Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында 22-декабрь күни Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық  кеӊесиниӊ кеӊейтилген мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте мәнаўият ҳәм мәденият белсендилери, әдебият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, сондай-ақ, Олий Мажлис палаталары, Министлер Кабинети ўәкиллери, министрлер ҳәм ҳәкимлер қатнасты.

Бизге белгили, республикамызда усы Кеӊестиӊ баслығы Президент, аймақларда болса биринши басшылар есапланады. Себеби, илим, билимлендириў ҳәм тәрбия, мәнаўият әҳмийетли мәселе болып табылады.

Мәмлекетимиз басшысы буныӊ ушын бәринен бурын беккем экономикалық тийкарлар керек екенлигин атап өтип, бул бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды көрсетип өтти. Бул экономикалық тийкар нәтийжесинде быйыл социаллық тараў еӊ көп – 134 триллион сум қаржы ажыратылды. Бул – 2016-жылға салыстырғанда 5,6 есеге артық дегени.

Пүткил дүнья көлеминде раўажланыў пәтлери күшейгени, оғада қәўетерли процеслердиӊ тәсири мәмлекетимизде де сезилип атырғаны атап өтилди.

– Тарийхтан белгили: Ўатан ҳәм халық тәғдирине қәўиплер күшейген жағдайда әйне миллет пидайылары – қәлби ояў зыялылар, шайыр ҳәм жазыўшылар, көркем өнер ўәкиллери, мәнаўият ҳәм ағартыўшылық тараўы хызметкерлери мәртлик пенен ортаға шыққан. Мәмлекетимиз өз раўажланыўыныӊ жаӊа, жоқары басқышына кирип атырған ҳәзирги ўақытта бизге жадид бабаларымыз сыяқлы Батыс илиминиӊ жетискенликлери менен бирге, миллий қәдирятлар руўхында тәрбияланған жетик кадрлар суў менен ҳаўадай зәрүр, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.

Ағартыўшы бабаларымыздыӊ идеяларын үйрениў ҳәм раўажландырыў бойынша Президент қарары қабыл етилиўи белгиленди. Сондай-ақ, Бухарадағы тарийхый орында Жадидлер мийрасы мәмлекетлик музейи ашылады, “Жадид” атындағы жаӊа газета шөлкемлестириледи.

Соӊғы жыллары мәнаўий-ағартыўшылық тараўларында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Мәнаўият ҳәм дөретиўшиликти қоллап-қуўатлаў мақсетли қоры ҳәм Социаллық-мәнаўий изертеўлер институты шөлкемлестирилди. Республика Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық орайы системасындағы хызметкерлер саны еки есеге арттырылды, оларды қаржылық хошаметлеў илажлары көрилди.

“Мәдений жумыс ҳәм мәденият шөлкемлери ҳаққында”ғы нызам қабыл етилгени тараўдыӊ раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе болды. Миллий үрп-әдетлеримизди қәстерлеп сақлаў ҳәм байытыў мақсетинде Мақам, Бақсышылық ҳәм Аския көркем өнери орайлары шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, “Баҳор” аяқ ойын ансамбли, Мәмлекетлик филармония, Мәмлекетлик симфоникалық оркестри сыяқлы 20 дан аслам шөлкемлердиӊ жумысы жолға қойылды. 11 жаӊа музей, 2 театр, 28 балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, 5 жоқары билимлендириў шөлкеми шөлкемлестирилди.

Улыўма, мәденият ҳәм көркем өнер тараўын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў көлеми 2017-жылға салыстырғанда 5 есеге артып, 2023-жылы усы мақсетлер ушын 712 миллиард сумнан артық қаржы бағдарланды.

“Мақам”, “Бақсышылық”, Өнерментшилик, “Ләзги” сыяқлы халықаралық фестивальлар дәстүрге айланды. 24 сырт елде, атап айтқанда, қоӊсы мәмлекетлерде “Өзбекстан мәденият күнлери” жоқары дәрежеде өткерилди.

