Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Тақыятас районындағы шаңарақлық балалар үйлеринде болып, оларда тәрбияланып атырған балалардыӊ ҳал-жағдайынан хабар алды.

Кеңпейиллик, балажанлық, меҳир-мүриўбетлилик халқымызға тән болған жоқары пазыйлетлерден саналады. Әсиресе, балаларды миллий қәдириятларымыз тийкарында билимли, ҳәр тәреплеме жетик инсан етип тәрбиялаўға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылып келинбекте.

Ҳәзирги ўақытта Тақыятас районындағы 1-санлы шаңарақлық балалар үйинде 6, 2-санлы шаңарақлық балалар үйинде 9 бала тәрбияланып атыр. Жаңа жыл байрамы алдынан Жоқарғы Кеңес Баслығы балаларды қутлықлап, оларға Президентимиздиң саўғаларын тапсырды.



Буннан кеўиллери толған балалардың атқарыўында йошлы қосықлар менен аяқ ойынлар мийманлардыӊ нәзерине усынылды. Оларға көрсетилип атырған айрықша итибар ҳам ғамқорлық ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирилди.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги