Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев әмелий сапар менен Санкт-Петербург қаласына келди.
«Пулково» халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Ленинград ўәлаяты ҳәм Санкт-Петербург басшысы күтип алды.
Мәмлекетимиз жетекшиси Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер басшыларының рәсмий емес ушырасыўында қатнасады.
Болажақ илаж шеңберинде Дослық Аўқамы мәмлекетлери жетекшилериниң жылдың тийкарғы жуўмақларын шығарып ҳәм ҒМДА мәканында көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелерин көрип шығады.
ӨзА