Усы жыл 23-декабрь күни Қарақалпақстан көркем өнер сарайында “Алғыс-2023” мәденият ҳәм көркем өнер тараўындағы жылдың ең белсендилерин сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында мәденият ҳәм көркем өнерди қоллап-қуўатлаў, тараўды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға қаратылған итибар ҳәм көрсетилип атырған ғамхорлықлар ҳаққында атап өтти.

Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтермекте. Әсиресе, Қарақалпақстан бойынша өз алдына қабыл етилген қарарлар миллий мәдениятымыз бенен көркем өнеримизди буннан былай да раўажландырыўда әҳмийетли орын тутпақта. Усы жылдың 10-июль күни “Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында мәдениятты қоллап-қуўатлаў фондын шөлкемлестириў ҳаққында”ғы қарардың қабыл етилиўи де шын мәнисинде Президентимиздиң Қарақалпақстанға, оның мәденияты ҳәм көркем өнерине болған айрықша итибарының және бир айқын көриниси болды.

Мәресимде мәденият ҳәм көркем өнер тараўында пидайылық көрсетип киятырған тараў ўәкиллери, бир қатар нураный-устазлар ҳәм жаслар “Пидайы мийнетлери ушын”, “Миллий аяқ ойын өнерин раўажландырыўдағы мийнетлери ушын”, “Жылдың ең белсенди дөретиўшилер жәмәәти”, “Жасларды тәрбиялаўдағы белсендилиги ушын” ҳәм басқа да 26 номинация бойынша “Алғыс-2023” сыйлығы менен хошаметленип, оларға диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Сыйлықлаў мәресими көркем өнер шеберлериниӊ концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.