Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы

Мәмлекетимизде илим тараўын раўажландырыў, халқымыздың интеллектуаллық потенциалын арттырыў, илим-техниканың раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў бағдарындағы көп жыллық жемисли мийнети, абырайлы сырт ел мәкемелери менен өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, бай руўхый мийрасымызды халықаралық көлемде үгит-нәсиятлаў, алдынғы инновациялық жойбарларды әмелге асырыўға қосқан үлкен үлеси, жоқары билимли ҳәм маман илимий хызметкерлерди таярлаў, жасларымызды уллы ойшылларымызға мүнәсип әўлад етип тәрбиялаў, Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў жолындағы ибратлы жумысы ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасы ушын төмендегилер ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

 «Шуҳрат» медалы менен

Айымбетов Иззет Қәллиевич – Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ тәбийғый пәнлер илимий-изертлеў институты лабораториясының баслығы

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев