Президент Шавкат Мирзиёев 20-декабрь күни Санлы технологиялар министрлигине барды.

Санлы басқарыў орайында «Өзбекстан – 2030» стратегиясына муўапық әмелге асырылып атырған жумыслардың презентациясы өткерилди. Бизге белгили, бул стратегияда мәмлекетимизди регионаллық «IT-НUB»қа айландырыў мақсети белгиленген. Бул мәмлекетлик басқарыў ҳәм тараўларды санластырыў, байланыс инфраструктурасын жақсылаў, IT билимлендириўди раўажландырыў сыяқлы көп факторларды талап етеди.

Кейинги жылларда бул бағдарда үлкен өзгерислер болды. Мәлимлеме технологиялары субъектлери ушын жаратылған шараятлар ҳәм жеңилликлер нәтийжесинде бундай кәрханалар ҳәм жумыс орынларының саны, хызметлер экспорты артып бармақта. Атап айтқанда, 2017-жылы елимизде IT компаниялар саны 147 болған болса, ҳәзирги ўақытта 1 мың 600 ге жеткен. Жумыс орынлары да қысқа ўақытта 10 есеге көбейип, 24 мыңнан артқан. 2017-жылы 600 мың АҚШ доллары болған экспорт көлеми усы жылдың жуўмағы менен 300 миллион доллардан артыўы күтилмекте.

My.gov.uz  бирден-бир порталы арқалы бүгинги күнде 8 миллионнан аслам ҳәм исбилерменлер 570 түрдеги онлайн хызметтен пайдаланбақта.

Орынлаў тәртибиниң бирден-бир системасы – ijro.gov.uz арқалы мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардың төменги буўынлары хызметкерлери тәрепинен 28 миллион ҳүжжет электрон алмасқан.

Президентимиз бул системасы басшылардың сана-сезими ҳәм жуўапкершилигин өзгерткенин атап өтип, ҳүжжетлер интеграциясы ҳәм сапасын жақсылаў, орынлаў тәртибин қадағалаўды күшейтиў бойынша көрсетпелер берди.

2022-жылы БМШтың Электрон ҳүкимет рейтингинде мәмлекетимиз 18 текшеге жоқарылап, 69-орынды ийеледи. 2030-жылға барып, бул рейтингте биринши отызлыққа кириў бойынша жыллық илажлар ислеп шығылған.

Сондай-ақ, «Өзбекстан – 2030» стратегиясында IT хызметлер ҳәм программалық өнимлердиң экспорт көлемин 5 миллиард долларға жеткериў мақсети белгиленген. Буның ушын аймақларда IT инфраструктураны ҳәм венчур базарын раўажландырыў, «local to global» принципи арқалы жергиликли кәрханаларды экспортқа алып шығыў, елимизде халықаралық компаниялардың офислерин ашыў сыяқлы көплеген илажлар нәзерде тутылған. Усы мақсетте еки тәреплеме салыққа тартыўдың алдын алыў, IT-park аймағында Англия ҳуқықын енгизиў, резидентлер ушын салық жеңилликлерин 2040-жылға шекем созыў, улыўма етип айтқанда, бул тараўға 100 жыллық қолайлық жаратыў бойынша усыныслар додаланды.

Мәмлекет басшысы елимиздиң мәлимлеме технологиялары, туризм, инвестиция потенциалын жәмлестирген тутас имиджин жаратыў бойынша көрсетпе берди.

Презентацияда тараўға қәнигелескен билимлендириў ҳаққында да мәлимлеме берилди. Кейинги 3 жылда IT-сертификатларға оқыў қәрежетлерин 50 процентке шекем қаплап бериў жолға қойылды. 215 мың жас халықаралық онлайн курсларды питкерип, сертификат алды.

Буларды даўам еттирген ҳалда, келеси жылдан баслап, ҳәр жылы 5 мың қәбилетли жасларды таңлап алыў, оқытыў ҳәм халықаралық мийнет базарына таярлаў системасы енгизиледи. Хорезм ўәлаятында «Ал-Хорезмий мийрасқорлары» жойбарында оқытыў басланады. Улыўма етип айтқанда, IT тараўында 300 мың жасларды халықаралық компаниялар талабына сәйкес бағдарламалар тийкарында таярлаў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў режелестирилген.

Усы жерде космослық геомәлимлеме системасы арқалы суў бассейнлери ҳәм жер астынан пайдаланыў жағдайларын мониторинг етиў бағдарламасы ҳаққында мағлыўмат берилди.

Президент министрликтиң «Өзинфоком – Бирден-бир реестр» офисинде жаратылған шараятларды көзден өткерди, қәнигелер менен сәўбетлести.

– Сизлер ҳәзирги реформаларда бизиң ең исенген күшимиз. Келешекте сиздей қәнигелерге талап және де артады. Ҳәр бир тараў ҳәм аймақ санлы технологиялар менен үнлес раўажланбаса, мәмлекет раўажланбайды, – деди Шавкат Мирзиёев.

Усы жерде жасалма интеллект тийкарында биометрикалық идентификациялаў, денсаўлықты сақлаў тараўын санластырыў, электр тәмийнаты биллинги бойынша мәлимлеме берилди. Мәмлекетимиз басшысы социалллық тараўлар, әсиресе, медицина тараўының санлы системасын жетилистириў, адамларды разы етиў зәрүрлигин атап өтти.

Президентимизге Самарқанд ўәлаяты Нурабад районында «IT Village» шөлкемлестирилгени ҳаққында айтып берилди. Бул комплекс 1-9-класс оқыўшыларын мәлимлеме технологиялары менен таныстырыў ҳәм оған қызықтырыў, оларға дәслепки көнликпелерди үйретиўге қаратылған.

Мәмлекетимиз басшысы бундай комплекслерди барлық аймақларда қурыў бойынша  тапсырма берди.

ӨзА