Мәмлекетимиз басшысы басшылығында Республика Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық кеӊесиниӊ мәжилиси даўам етпекте.

Кейинги ўақытларда жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша жедел илажлар әмелге асырылмақта.

– “Өзин “көше” деп атайтуғын жынайый топарлар бола ма, коррупцияға берилген лаўазымлы шахслар бола ма, ким нызамға писент етпей қарап, мәмлекет ҳәм жәмийетке зыян жеткеретуғын болса, биз буған ҳеш қашан тыныш қарап тура алмаймыз.

Көшелеримиз, мәҳәллелеримиз, өмиримиз толық мәнисте тыныш ҳәм таза, жынаяттан аўлақ болыўы керек.

Жаӊа Өзбекстанда нызам үстинлиги, жынаятқа жаза анық болыўы шәрт. Ҳәм әлбетте усындай болады, – деди Президент.

ӨзА