Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-декабрь күни Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер басшыларының рәсмий емес саммитинде қатнасыў ушын әмелий сапар менен Санкт-Петербург қаласына жөнеп кетти.

Болажақ илажлар шеңберинде Дослық Аўқамы мәмлекетлериниң жетекшилери жылдың тийкарғы жуўмақларын шығарып ҳәм ҒМДА мәканында көп тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелерин көрип шығады.


ӨзА