Президент Шавкат Мирзиёев 25-декабрь күни аймақларда электротехника, химия ҳәм фармацевтика тармақларын раўажландырыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Санааттағы структуралық өзгерислер ҳәм шараятлар нәтийжесинде кейинги бес жылда бул үш тармақта өндирис 2,6 есеге артқан, олардың санааттағы үлеси 7 процентке жеткен. Сондай-ақ, 231 түрдеги жаңа өнимлер өзлестирилип, экспорт 1,6 миллиард долларды қураған.
Усы жылдың өзинде электротехника 163 миллион доллар муғдарында 39, химия санаатында 70 миллион доллар муғдарында 17 ҳәм фармацевтикада 87 миллион доллар муғдарында 57 кәрхана иске қосылды.
Соның менен бирге, бул тармақларда пайдаланылмаған имканиятлар еле көп. Ишки базарды жергиликли өнимлер менен толықтырыў электротехникада 50 процентке, химия санаатында 40 процентке, фармацевтикада 18 процентке де жетпейди.
Аймақларда дүзилген зоналардан ҳәм санаат кооперациясы имканиятларынан жетерли дәрежеде пайдаланылмай атыр. 116 кәрханаға алып келинген 85 миллион доллар муғдарында санаат үскенеси иске қосылмай тур. 727 кәрхана толық қуўатлылықта ислемей атыр.
Мәжилисте бундай кемшиликлер сын көзқарастан талланып, әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди.
– Ҳәкимликлер санаат тармақлары менен үзликсиз байланыста ислеп, аймақларда экономиканы диверсификациялаўы, жойбарларды көбейтиўи зәрүр. Сонда ғана орынларда экономикалық өсиў, жумыс орны, бюджетке түсим болады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Келеси жылы бул 3 тармақта 12 миллиард 700 миллион доллар муғдарында 24 ири жойбар басланатуғыны атап өтилди. «Наўайыазот»та поливинилхлорид ҳәм Қоңыратта кальцийленген сода қуўатлылықларын кеңейтиў, Қаракөлде метанолдан олефин алыў, Самарқандта турмыслық техника ҳәм автомобильлер ушын металл листлер ислеп шығарыў жойбарлары усылардың қатарына киреди.
Мәмлекетимиз басшысы бул жойбарларға керек болатуғын қурылыс материаллары ҳәм әсбап-үскенелерди жеткерип бериўге жергиликли кәрханаларды тартыў мүмкин екенин атап өтти.
Сондай-ақ, тармақ ҳәм аймақлар биргеликте ислеп, электротехникада 2,1 миллиард доллар муғдарында 190, химия санаатында 3,8 миллиард доллар муғдарында 139, фармацевтикада 1,5 миллиард доллар муғдарында 110 орта ҳәм киши жойбарларды қәлиплестирген. Мәжилисте Президент олардың қуўатлылығы, жаратылатуғын өнимлердиң түри ҳәм жумыс орнына итибар қаратып, жойбарларды жеделлестириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша көрсетпелер берди.
Жуўапкерлер жойбарлардың орынланыўы, аймақлар ҳәм тармақлардың өз-ара байланысқан жумыс системасы бойынша мәлимлеме берди.
ӨзА