ЮНЕСКОныӊ Инсаният материаллық емес мәдений мийрасы дизимине және 9 миллий мийрасымыздыӊ үлгиси, “Дөретиўши қалалар тармағы”на киргизилди. Усы жыл сентябрьде ЮНЕСКО Бас резиденциясында уллы бабамыз Әбиў Райхан Берунийдиӊ туўылған күни кеӊ түрде белгиленди.

Кино көркем өнеринде де жаӊа шығармалар пайда болмақта. Уллы саркарда ҳәм уллы ойышыллар ҳаққында тарийхый фильмлер жаратылды. Шама менен шерек әсирден кейин Ташкент халықаралық кинофестивалы қайта тикленди.

Пайтахтымызда Жазыўшылар қыябаны, Жазыўшылар аўқамыныӊ саўлатлы имараты, аймақларда жаӊа дөретиўшилик үйлери қурылды. Нәтийжели дөретиўшилик алып барып атырған жазыўшылар турақ жайлар менен тәмийинленди. Белгили дөретиўшилеримиздиӊ туўылған сәнелери белгиленди. Жас талантлыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде Замин семинары қайта тикленди.

Биринши мәрте баспадан шығарылған 100 томлық “Түркий әдебият дүрданалары”, 30 томнан ибарат “Ғәрезсизлик дәўири наўайытаныўшылығы”, “Қарақалпақ әдебияты дүрданалары ”, “Мәрт әскерге саўға” сыяқлы әдебий томлар мәнаўий турмысымызда әҳмийетли ўақыя болды.

Мәжилисте бул тараўлар алдындағы әҳмийетли ўазыйпалар додаланды. Мәмлекетимиз басшысы 9 бағдарда өз пикирлерин билдирип, әҳмийетли басламаларды алға қойды.

Бәринен бурын, мәнаўият ҳәм мәденият тараўы ушын методикалық тийкар болып хызмет ететуғын миллий идеямызды раўажландырыў бойынша айрықша бағдарламалық ҳүжжет ислеп шығыў керек екенлиги атап өтилди.

Айырым топарлар арасында диний көз қарасларды Конституция ҳәм нызамларымызға қарсы қойыў, дүньялық қәдирятларды ҳарам деп билиў жағдайлары өкиниш пенен атап өтилди. Президент усы жерде Ибрат устаздыӊ “Улама ғайрат еткенде миллет, әлбетте, раўажланады”, деген ҳикметли сөзлерин еске алды. Зиялылар, нуранийлар, ҳаж ҳәм умраға барып келген жерлеслеримиз мәнаўият үгит-нәсиятшысы болыўы, адамларды жақсылыққа баслаўы керек екенлиги айтылды.

Билимлендириў системасына қаратылып итибар избе-из даўам еттириледи. Бул бойынша да теӊликтиӊ тәминийнлениўи, атап айтқанда, қыз балалардыӊ оқыўы ҳәм кәсип-өнер ийелеўи жәмийеттиӊ раўажланыўында әҳмийетли екени айрықша атап өтилди.

Екиншиден, мәденият-ағартыўшылық тараўындағы жумысларда ҳәкимлердиӊ жуўапкершилиги арттырылады. Район ҳәм қалаларда Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық орынлары иске түсириледи.

– Бүгин мәнаўият басқа тараўлардан он адым алдында жүриўи, мәнаўият жаӊа күшке, жаӊа ҳәрекетке айланыўы керек, – деди Президент.

Усы мақсетте, Сурхандәрья ўәлаятында билдирилген усыныс тийкарында аймақлардағы 4 секторға қосымша түрде мәнаўият секторыныӊ шөлкемлестиретуғыны мәлим етилди. Олар орынлардағы Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық кеӊеслериниӊ жумысшы системасы сыпатында жумыс алып барады.

Үшиншиден, театр көркем өнерин раўажландырыў бойынша бағдарлама ислеп шығылады. Онда еӊ жақсы пьесалар ушын дөретиўшилик буйыртпа бериў, дөретиўши ҳәм жәрдемши хызметкерлердиӊ сырт ел театрларында маманлық арттырыўы, жас режиссёрларды қоллап-қуўатлаў ушын Маннон Уйғур атындағы сыйлықты шөлкемлестириў сыяқлылар нәзерде тутылады.

