Өзбекстан ҳәм Қатар мәмлекетлери арасында кейинги жылларда турақлылыққа ийе болып атырған жоқары дәрежедеги байланыслар еки тәреплеме қатнасықларды сапа ҳәм мазмуны жағынан жаӊа басқышқа алып шықты.

Атап айтқанда, Қатар Мәмлекети Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Сонийдиӊ усы жылдыӊ 5-6-июнь күнлери мәмлекетимизге ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ 1-2-октябрь күнлери Дохаға мәмлекетлик сапарлары еки мәмлекет арасындағы қатнасықларда жаӊа басқышты баслап берди.

2023-жыл 19-декабрь күни мәмлекетимизге әмелий сапар менен келген Қатар Мәмлекети Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Соний Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша сыйлық пенен сыйлықлаў мәресиминде қатнасыў менен бирге Президентимиз Шавкат Мирзиёев пенен халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты.

Бул Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоеваныӊ Қатар Мәмлекети Мәсләҳәт Кеӊеси Бас хаткери  Аҳмад Носир Ал-Фадала менен ушырасыўында айрықша атап өтилди.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Қатар бирге ислесиўиниӊ кеӊ бағдарлары, сондай-ақ, парламентлераралық байланысларды және де беккемлеў перспективалары көрип шығылды.

Еки мәмлекет арасында өз-ара саўда ҳәм инвестициялардыӊ көлеми артпақта. Ири биргеликтеги жойбарлар таярланып, әмелге асырылып атыр. Тәреплер солай болса да, экономикалық көрсеткишлер, атап айтқанда, өз-ара саўда айланысыныӊ көлеми мәмлекетлердиӊ имканиятларын толық сәўлелендирмей атырғанын, оны бир неше есеге арттырыў ушын потенциал ҳәм имканиятлар жетерли дәрежеде екенин атап өтти.

Бул бойынша еки мәмлекеттиӊ бирдей ис-ҳәрекетлерин бирлестириўде парламентлераралық байланысларды және де жеделлестириў ҳәм жаӊа басқышқа алып шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Буныӊ әмелий механизми ретинде өз-ара сапарлардыӊ турақлылығын тәмийинлеў, парламентлераралық бирге ислесиўге байланыслы тийисли ҳүжжет жойбарын тезирек ислеп шығып, тастыйықлаў усынысы алға қойылды.

Ушырасыў жуўмағында түрли халықаралық шөлкемлер ҳәм парламент структуралары шеӊберинде де өз-ара байланысты раўажландырыўға келисип алынды.

Н.АБДУРАИМОВА,

ӨзА