүжданына айланып бармақта.

Ҳүрметли мәҳәлле белсендилери!

Бүгинги күнде пүткил мәмлекетимиз сыяқлы мәҳәллелеримиз раўажланыўында да жаңа дәўир басланбақта. «Өзбекстан – 2030» стратегиясында белгиленген жоқары мақсет ҳәм ўазыйпалар тийкарында мәҳәлле системасында да кең көлемли жумысларды әмелге асырып, жумысымызды жаңа сапа басқышына көтериўимиз керек. Президентимиздиң жақында қабыл етилген пәрман ҳәм қарарына муўапық мәмлекетимизде, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район ҳәм қалаларда мәҳәллени қоллап-қуўатлаў кеңеслери, Өзбекстан мәҳәллелер ассоциациясы және оның аймақлық структуралары шөлкемлестирилип жумыс баслағаны бул бағдарда жаңа имканиятларды ашатуғыны сөзсиз.

Мәҳәллениң халыққа социаллық жәрдем бериў бағдарындағы ўәкиллиги күшейтилди. Буннан былай «Темир дәптер», «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери» арқалы социаллық жәрдем көрсетиў ҳәм субсидиялар ажыратыў «мәҳәлле жетилиги»ниң биргеликтеги қарары тийкарында әмелге асырылады.

«Мәҳәлле жетилиги» жумысының тийкарғы нәтийжелилик көрсеткишлери (KPI) бойынша айрықша баҳалаў тәртиби енгизилмекте ҳәм мәҳәлле баслықлары енди 20 процент балл бериў ҳуқықына ийе. Барлық район ҳәм қалаларда «Мәҳәлле бюджети» системасы енгизилди.

«Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы нызамның жаңа редакциядағы жойбары ислеп шығылып, онда мәҳәллелерди шөлкемлестириў, «мәҳәлле жетилиги»ниң жуўапкершилиги бойынша анық нормалар белгиленеди. «Жетилик» ағзаларын тайынлаўда мәҳәлледе жасайтуғын кандидатураларға үстинлик бериледи. Мәҳәлле баслығының сораўына жуўап бермеў ямаса оның усынысында қойылған мәселени көрип шықпағаны ушын жуўапкершилик белгиленеди.

«Пуқаралар жыйыны баслығын сайлаў ҳаққында»ғы нызамның жаңа редакциядағы жойбары ислеп шығылып, онда мәҳәлле баслығы сайлаўын халық тәрепинен улыўма, тең, тиккелей сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў арқалы өткериў, мәҳәлле баслығының мағлыўматы ҳәм маманлығы бойынша қойылатуғын талаплар, мәҳәлле баслығының ўәкиллик мүддетин 3 жылдан 5 жылға созыў сыяқлы жаңалықлар киргизиў нәзерде тутылмақта.

Әзиз дослар!

Мәҳәллелерге көрсетилип атырған жоқары итибар ҳәм ғамқорлық өз гезегинде бизге үлкен жуўапкершилик жүклейтуғынын, әлбетте, бәршемиз жақсы көз алдымызға келтиремиз. Әсиресе, Президентимиздиң басшылығында 2023-жыл 22-декабрь күни Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңеси, 2024-жыл 12-январьда Қәўипсизлик кеңесиниң кеңейтилген мәжилислеринде додаланған әҳмийетли мәселелер ҳәм белгилеп алынған әҳмийетли ўазыйпалар өзин мәҳәлле турмысына, елимиз тәғдири ҳәм келешегине жуўапкер деп билген ҳәр бир инсанды бийпәрўа қалдырмайды. Себеби инсан қәдири, мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршилик, миллетлераралық дослық ҳәм татыўлық, руўхый-ағартыўшылық, мәденият ҳәм көркем өнер, спорт ҳәм илимниң раўажланыўы, жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, бәринен бурын, мәҳәлледен басланады.

Глобалласыў процесслери ҳәм адамлар, әсиресе, жас әўладтың кеўли ҳәм сана-сезими ушын гүрес күшейип атырған ҳәзирги оғада қыйын шараятта мәҳәллелерде әскерий-ўатансүйиўшилик руўхындағы тәрбияның орны ҳәм әҳмийети барған сайын артып бармақта. Бүгинги күнде ҳәр биримиз әмелде Ўатан қорғаўшысы болыўымыз, жасларымызды да усы рухта тәрбиялаўымыз зәрүр. Нәўқыран әўлад ўәкиллериниң реформалар процесиндеги қатнасыўын арттырыў, олар өзиниң интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыўы ушын биринши гезекте мәҳәллелерде қолайлы орталық ҳәм шараятлар жаратыў оғада әҳмийетли ўазыйпамыз болып есапланады.

Бизиң бул бағдардағы қатнасыўымыз, бәринен бурын, бир-биримизге, қоңсыларға, көшемизде, мәҳәллемизде өнип-өсип киятырған балалар тәрбиясына бийпәрўа болмастан, жан күйдириўде, түп мәнисте «ҳәр бир балаға ҳәм әке, ҳәм ана, ҳәм устаз, ҳәм тәрбияшы» болыўымызда көринеди. Әсиресе, миллий мәнаўиятымызға қарсы қаратылған бузғыншы ҳәрекетлерге қарсы гүресиў ҳәм мәҳәлледе әдеп-икрамлылық тәрбия орталығының турақлылығын тәмийинлеўде ҳүрметли ата-аналарымыз, белсенди көше ҳәм үй басшылары, имам-хатип ҳәм отинойилар, зыялыларымыз ҳәм исбилерменлеримиздиң пидәкерлиги үлкен әҳмийетке ийе.

Өзиңиз айтың, бүгин айырым топарлар арасында бақланып атырған диний көзқарасларды Конституция ҳәм нызамларымызға қарсы ҳәм олардан үстин қойыў жағдайларына, диний исеним нықабы астында жасларды ағартыўшылыққа емес, жаўызлыққа ийтермелеп атырған адамларға, көп ҳаяллық, ҳаял адамның жумыс ислемей үйинде отырыўы, оқымаўы керек, деген жалған «шақырық»ларға қарсы биз гүреспесек ким гүреседиЎ

Руўхый қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўди, бәринен бурын, шаңарағымыздан, мәҳәллемизден баслаўымыз зәрүр. Бул бағдарда мәҳәлле белсендилери ҳәм жәмийетлик структуралар белсенди болыўы керек. Өзимиз, перзент ҳәм ақлықларымыздың турмысы менен келешегине байланыслы бундай мәселелерде енди «үйқылап отырыў», бийпәрўа болыўға улыўма ҳаққымыз жоқ.

Әсиресе, жаслар менен көбирек сөйлесиў, олардың кеўлине қулақ түриў, дәртин билиў, машқалаларына шешим табыў, соның ишинде, жәмлеспеген жаслар менен ислесиў, әскерий хызметке мүнәсип мәрт ҳәм батыр жигитлерди тәрбиялаўға итибар қаратыў мәҳәлле жумысының тийкарғы бағдары болыўы шәрт. Бул бағдарда тийисли мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер менен бирге ислесиўди күшейтиўимиз керек. Президентимиз белгилеп берген дурыс жолда енди интакерлик көрсетиўимиз зәрүр. Түрли иллетлерге қарсы гүресиўден уялып, тартынып отырыў бизге жараспайды. Исенимли болайық, сөзимиз ҳәм жумысымыз да кескир болсын! Егер бәршемиз бирлесип, қәўип-қәтер ҳәм машқалаларды жеңбесек, олар бизди жеңеди. Биз бирлеспесек, бузғыншы күшлер бизге қарсы бирлеседи. Буны ҳеш қашан умытпаўымыз керек.

Мәҳәлле ҳәм шаңарақларда социаллық-руўхый орталықты үйрениў ҳәм анықланған социаллық машқалалар жуўапкер шөлкемлер тәрепинен сапластырылыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды күшейтейик! Жасларымыздың «онлайн қумар», «тармақтағы урлық», алдаўшылық сыяқлы иллетлерге берилип, жаўызлық қурбанына айланыўына жол қоймайық!

Той-мерекелердеги дәбдебелик, ысырапгершиликке шек қояйық!

Егер шын кеўилден ҳәрекет етсек, мәҳәллениң күши жетпейтуғын жумыстың өзи жоқ. Мәҳәллемиздеги жәмийетлик структуралар, «Мәҳәлле қадағалаўы» ҳәм «Кекселер мәсләҳәти» топарларына, «Ақыллы ҳаял-қызлар» ҳәрекетине ең белсенди ҳәм жанкүйер белсендилерди тартып, оларды ийгиликли мақсет жолында жумсасақ, ҳәр қандай машқаланы, әлбетте шешемиз.

Қәдирли мәҳәлле белсендилери!

Бүгин төмендеги тийкарғы мәселелерге айрықша итибар бериўимиз зәрүр.

Бәринен бурын, «Баланың жаты болмайды!», «Бир балаға жети мәҳәлле ҳәм әке, ҳәм ана», «Мениң мәҳәллем, мениң көшем тыныш ҳәм таза, жынаятшылықтан жырақ мәҳәлле, көше!», «Мениң мәҳәллемде жынаят жүз бермеўи керек!», «Мен мәҳәллемге бийпәрўа емеспен!» сыяқлы ийгиликли сүрен ҳәм шақырықларды әмелий ҳәрекетке айландырыўымыз керек.

Екиншиден, мәҳәллелерде ҳеш ким меҳир ҳәм итибардан шетте қалмаўы зәрүр – жетим-жесирлер, майыплығы болған шахслар, бағыўшысын жойытқан шаңарақлар, жеке-жалғыз кекселерди қоллап-қуўатлаў жумысымыздың әҳмийетли бағдары болыўы шәрт.

Үшиншиден, үйме-үй жүриў, ҳәр бир шаңарақтың турмыс тәризинен хабардар болыў, шаңарақлардың абаданлығын арттырыў, халық, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў, халықта қыйтақ жер мәдениятын раўажландырыўға итибарды күшейтиўимиз керек.

Төртиншиден, тыныш емес, ажырасыў жағдайында турған шаңарақлар, жынаят ислеўге бейим ямаса ағзалары өз жанына қастыянлық еткен, узақ мүддетке сырт елге жумыс ислеў ушын кетип атырған, жазаны орынлаў мәкемелериндеги пуқаралардың шаңарақлары менен турақлы ислессек, жақсы нәтийжеге ерисемиз.

Бесиншиден, шаңарақ ҳәм мәҳәллерде социаллық-руўхый орталықты жақсылаў, той-мерекелерди дәбдебеден жырақ, ықшам ҳәм аз шығын менен өткериўге көпти көрген нураныйларымызды кеңнен тартып, олардың бай турмыслық тәжирийбесинен нәтийжели пайдаланыўымыз зәрүр.

Алтыншыдан, мәҳәлледе жәмийетлик қадағалаўдың тәсиршеңлигин арттырыўымыз зәрүр. Нызам ҳүжжетлери, аймақларды комплексли раўажландырыў бағдарламалары, пуқаралар жыйынларының қарарлары орынланыўын қадағалаў, кәрхана ҳәм шөлкемлер басшыларының есабатларын тыңлаў сыяқлы бағдарлар бойынша системалы жәмийетлик қадағалаўды нәтийжели шөлкемлестириўимиз керек.

Бир сөз бенен айтқанда, Президентимиздиң «Қайсы мәҳәлледе жумыс дурыс шөлкемлестирилип, пуқаралар менен тығыз бирге ислесиў орнатылса, сол жерде аўызбиршилик, мийрим-шәпәәт орталығы ҳүким сүреди, қолайсыз жағдайларға жол қойылмайды», деген сөзлери жумысымызда баслы бағдарлама болыўы керек.

Әзиз кәсиплеслер!

Мине усы ўазыйпаларды әмелге асырыў биз ушын тек ғана миннетлеме емес, ал муқаддес ўазыйпамыз екенин ҳеш қашан умытпайық.

Жаңа Өзбекстанды қурыў, мәмлекетимизди раўажландырыў, халқымыздың абаданлығын арттырыў, адамларымызды турмыстан разы етиў жолында ҳүрметли Президентимизге сүйениш болайық!

Усы жолда «Мениң мәҳәллем – мениң келешегим – мениң тәғдирим», деген принцип турмыслық сүренимизге айлансын!

Бундай жуўапкершиликли ўазыйпаларды ҳүжданлы түрде ҳәм ҳадал орынлап, бәршемизге билдирилген жоқары исенимди ақлаў ушын бар күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз, деп исенемиз!

Данышпан бабаларымыз атқанындай, «Бул дүньяда адамларға жақсылық  бағышлап жасаў сыяқлы уллы ҳәм саўаплы ис жоқ». Мине, усы ҳикметке әмел етип жасасақ, жумысымызда әлбетте нәтийже болады, халқымыз ҳәм Президентимиздиң исенимин ақлаған боламыз.

Әне усындай уллы бахыт-ығбал бәршемизге яр болсын!