Қарақалпақ халқының уллы ойшылы, данышпан шайыры Бердақ Fарғабай улының 170 жыллық юбилейин жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде 1998-жыл 20-майда қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 220-санлы қарарына муўапық Нөкис қаласында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанынан Бердақ миллий музейи шөлкемлестирилип, музей 2002-жыл 1-мартта өз  жумысын  баслады.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 13-апрельдеги 206-санлы қарары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2021-жыл 15-апрельдеги тийисли қарарларына муўапық Бердақ миллий музейи Бердақ атындағы Қаракалпақ  әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи аты менен қайта шөлкемлестирилди.  

Музейдиң улыўма майданы 1,26 гектар,  үш қабаттан ибарат болып, үлкен бир гүмбезден ҳәм киши алты гүмбезге ийе. Музейдиң жойбарын сызған республикамызға белгили архитектор, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты О.Төрениязов.

– Музейлер халық турмысында оның тарийхы менен байланысатуғын орын. Музей бул халықтың ҳүжжетине қосылған өмир баяны. Онда сол халықтың халық болып қәлиплесиўи яки сол жердиң әийемги тарийхы менен бүгинине шекемги жолы баян етиледи. Пайтахтымызға өз саўлаты менен сән берип, салтанат қурып турған Бердақ атындағы Қаракалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи халқымыздың жазба мәдений-әдебий тарийхын танытатуғын музейлердиң бири,-дейди усы музейдиң директоры Ш.Пайзуллаева.

Бул жер ерте дәўирдеги қарақалпақ әдебиятынан баслап ҳәзирги дәўирге шекемги халқымыздың әдебий турмысы, әдебияты, тарийхы, оның дөретиўшилери ҳаққында сөз ететуғын экспонатлар менен байытылған.


Музей көргизбелериниң баслы мақсети усы музейге тән халқымыздың ерте дәўирлерден бүгинги күнге шекемги өмир жолын сәўлелендирген әдебий нусқалары, ерте дәўирдеги қарақалпақ әдебияты, халық аўыз-еки дөретпелери, қол жазба мийраслары, қарақалпақ классикалық әдебияты тулғалары, XX ҳәм XXI әсирлердеги қарақалпақ әдебиятының ўәкиллери ҳәм олардың дөретпелериндеги халқымыздың тарийхында терең из қалдырған тарийхый тулғалар ҳаққында, Өзбекстан Республикасының ғәрезсизлик жылларында, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасының ғәрезсизлик жылларында көркем әдебияттағы ерискен табыслары ҳаққында сөз етиўден ибарат.

Қарақалпақ әдебиятының раўажланыў дәўирин бес басқышқа бөлип қараймыз. Бул ерте дәўирдеги қарақалпақ әдебияты, аўыз-еки халық дөретпелери, XIX әсир қарақалпақ классикалық әдебияты, XIX әсирдиң ақыры XX әсирдиң басындағы әдебият, XX әсир ҳәм  XXI әсирдиң басындағы әдебият.

Музей фондының  тийкарғы дәреги  халқымыздың узақ әсирлер даўамында қәстерлеп сақлап келген араб, парсы, түркий ҳәм ески қарақалпақ тиллеринде жазылған ески қол жазбалар, тас баспа китаплар, медреселерде оқытылған китаплар, қарақалпақ классикалық әдебияты ўәкиллери ҳаққында мағлыўматлар ҳәм олар дөреткен шығармалардың үлгилери, Бердақ жасаған дәўирге тийисли  қарақалпақ халқының өтмиш дәреклери болған безениў, тутыныў буйымлары, кийим үлгилери, XIX-XX, XXI әсирлердеги  қарақалпақ әдебиятының басып өткен жолы, туўысқан халықлар менен байланысы, илимий мийнетлер, тарийхый тулғаларды сөз етиўши картина ҳәм портретлер болып табылады. Бүгинги күнде музейде 12000 нан аслам экспонатлар топланған. Бул экспонатлар республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан, аўыллардан ҳәм адамлардың жеке үйлеринде усы күнге шекем қәстерлеп сақлап келген затларын музейге әкелип тапсырыў арқалы жыйналған бийбаҳа байлық болып табылады. Булардың ишинде музей ушын қәдирли болған  бийбаҳа экспонатлар бар. Ҳәзирги ўақытта музейде «Қол жазбалар мийрасы» ҳәм «XIX әсир қарақалпақ әдебияты» бөлимлери жумыс алып барады.

Музей экспозицияларынан Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи тарийхы көргизбесиниң мақсети уллы шайыр ҳәм данышпан Бердақ ҳаққында ҳәм Бердақ атындағы  мәмлекетлик әдебият музейи ҳаққында кеңнен мағлыўмат берип, таныстырыў менен бирге, музейдиң салтанатлы ашылыў ўақты, музейдиң дәслепки дәўиринде болып өткен әмелий илажлардан көринислер беретуғын фото көргизбелер менен таныстырылады.

«Ерте дәўирдеги қарақалпақ әдебияты» экспозициясы қарақалпақ әдебиятының сағасы ерте дәўирлерден басланады. X–XI әсирде өмир сүрген Хожа Ахмет Яссаўий дөретпелери қарақалпақ халқының бийбаҳа руўхый мийрасы. Оның ҳикметлерин шайырлар яд билип, өзлериниң руўхый устазы тутынған. Ҳәким ата Сулайман Бақырғаний, Суўпы Аллаяр шығармалары қарақалпақлар арасында кеңнен тарқалған, қәтиплер көширип бири-бирине тарқатып отырған. Музейде усылардың мийраслары менен бирге, Ҳәким ата Сулайман Бақырғанийдиң «Ақыр заман» атлы китабының қол жазба нусқасы, Суўпы Аллаярдың бир неше қол жазбалары менен тас баспа китаплары сақланбақта.

Көргизбеде өз дәўиринде  халқымыздың руўхый санасын көркем сөз дөретпелери менен жетилистириўге ерискен, уллы сөз зергерлери орта әсирдеги түркий әдебият бостанының белгили тулғалары ҳаққында мағлыўматлар, олардың қосықларынан үлгилер қойылған.


«Халық аўыз-еки дөретпелери дүрданалары» экспозициясында жазба мәденият еле толық қәлиплеспеген бир дәўирде халық өзи дөреткен дөретпелерин аўыздан-аўызға өткерип бизиң дәўиримизге шекем алып келген. Бул бизиң дәўиримизде «фольклор», деп аталып, китап болып басылып шығарылып халқымызға жеткерилди. Халық аўыз-еки дөретпелерин жыйнаў өткен әсирдиң отызыншы жылларында басланған болса, 1970-жыллары фольклордың жигирма томлығы «Қарақалпақстан» баспасынан шығарылды. Fәрезсизликтиң шарапаты менен «Қарақалпақ фольклоры»ның көп томлығы жарық көрди. «Халық  аўыз-еки дөретпелери дүрданалары» экспозициясында өз алдына китап болып шыққан  қарақалпақ халық дәстанлары, ертеклери, нақыл-мақаллары, халық қосықлары қойылған.

«Қарақалпақ сазларының сағасы» көргизбеси халқымыздың миллий өзиншелигин көрсетиўши дәстанлар, терме толғаўлар, халық қосыклары тийкарынан шайырлар тәрепинен дөретилип, жыраўлар, бақсылар ҳәм  қыссаханлар тәрепинен атқарылып, тыңлаўшылардың руўхый дүньясын жетилистирип барды. Бул көргизбени қойыўдағы тийкарғы мақсет музейди көриўшилерди, әсиресе, жасларды миллий қадириятларымызды билип, оны үйрениўге, келешек әўладларға жеткериўге тәрбиялап барыў.

«Жазба мийрасымыз – қол жазбалар» көргизбеси ерте дәўир әдебияты нусқалары болған қол жазбалар залының баслы мақсети ата-бабаларымыздан бизге мийрас болып жетип келген ески араб тилиндеги қол жазба ҳәм тас баспа китаплар менен музей көриўшилерине таныстырыў, олардың мәнис-мазмунларын түсиндириў, соның менен бирге, бул муқаддес мийрасларды көздиң қарашығындай сақлап ҳәм халқымызға көрсетиў.

Ал, «Ғәрезсизлик» экспозициясы ҳәм «Мәнаўий қәдириятлар ҳәм миллий өзлигимизди тиклеў» атамасындағы көргизбесинде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының ғәрезсизлик жылларындағы жетискенликлери көрсетиледи. Fәрезсиз мәмлекетимиздиң үлкен жетискенликлери, раўажланыўлары,  мәмлекетлик нышанлар, ғәрезсиз Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанның байрағы, Өзбекстан Республикасы Конституциясы, Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң тийкарын салыўшы Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти И.Каримовтың шығармалары, Өзбекстан Республикасының Президенти Ш.М.Мирзиеёвтиң мийнетлери, Президент пәрманлары тийкарында үлкен атақларға ерискен халқымызыдың пидайы перзентлери ҳаққында сөз етиледи.

«Бердақ залы» экспозициясы – музейимиздиң Бердақ залы  «Дүнья маған ҳәўес етип қарасын» деп аталады. Онда Бердақ дәўирине тийисли тарийхый дәреклер, шайырдың жасаған жери ҳаққында картаның үлгиси, Бердақ жасаған дәўирдеги тутыныў, безениў буйымлары, кийим үлгилери, Бердақ бабамыздың әўладларында сақланып келген уллы бабамыздың өзи кийген шапаны, медреседе оқытылған китаплар, Бердақтың үрим-путақларының генеологиялық шежире кестеси ҳәм олар ҳаққында мағлыўматлар, художниклердиң Бердақ шығармалары тийкарында ислеген картиналары  қойылған.

