Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Республикалық Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық кеңесиниң мәжилиси басланды.

– Елимизде бул кеңестиң баслығы Президент болып есапланады. Аймақларда болса биринши басшылар бул мәселе ушын жуўапкер етип белгиленген. Себеби илим, билимлендириў ҳәм тәрбия, мәнаўият биз ушын тийкарғы мәселе болып табылады, – деди мәмлекет басшысы.

Президент жыйналғанлардың итибарын усы жылы социаллық тараўға ең көп – 134 триллион сум қаржы ажыратылғаны, бул 2016-жылға салыстырғанда 5,6 еседен аслам екенине қаратты.

– Жаңа редакциядағы Конституциямызда белгиленген «Өзбекстан – социаллық мәмлекет» деген қағыйданың әмелий турмысымыздағы дәлийлин тек ғана мине усы мысалда да айқын көриў мүмкин. Бул жумыслар дәслепки қәдемлер болып, келешекте және де кеңейип барады, – деди Шавкат Мирзиёев.

ӨзА