24-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев пенен телефон арқалы сәўбети болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан жетекшисин туўылған күни менен шын жүректен қутлықлап, жақын әзербайжан халқына абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Президент Илҳам Алиевтиӊ бүгинги Әзербайжанныӊ аймақлық пүтинлиги ҳәм күшли раўажланыўын тәмийинлеўдеги жеке үлеси ҳәм тарийхый орны айрықша атап өтилди.   

Мәмлекет басшылары Өзбекстан-Әзербайжан қатнасықларында жоқары дәрежеге – стратегиялық бирге ислесиўге ерисилгенин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Товар алмасыў көлеми 2023-жылы 30 процентке өсти, машина ислеп шығарыў, тоқымашылық, пиллешилик, аўыл хожалығы, нефть-газ комплекси, туризм ҳәм көплеген басқа да тармақларда перспективалы кооперация жойбарлары жедел таярланбақта ҳәм әмелге асырылмақта.  

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан жетекшилери Еки тәреплеме қатнасықларды жедел раўажландырыў бағдарында әмелий шерикликтиӊ 10 жаӊа бағдарын қәлиплестириўге келисип алды.

Сондай-ақ, 2024-жылға мөлшерленген илажлар режеси көрип шығылды. Өзбекстан Президенти Әзербайжан басшысына усы мәмлекетте болажақ Президент сайлаўы табыслы өтиўин тиледи.

 

ӨзА