Президент Шавкат Мирзиёев 20-декабрь күни Санлы технологиялар министрлигинде болды.
Санлы басқарыў орайында “Өзбекстан – 2030” стратегиясына муўапық әмелге асырылып атырған жумыслардыӊ презентациясы өткерилди. Бизге белгили, бул Стратегияда мәмлекетимизди регионаллық “IT-хаб”қа айландырыў мақсети белгиленген. Бул мәмлекетлик басқарыў ҳәм тараўды санластырыў, байланыс инфраструктурасын жақсылаў, IT билимлендириўди раўажландырыў сыяқлы көп факторларды талап етеди.
Кейинги жыллары усы бағдарларда үлкен өзгерислер болды. Мәлимлеме технологиялары субъектлери ушын жаратылған шараятлар ҳәм жеӊилликлер нәтийжесинде бундай кәрханалар ҳәм жумыс орынларыныӊ саны, хызметлер экспорты артып бармақта. Атап айтқанда, 2017-жылы мәмлекетимизде IT компанияларыныӊ саны 147 болған болса, ҳәзир 1 мыӊ 600 ге жеткен. Жумыс орынлары да қысқа ўақытта 10 есеге көбейип, 24 мыӊнан артқан. 2017-жылы 600 мыӊ АҚШ доллары болған экспорт көлеми усы жылдыӊ жуўмағы менен 300 миллион доллардан артыўы күтилмекте.
My.gov.uz бирден-бир портал арқалы бүгинги күнде 8 миллионнан аслам халық ҳәм исбилерменлер 570 түрдеги онлайн хызметлерден пайдаланбақта.
Орынлаў тәртибиниӊ бирден-бир системасы – ijro.gov.uz арқалы мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардыӊ төменги буўынлары тәрепинен 28 миллион ҳүжжет электронға алмастырылған.
Президентимиз бул система басшыларыныӊ санасын ҳәм жуўапкершилигин өзгерткенин атап өтип, ҳүжжетлер интеграциясы ҳәм сапасын жақсылаў, орынлаў тәртибин күшейтиў бойынша көрсетпелер берди.
2022-жылы БМШтыӊ Электрон ҳүкимет рейтингинде мәмлекетимиз 18 текше жоқарылап, 69-орынды ийеледи. 2030-жылға барып, усы рейтингте биринши отызлыққа кириў бойынша жыллық илажлар ислеп шығылған.
Сондай-ақ, “Өзбекстан – 2030” стратегиясында IT хызметлер ҳәм прогаммалық өнимлер экспортыныӊ көлемин 5 миллиард долларға жеткериў мақсети белгиленген. Буныӊ ушын аймақларда IT инсфраструктураны ҳәм венчур базарын раўажландырыў, “local to global” қағыйдасы арқалы жергиликли кәрханаларды экспортқа алып шығыў, мәмлекетимизде халықаралық компаниялардыӊ офислерин ашыў сыяқлы көплеген илажлар нәзерде тутылған. Усы мақсетте еки тәреплеме салыққа тартыўдыӊ алдын алыў, IT-Park аймағында Англия ҳуқықын енгизиў, резидентлер ушын салық жеӊилликлерин 2040-жылға шекем созыў, улыўма, бул тараўға 100 жыллық қолайлық жаратыў бойынша усыныслар додаланды.
Мәмлекет басшысы елимиздиӊ мәлимлеме технологиялары, туризм, инвестиция потенциалын жәмлестирген бир пүтин имиджин жаратыў бойынша көрсетпе берди.
Презентацияда тараўға қәнигелескен билимлендириў ҳаққында да мәлимлеме берилди. Соӊғы үш жылда IT оқыў орайларыныӊ саны 300ден артты. “Бир миллион прогаммист” жойбары шеӊберинде билим алып, сертификатқа ийе болған жаслардыӊ саны 1 миллион 200 мыӊды қурады. Өткен жылдан баслап IT-сертификатларға оқыў қәрежетлерин 50 процентке шекем қаплап бериў жолға қойылды. 215 мыӊ жас халықаралық онлайн курсларды питкерип, сертификат алды.
Буларды даўам еткен ҳалда келеси жылдан баслап ҳәр жылы 5 мыӊ талантлы жасларды сайлап алыў, оқытыў ҳәм халықаралық мийнет базарына таярлаў системасы енгизиледи. Хорезм ўәлаятында 300 мыӊ жасларды халықаралық компаниялардыӊ талапларына сәйкес бағдарламалар тийкарында таярлаў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў режелестирилген.
Бул жерде космослық геомәлимлеме системасы арқалы суў сақлағышлар ҳәм жер астынан пайдаланыў жағдайларын мониторинг етиў бағдарламасы ҳаққында мағлыўмат берилди.
Президент министрликтиӊ “UZINFOCOM – Бирден-бир интегратор” офисинде жаратылған шараятларды көзден өткерди, қәнигелер менен сәўбетлести.
– Сизлер ҳәзирги реформаларда бизлердиӊ еӊ исенген күшимиз. Келешекте сизлердей қәнигелерге мүтәжлик және де артады. Ҳәр бир тараў ҳәм аймақ санлы технологиялар менен үнлес раўажланбаса, мәмлекет раўажланбайды, – деди Шавкат Мирзиёев.
Бул жерде жасалма интеллект тийкарында биометрикалық идентификациялаў, денсаўлықты сақлаў тараўын санластырыў, электр тәмийнаты биллинги бойынша мәлимлеме берилди. Мәмлекетимиз басшысы социаллық тараўлар, әсиресе, медицина тараўыныӊ санлы системасын жетилистириў, адамларды разы етиў зәрүрлигин атап өтти.
Президентимизге Самарқанд ўәлаятыныӊ Нуробод районында шөлкемлестирилген “IT Village” ҳаққында айтып берилди. Бул комплекс 1-9-класс оқыўшыларын мәлимлеме технологиялары менен таныстырыў ҳәм оған қызықтырыў, оларға дәслепки көнликпелерди үйретиўге қаратылған.
Мәмлекетимиз басшысы бундай комплекслерди барлық аймақларда қурыў бойынша тапсырма берди.
Буннан соӊ, Президент Шавкат Мирзёевтиӊ басшылығында тармақ ҳәм аймақларда мәмлимлеме технологияларын раўажландырыў ҳәм мәмлекетлик басқарыўды санластырыў бағдарындағы әҳмийетли ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Заман талабынан келип шығып, мәмлекетимизде байланыс инфраструктурасын жақсылаў, тараў ҳәм тармақларды санластырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Усы жылдыӊ өзинде билимлендириў, банк, финанс, бажыхана, аўыл хожалығы, геология, кадастр сыяқлы тараўларды санлы трансформациялаў шеӊберинде 100 программалық жойбар ислеп шығылған. 500 ден аслам жаӊа IT компаниялары шөлкемлестирилип, тараўға 475 миллион доллар тиккелей сырт ел инвестициясы кирип келген.
Жыл жуўмағы менен тараўда хызметлер көлеми 10 триллион сум болыўы, экспортты болса 300 миллион доллардан арттырыў күтилмекте. Бул көрсеткиш Ташкент, Самарқанд, Әндижан ўәлаятларында жоқары пәтлерде өсти. Сурхандәрья ўәлаятында да дәслепки мәрте IT хызметлер экспорты жолға қойылып, бир миллион доллардан артты. Аймақларда 20 мыӊнан аслам жаслар еркин шуғылланып, халықаралық онлайн платформалар арқалы жаратқан өнимлерин шетке сатқан.
Мәжилисте тараўдыӊ раўажланыўына қосымша шараятлар жаратыў белгиленди. Оған бола:
– IT компаниялары аймақлардағы бос турған имаратларға бир жыл мүддетке бийпул жайластырылады;
– инталы бағдарламашыларға бир жыл ишинде бөлип-бөлип төлеў шәрти менен компьютер ҳәм техникалар бериледи;
– 50 ден аслам IT қәнигесин жумыслы еткен компаниялардыӊ бир жыл даўамындағы мийнет ҳақы қәрежетлериниӊ 15 процентине шекемги бөлеги қаплап бериледи;
– экспортшы кәрханаларға шеттен эксперт тартып, халықаралық конференцияларда қатнасыў қәрежетлериниӊ 50 проценти компенсацияланады.
Сондай-ақ, IT-Parkти халықаралық көлемге алып шығыў ушын Германия ҳәм Саудия Арабстанында оныӊ сыӊар кәрханалары ашылады.
Улыўма, бундай жаӊа имканиятлар есабынан, 2024-жылы IT хызметлериниӊ көлемин еки есеге арттырыў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.
Буған ерисиў ушын, дәслеп, шет тили ҳәм технологияларын билетуғын кадрлар зәрүр. Соныӊ ушын Санлы технологиялар министрлигине келеси жылы 8 мыӊ еӊ инталы жасларды сайлап алып, абырайлы халықаралық компаниялардыӊ талабына сәйкес бағдарлама тийкарында оқытыў ўазыйпасы қойылды.
Сондай-ақ, келеси жылдан “Ҳәр бир мәҳәлледе кеминде еки программист” жойбарыныӊ басланатуғыны, АҚШлы бирге ислесиўшилер менен “Инклюзив санластырыў” жойбарын шеӊберинде 20 мыӊ халықтыӊ бәнтлиги тәмийинленетуғыны айтылды.
2026-жылы Халықаралық информатика олипмиадасы дәслепки мәрте мәмлекетимизде өткериледи. Буған таярлық көриў ушын таӊлаўлар өткерилип, инталы оқыўшылар таӊлап алынады, сырт елден маман тренерлер тартылады.
Мәмлекетимиз басшысы санластырыў мәҳәлледен басланыўы керек екенлигин атап өтти.
Ҳәзир мәҳәлле системасы хызметкерлери планшет ҳәм компьютер менен тәмийинленген. Бирақ, олардан толық пайдаланылмай атыр. Мәселен, жаслар жетекшисине субсидия алыў ушын мүрәжат еткен пуқара елеге шекем мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси яки бәнтлик бөлиминен жумыссызлық ҳаққында мағлыўматнама алып келиўге мәжбүр.
Соныӊ ушын жуўапкерлерге “Санлы мәҳәлле” бирден-бир платформасын иске түсириў ҳәм “мәҳәлле жетилиги”н санлы системалардан пайдаланыўға оқытыў тапсырылды.
Мәжилисте министрлик ҳәм тармақлардағы санластырыў жағдайы талланды. Экономика тармақларында өзине түсер баҳасын түсириў тек ғана санластырыў арқалы болатуғыны атап өтилди.
Айырым министрлик ҳәм уйымларда санластырыў жумысларыныӊ төмен дәрежеде екенлиги атап өтилди. Мысалы, “Санлы денсаўлықты сақлаў” жойбары, медициналық қамсызландырыўды енгизиў кешигип атыр. Онкологиялық кеселлердиӊ электрон реестри жоқлығы себепли оларға напақалар төлеўде қыйыншылық болмақта. Аўыл хожалағында пестицидлер саўдасы ҳәм қолланылыўы бойынша санлы қадағалаў системасы енгизилгени жоқ. Ташкент қаласында халық тәрепинен унамлы қабылланған “Халық қадағалаўы” системасы өз ҳалына таслап қойылған. Бул қалақлықларды тез сапластырыў, ҳәр бир тараўда санластырыўды жеделлестириў зәрүрлиги қатаӊ көрсетип өтилди.
– Санластырыўға итибар бермеген басшы коррупцияға қарсы гүрсиўге умтылмаған, деп баҳаланады, – деди Президент.
Тараў инфраструктурасы , атап айтқанда, интернет тезлигин жақсылаў мәселесине итибар қаратылды. Айырым аймақларда интернет тезлигиниӊ төменлиги, халықаралық магистрал жоллардыӊ 20 проценти мобиль интернет пенен қамтып алынбағаны көрсетип өтилди. Келеси жылы санлы инфраструктура ушын 600 миллион доллар инвестиция қаратылатуғыны айтылды.
Соныӊ менен бирге, киберқәўипсизликти күшейтиў, барлық электрон төлем системалары ушын бул бойынша бирден-бир талапларды ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.
Улыўма алғанда, келеси жылы мәлимлеме технологиялары хызметлери көлемин 20 триллион сумға, экспортты 800 миллион долларға жеткериў, тармақларда 130 мәлимлеме системасын енгизиў ҳәм 750 мәмлекетлик хызметлерди толық санластырыў ўазыйпасы белгиленди.
Мәмлекетимиз басшысы тараўдағы әҳмийетли мәселелер бойынша министрлер, ҳәкимлер ҳәм жас прграммистлер менен сәўбетлести.
ӨзА