Ҳәзирги күнлери пүткил елимиз бойлап өткерилип атырған «Әҳмийетли 40 күнлик» шеңберинде пиротехникалық затлардың тарқалыўының алдын алыў ҳәм усы арқалы пуқаралардың, әсиресе, жас өспиримлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде орынларда профилактикалық илажлар өткерилмекте.
Нөкис районлық Ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен районлық «Дийқан базары» аймағында өткерилген усындай профилактикалық илажлар даўамында Нөкис районы кәсип-өнер мектебиниң оқыўшысы 1 қуты ишинде 55 дана пиротехникалық затларды өзиниң қасында алып жүргенлиги анықланды ҳәм бул жағдай тийисли тәртипте рәсмийлестирилип алып қойылды.
Соңынан оқыўшыға пиротехникалық затлардың инсан өмирине қәўипи ҳәм оның ақыбети бойынша түсиниклер берилип, ата-анасына Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 47-статьясы тийкарында шара көрилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги