Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-декабрь күни сапар менен мәмлекетимизде болып турған Қырғыз Республикасы сыртқы ислер министри Жээнбек Кулубаевты қабыллады.

Өзбекстан менен Қырғызстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, оларды анық мазмун менен байытыў мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў алдынан сыртқы ислер министри Жээнбек Кулубаев мәмлекетимиз басшысына Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан жетекшиси кейинги жылларда еки тәреплеме бирге ислесиў жоқары дәрежеге шыққаны ҳәм нәтийжели түрге енгенин, соның ишинде, парламентлер, ҳүкиметлер, аймақлар, жәмийетшилик ҳәм исбилерменлик топарлары дәрежесиндеги сөйлесиў ҳәм алмасыўлар бираз жеделлескенин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Ҳүкиметлераралық комиссия нәтийжели жумыс алып бармақта. Өзбекстан – Қырғызстан раўажланыў фонды иске қосылды. Товар алмасыў ҳәм жүк тасыў көлемлери артпақта, машина қурылысы, электротехника, тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тармақларда кооперация жойбары әмелге асырылмақта. Биргеликтеги мәдений-гуманитарлық илажлар турақлы түрде өткерип келинбекте.

Жедел сиясий сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм тийкарғы бағдарлама ҳәм жойбарларды, соның ишинде, «Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан» темир жол қурылысын жеделлестириў әҳмийетли екени айрықша атап өтилди.

ӨзА