Кәрхана ҳәм шөлкемлерде айдыӊ бир күни “Театр күни” деп белгиленип, хызметкерлердиӊ театрларға барыўы жолға қойылады.

Төртиншиден, халықтыӊ бос ўақтын мазмунлы өткериўде 837 мәденият орайларыныӊ жумысы оғада әҳмийетли. Оларда 4 мыӊға шамалас дөгерек жумыс алып бармақта, 120 мыӊнан аслам жаслар шуғылланбақта.

Бирақ, айырым орайлар өз имаратына ийе емес, жәми 8 мыӊ музыка үскенесине мүтәжлик бар. Бул бойынша ҳәкимлерге көрсетпелер берилди.

Сондай-ақ, келеси жылдан ҳәр бир районда сахналы зал, китапхана, кинозал ҳәм дөгерек ханалары болған биреўден мәденият орайыныӊ жумысы жолға қойылады. Орынлардағы 600ден аслам көркем ҳәўескерлик топарларыныӊ финанслық-техникалық базасын жақсылаў бойынша бағдарлама қабыл етилип, оған 100 миллиард  сум қаратылады.

Бесиншиден, мақам ҳәм бақсышылық көркем өнерин илимий тийкарда үйрениў ҳәм раўажландырыў күшейтиледи.

Ҳәзирге шекем 120 мақам, бақсышылық дәстанлары, халық нама ҳәм қосықлары “алтын фонд”қа жазып алынды. Күни кеше Өзбекстан Президентиниӊ материаллық емес мәдений мийрасты қорғаў, илимий үйрениў ҳәм ен жайдырыўға байланыслы қарарына қол қойылды. Онда, атап айтқанда, Мәденияттаныў ҳәм материаллық емес мәдений мийрас институтын шөлкемлестириў, әййемги музыкалық дөретпелерди изертеў, мәмлекетимиз фондларында сақланып атырған 3 мыӊнан аслам дәстан, мақам ҳәм фольклор дөретпелерини заманагөй форматқа өткериў нәзерде тутылған.

Және бир әҳмийетли жаӊалық – мақам, үлкен қосық, бақсышылық, атлас ҳәм адрас, гүләлшылық ҳәм зергерлик сыяқлы дәстүрлерди даўам ететуғын мектеплер жаратылады.

Алтыншыдан, музыка ҳәм аяқ ойын көркем өнери қоллап-қуўатланады. Атап айтқанда, “Баҳор” аяқ ойын ансамбли алдын Филармония жайласқан белгили көркем өнер сарайында жумыс алып барады. Белгили қосық ҳәм аяқ ойын ансамбьллериниӊ сырт елге гастроль сапарлары көбейтиледи. Музыка ҳәм аяқ ойын көркем өнери мәселелерин илимий үйрениў, тараўда илимий кадрларды көбейтиў мақсетинде илимий изертеўлер ушын грантлар енгизиледи.

Сондай-ақ, Ташкент мәмлекетлик циркиниӊ имараты оӊлаўдан шығарылады.

Жетиншиден, халықаралық майданда өзбек мәдений дипломатиясы кеӊейтиледи. Келеси жылы Ташкентте креатив экономикаға арналған конференция, Нөкисте болса “Арал мәденияты” халықаралық илимий әнжуманы өткериледи.

Музейлердиӊ жумысын жетилистириў бойынша жети жыллық бағдарлама қабыл етиледи. Тарийх музейи ҳәм Көркем өнер музейиниӊ жаӊа имаратлары қурылады. Темурийлер тарийхы ҳәм Тәбият музейлериниӊ экспозициясы жаӊаланады. Әлийшер Наўайы атындағы Әдебият музейи капитал оӊланады.

Буннан тысқары, музейлеримизде, атап айтқанда, Ислам цивилизациясы орайында Биринши ҳәм Екинши Ренессанс, мәмлекетшилик тарийхы ҳәм уллы ойшыллардыӊ жумысы бойынша жаӊа эксозициялар шөлкемлестириледи.

Франция менен бирге ислесиўде Миллий реставрация орайыныӊ жумысы жолға қойылады. Муқаддес китап – Усман Қураны бетлери консервация ҳәм реставрацияланады.

Журтымыздыӊ ески тарийхына бағышланған 18 археологиялық естелик ашық аспан астындағы музейге айландырылады. Самарқандта Саҳыпқыран Әмир Темур бағлары қайта тикленеди, “Уллы жипек жолы” музейи қурылып, Бибиханым комплекси реставрацияланады.

Сегизиншиден, кино тараўы раўажландырылады. Бул бойынша “Тири тарийх” сериясында Ўатанымыздыӊ даӊқлы өтмишине бағышланған фильмлер жаратыў бағдарламасы ислеп шығылады. Буған сырт елли дөретиўшилер, кинокомпаниялар ҳәм инвесторлар да тартылады. Сондай-ақ, балалар ушын уллы ата-бабалар ибратлы өмир жолы ҳаққында көп бөлимли анимациялық фильмлер жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Киноны экономика менен үнлес раўажландырыў мақсетинде Бухара, Самарқанд ҳәм Ташкент ўәлаятларында “еркин экономикалық киноаймақлар” қурыў ўазыйпасы қойылды.

Миллий сериаллар бойынша әмелдеги системаны түпкиликли реформалаў, оларды идеялық-көркемлик ҳәм техникалық жақтан тартымлы дәрежеге жеткериў зәрүрлиги атап өтилди. Буныӊ ушын  IT-Park сыяқлы еркин экономикалық зона – “Cinema Park” шөлкемлестириў басламасы алға қойылды.

Тоғызыншыдан, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер тараўын раўажландырыў бойынша бағдарлама қабыл етиледи. Атап айтқанда, Орайлық көргизбелер залы реконструкцияланып, үскенеленеди. Көркем өнер фонды аймағында заманагөй галерея имараты қурылады ҳәм 40 дөретиўшилик устаханадан ибарат Жас сүўретшилер орайы шөлкемлестириледи. Каллиграфия ҳәм миниатюра көркем өнери билимлендириўин әмелият пенен байланыстырыў мақсетинде миллий усылда қағаз таярлаў устаханасы шөлкемлестириледи.

Тараўда билимлендириўдиӊ сапасын жақсылаў, музыка ҳәм көркем өнер мектеплери муғаллимлериниӊ айлық мийнет ҳақысын арттырыў, усы мектеплердиӊ коммуналлық қәрежетлерин бюджеттен қаплаў бойынша усыныслар билдирилди.

Мәмлекетимиз басшысы өзбек тилин оқытыўдыӊ нәтийжесин арттырыў мәселесине де айрықша итибар қаратты. Миллий сертификатқа ийе болған өзбек тили ҳәм әдебияты пәни муғаллимлерине келеси оқыў жылынан баслап 50 процент үстеме төленетуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, басқа тиллерде билим алған жерлеслеримизди мәмлекетлик тилди үйрениўге хошаметлеў илажлары көриледи. Басқа тиллерге қәнигелескен мектеплерде мәмлекетлик тилди оқытыў саатлары көбейтиледи. Өзбек тили бойынша халықаралық пән олимпиадасы шөлкемлестириледи.

Жәмийетимизде китапқумарлық мәдениятын арттырыў қоллап-қуўатланады. Дөретиўшилик буйыртпалар, автор ҳәм аўдармашыларға қәлем ҳақы көбейтиледи. Баспа ҳәм полиграфия кәрханаларыныӊ қаржы имканиятларын кеӊейтиў мақсетинде 5 жылға салықлардан азат етиледи.

Президентимиз аўдарма көркем өнериниӊ әҳмийетине тоқтап, бундай мийнетти мүнәсип хошаметлеў ушын Огаҳий атындағы халықаралық сыйлықты шөлкемлестириў басламасын алға қойды.

Интернет әдебиятын раўажландырыў да әҳмийетли екени атап өтилип, усы мақсетте әдебият, кино, тарийх, фольклор үлгилерин қамтып алған “Өзбек мәденияты” порталын жаратыў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте шайыр ҳәм жазыўшылар, мәденият ҳәм көркем өнер ўәкиллери, тараў жуўапкерлери өз пикир-усынысларын билдирди.

ӨзА