Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-декабрь күни Санкт-Петербург қаласында ҒМДАға ағза мәмлекетлер басшыларының рәсмий емес ушырасыўында қатнасты.

Илажда Россия Президенти Владимир Путин, Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев, Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов ҳәм Армения Бас министри Никол Пашинян қатнасты.

Ушырасыўда 2023-жылы көп тәреплеме бирге ислесиўдиң тийкарғы жуўмақлары шығарылды ҳәм келеси жылға мөлшерленген тийкарғы ўазыйпалар көрип шығылды. ҒМДА шеңберинде көп тәреплемели қатнасықларды раўажландырыў перспективалары бойынша пикир алысты, регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер додаланды.

Кейинги жыллары мәмлекетимиз Дослық Аўқамына белсене қатнаспақта.

Өзбекстан 20 дан аслам тармақ бойынша бирге ислесиў уйымларына ҳәм тийкарғы тараў ҳәм тармақлар бойынша 24 әҳмийетли келисимге қосылды.

ҒМДА мәмлекетлери компаниялары менен санаат кооперациясы бойынша жойбарлар портфели 30 миллиард доллардан артты ҳәм дерлик барлық тармақларды қамтып алған.

Мәмлекетимиз басшысы ҒМДА шеңбериндеги әмелий бирге ислесиўди түп-тийкарынан кеңейтиў ҳәм бирге ислесиўдиң әмелдеги институционаллық механизмлериниң нәтийжелилигин арттырыў зәрүр екенин айрықша атап өтти.

Сол күни Санкт-Петербург қаласындағы ҒМДА рәсмий емес саммити шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң ушырасыўы болып өтти.

Усы жылдың 5-7-октябрь күнлери Россияға әмелге асырылған жоқары дәрежедеги сапар жуўмағында ерисилген келисимлерди жүзеге шығарыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Товар алмасыўдың өсиў пәтин сақлап қалыў ҳәм перспективалы кооперация жойбарларын алға қойыў мақсетинде тығыз уйымлараралық муўапықласыў ҳәм әмелий бирге ислесиўди, соның ишинде, еки мәмлекет аймақлары дәрежесинде тәмийинлеў әҳмийетли екени атап өтилди.

Регионаллық күн тәртиби бойынша да пикир алысылды.

ҒМДА рәсмий емес саммитиниң мәдений илажлар бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Санкт-Петербург қаласының сарай-паркиниң комплекслери менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы Россия, Әзербайжан, Армения, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан жетекшилери менен биргеликте «Павловск», «Царское село» ҳәм «Петергорф» музей-қорықханаларына барды.

XVIII-XIX-әсирлерде қурылған бул тарийхый орынлар ЮНЕСКО Пүткил дүнья жүзилик мийрасының дизимине киргизилген, архитектуралық ҳәм бағшылық көркем өнери дүрданалары сыпатында тән алынған.

Танысыў ўақтында мәмлекет басшыларына сарайлар тарийхы, олардың ишки безеўи ҳәм көркем өнер топламлары ҳаққында толық айтып берилди. Жоқары мәртебели мийманлардың итибарына музыка ҳәм халық аўыз-еки дөретиўшилик топарларының шығыўлары усынылды.









Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң әмелий сапары жуўмақланды.



ӨзА