Буннан басқа музейдеги Отаў Бердақ дәўиринен бизге мийрас болып қалған ең баҳалы ҳәм қурамалы мийраслардың бири болып табылады. Қарақалпақ ақ отаўы, оның безелиўи инсан ақыл-ойы ҳәм имканиятларының жемиси, соның менен бирге, ҳаял-қызлардың шеберлигиниң дәлийли болып табылады.

Сондай-ақ, музейде «Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлығы лауреатлары»ның көргизбеси де бар. 1967-жылы әдебият, мәденият, көркем өнер, илим-техника ҳәм архитектура тараўлары бойынша Бердақ атындағы Мәмлекетлик сыйлық шөлкемлестирилип, әдебият тараўы бойынша биринши сыйлық Аббаз Дабыловтың «Баҳадыр»  дәстаны ушын берилди.

Қарақалпақ қаҳарманлық дәстанлары «Қырық қыз»ды рус тилине аўдарған А.Тарьковский, «Шәрьяр»ды рус тилине аўдарған С.П.Северцев, «Мәспатша» дәстанын өзбек тилине аўдарған жазыўшы Мухаммед Али Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары болды. Архитектор Орынбай Төрениязов Бердақ миллий музейиниң жобасын ислегени ушын Бердақ атындағы сыйлықтың лауреаты болды.

Усы күнге шекем Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлығы лауреатларының саны 100 ге жетти.

«XIX әсир қарақалпақ классикалық әдебияты» экспозициясы. Бул көргизбемиздиң тийкарғы мақсети – XVIII-XIX әсирлерде өмир сүрген қарақалпақ классикалық әдебиятының ири тулғалары болған Жийен жыраў, Күнхожа, Бердақ, Әжинияз, Өтеш  шайырлар  ҳаққында мағлыўматлар бериў, олардың өмир жолы менен таныстырыў. Сонлықтан да, бул көргизбеде шайырлардың шығармалары менен бирге, олар ҳаққында жазылған пикирлер, бийбаҳа қол жазба китаплар, портретлер, сүўретлер ҳәм қарақалпақ классикалық әдебиятын изертлеген илимпазлардың мийнетлери, сүўретлери, өткерилген конференция материаллары  орын алады.

XIX әсирдиң ақыры ҳәм XX әсир қарақалпақ әдебиятының гүлленген, кең раўажланған дәўири болды. Бул дәўирде Сарыбай, Гүлмурат, Омар, Қулмурат, Қазақбай, Қудайберген, Аяпберген, Қазы Мәўлик, С.Мәжитовлардың  шығармалары «Альманах»ларда, «Халық шайырлары» деген атама менен топламларда  басылып шығарылды.

Музей экспозициясында өз дәўириниң уллы жыршылары болған бул шайырлардың сүўретлери, қол жазбалары, олар ҳаққындағы мағлыўматлар, шығармалары тийкарында исленген художниклердиң картиналары, баспасөз материаллары менен бирге, XIX әсирдиң ақыры XX әсир басындағы әдебиятты изертлеўши илимпазлардың мийнетлери ҳәм олар ҳаққындағы мағлыўматлар қойылады.

XX әсир ҳәм XXI әсир қарақалпақ әдебияты ўәкиллериниң шығармалары өз алдына китап болып шығарылыў имканиятына ийе болыўы менен бирге, дөретпелери қоңсылас халықлар арасына тарқалып, кең ен жайған дәўир  болды.

И.Фазылов, Қ.Әўезов, Ә.Өтепов, Н.Дәўқараев, А.Дабылов, С.Нурымбетов, А.Бегимов, К.Султанов, Ж.Аймурзаев, Х.Сейтов, Т.Жумамуратов, Б.Қайыпназаров, Т.Қайыпбергенов, И.Юсуповлардың дөретпелери өз алдына китап болып бир неше мың нусқаларда басылып шықты.

Мәмлекетимиз тәрепинен дөретиўши тулғалардың мийнетлери баҳаланып Қарақалпақстан халық шайыры, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, деген ҳүрметли атаклары бериле баслады.

XX әсир қарақалпақ әдебияты бөлимине сол дәўирди изертлеўши илимпазлардың мийнетлери ҳәм олар ҳаққындағы мағлыўматлар қойылған. Соның ушын да, көргизбеде проза ҳам поэзияда қәлем тербеткен уллы  жазыўшы-шайырларымыздың ғарезсизлик жылларында «Өзбекстан халық шайыры», «Өзбекстан халық жазыўшысы», «Өзбекстан қаҳарманы» деген уллы атақларға, «Эл-юрт ҳурмати», «Дўстлик» орденлери, «Шуҳрат» медалы сыяқлы жоқары сыйлықларға ийе болғанлыгы ҳаққында сөз етилген. Сондай-ақ, усы қәлем ийелериниң дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўматлар, олардың шығармалары, сүўретлери, жеке өзлериниң қол жазбалары ҳәм буйымлары қойылған.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги