Студент пикир билдиреди

Мағлыўматларға қарағанда дүньяда сатылатуғын китаплардың ярымын 45 жастан асқан адамлар алады екен. Ал, жасларше…?!.

Ҳәммемизге белгили ҳәзирги ўақытта интернет раўажланған заманда жасларымыз арасында китап оқыўға деген қызығыўшылық төменлеп кеткени рас. Мен көпшилик адамларға сизиң ең соңғы оқыған китабыңыз қайсы?,-деп сораған ўақытлары айырымлары жуўап бериўден бас тартып кетип қалады. Көпшилиги жуўап бере алмайды. Ал, биразлары болса, «Ҳәзир ким китап оқыйды, ҳәммеси интернетке байланып қалған» деп жуўап береди.

Мениң көпке топырақ шашқым келмейди. Бирақта сөздиң шынын айтар болсам, интернет бизлерге керекли мағлыўматларды таўып бериўи мүмкин, лекин, ол ҳеш қашан китаптан алатуғын руўхый азықты бере алмайды. Китап оқыған инсанлардың өмирге деген көзқарасы, пикирлеўи басқаша кең болады.

Өзим таныйтуғын ата-аналарға бир қанша әжайып китаплардың атамаларын айтып перзентлерине алып бериўди усыныс еткенимде, «оларға телефон болса болды, китап оқымайды» деп жуўап берген гезинде өзимди бир түрли қолайсыз аўҳалда сезинип кеттим. Мен көбирек китап оқымайтуғын жаслардан көре, китап оқымайтуғын мине усындай ата-аналардан қорқаман.

Жазыўшы Төлепберген Қайыпбергенов китап туўралы «иши даналыққа толы сандық барма десе, бар деңиз. Ондай сандық- КИТАП. «Китап оқымасаң- жасамағаның!»  деген гәпке инаныңыз!».

Ал, сиз ең соңғы мәрте қандай китап оқыдыңыз?!

Б.Тохпанов,

Бердақ атындағы ҚМУ сыртқы бөлими журналистика тәлим бағдарының 2-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги