Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Қатар Мәмлекети Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Соний 19-ноябрь күни Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша халықаралық сыйлықты салтанатлы тапсырыў мәресиминде қатнасыў ушын әмелий сапар менен мәмлекетимизде болды.
Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Президентимиз күтип алды.
Дәслеп «Tashkent city» халықаралық исбилерменлик орайының аймағында халықаралық жәмийетшиликтиң коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы ҳәрекетлерин сәўлелендиретуғын монументтиң ашылыў мәресими болып өтти.
Салтанатлы мәресимде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қатар Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Соний қатнасты.
Илажда БМШ Бас хаткериниң жәрдемшиси Александр Зуев ҳәм сырт мәмлекетлердиң рәсмий шахслары да қатнасты.
Алақаны ашық қол көринисинде металлдан исленген бул он еки метрлик композиция ҳадаллық, пәк әмел ҳәм нийетлерди, коррупцияға пүткиллей бийтақатсызлықты, дүньяның барлық мәмлекетлерин оған қарсы гүресиўде бирлесиўге шақырыўды аңлатады.
Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қатар Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Соний Ташкент қаласындағы Конгресс орайында Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша халықаралық сыйлық пенен сыйлықлаў мәресиминде қатнасты.
Илажда Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң ўәкиллери, 40 тан аслам мәмлекет делегациялары, соның ишинде, усы халықаралық сыйлық ийелери қатнасты.
Қатар Әмириниң басламасы менен шөлкемлестирилген сыйлық пенен 2016-жылдан берли ҳәр жылы глобаллық көлемде коррупцияға қарсы гүреске қосқан үлесиниң тән алыныўы сыпатында белгили жәмийетлик ғайраткер, экспертлер ҳәм журналистлер сыйлықланып киятырғанын атап өтиў керек.
Мәмлекетимиз басшысы форум қатнасыўшыларын қутлықлап, Қатар Әмири ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Нәшебентлик қураллар ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў басқармасына илажды Өзбекстанда өткериў усынысы ушын миннетдаршылық билдирди.
Өзбекстан жетекшиси бүгинги күнде Қатар глобаллық бирге ислесиў ҳәм дипломатия орайына айланып атырғанын, жоқары дәрежеде өткерилген футбол бойынша жәҳән чемпионаты, Кем раўажланған мәмлекетлер бойынша халықаралық конференция ҳәм «Экспо Доха – 2023» пүткил жер жүзилик көргизбеси, көплеген халықаралық басламалар буны тастыйықлайтуғынын атап өтти.
Мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар пүткиллей жаңа басқышқа көтерилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Бүгинги илаж да мақсетлеримиз үнлес екениниң жарқын рәмзий көриниси болып есапланады.
Өзбекстан Президентиниң атап өткениндей, жедел пәт пенен өзгерип атырған дүньядағы ең әҳмийетли машқалалардан бири болған коррупцияға қарсы гүресиў тараўында глобаллық сыйлықтың шөлкемлестирилгени ҳәм оны тапсырыўға бағышланған мәресимлер барлық континентлерде өткерилип киятырғаны жоқары тән алыўға ийе болып табылады.
– Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәр бир ҳүжданы таза инсанның, демократиялық жәмийет ҳәм мәмлекеттиң муқаддес миннети болып есапланады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Бул абырайлы сыйлық арқалы коррупцияға қарсы гүресиўге өзиниң мүнәсип үлесин қосып атырған дүньядағы ең белсенди шахслардың тән алыныўы 2003-жылы қабыл етилген БМШтың Коррупцияға қарсы гүресиў конвенциясының талапларын турмысқа избе-из ҳәм толық енгизиўге хызмет ететуғыны атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы коррупцияға пүткил инсаниятқа, барлық жәмийетлер тийкарынан, экономикалық раўажланыўға соққы беретуғын, нызам үстинлигин бузатуғын ҳәм халықтың мәмлекетлик сиясатқа исенимин кескин төменлететуғын, демократиялық институтлардың раўажланыўына тосқынлық ететуғын қәўип-қәтер екенин атап өтти.
Таллаўларға бола, ҳәзирги ўақытта коррупцияның дүнья жүзи көлеминдеги зыяны 3 триллион АҚШ долларына шамалас муғдарды қурамақта. «Бирақ мен бул үлкен санлар ҳақыйқый жағдайды ҳәм коррупция нәтийжесинде көрилип атырған реал зыянның анық көлемин толық сәўлелендире алмайды, деп есаплайман», деди Өзбекстан жетекшиси.
Бүгин Өзбекстан коррупцияға қарсы гүресиў процесинде ҳуқықый ҳәм институционаллық реформаларды системалы әмелге асырып атырған, БМШ, Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми сыяқлы абырайлы халықаралық структуралар менен тығыз бирге ислесип киятырғаны атап өтилди. Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққындағы нызам қабыл етилип, арнаўлы ўәкилликли Агентлик дүзилген.
Ҳүкимет жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм жуўапкершилигин арттырыў, бюрократияны азайтыў ҳәм мәмлекетлик хызметлерди әпиўайыластырыў, коррупцияның алдын алыўға қаратылған превентив механизмлер әмелиятқа енгизилмекте.
Атап айтқанда, барлық мәмлекетлик уйымларда комплаенс ҳәм нәтийжелиликти баҳалаў рейтинг системалары жолға қойылды. Мәмлекетлик сатып алыўлар толық санластырылды.
Өзбекстан 2023-жылы Халықаралық Ашық мағлыўматлар хартиясына ағза болды. Мәмлекетимиз Стамбул ҳәрекетлер бағдарламасы, Глобаллық оператив тармақ, Евроазия ҳәм Эгмонт топарлары, басқа да көплеген платформаларда нәтийжели қатнасып келмекте. Шығыс ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң активлерди қайтарыў тармағының Секретариаты ўазыйпасын атқармақта.
Ҳәр жылы Ташкентте дәстүрий Халықаралық контркоррупция форумы өткерип келинбекте.
Кейинги жылларда мәмлекетимиз «Transparency International» индексинде 42 басқышқа көтерилди ҳәм бул бағдарда регионымызда ең жоқары орынды ийелемекте. 2030-жылға шекем бул рейтингтеги орнымызды және 50 текшеге жақсылаў мақсетин гөзлегенбиз.
«Open Data Inventory» рейтингинде болса усы жылы 30-орынға көтерилдик. Ашықтан-ашық мағлыўматлар дәреклери бойынша Өзбекстан дүнья жүзинде 4-орыннан орын алған.
– Демократиялық реформалар артқа қайтпайтуғын түрге енген Жаңа Өзбекстанда коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында да үлкен реже ҳәм ўазыйпаларды алдымызға қойғанбыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Оларға ерисиў мақсетинде Президентимиз бир қатар усыныс ҳәм басламаларды алға қойды.
Бәринен бурын, Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша 2030-жылға шекем мөлшерленген миллий стратегия ислеп шығылып, турмысқа енгизиледи.
Онда мәмлекетлик уйымлар жумысының және де ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм есап бериўди арттырыў, ашық мағлыўматлар системасын жетилистириў, тараўдың ҳуқықый тийкарлары менен институционаллық механизмлерин беккемлеўге айрықша итибар бериледи.
Сондай-ақ, Өзбекстан коррупцияға қарсы гүресиўдеги регионаллық ҳәм глобаллық баслама және жаңа жойбарларды қоллап-қуўатлайды ҳәм оларда белсене қатнасады. Бул бағдарда өткен айда Ташкентте иске қосылған Коррупцияға қарсы гүресиў конвенциясының Регионаллық платформасынан кеңнен пайдаланылады.
Соның менен бирге, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди жедел тартқан ҳалда, өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм сөйлесиўлерди күшейтиў, илимий излениўлер алып барыў мақсетинде Коррупция машқалалары бойынша регионаллық изертлеў орайын шөлкемлестириў усыныс етилди.
Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң сырт елдеги түрлес мәкемелер менен тығыз бирге ислесиўи күшейтиледи, бул оның потенциалын және де арттырады. Ең алдынғы халықаралық тәжирийбеге тийкарланған жаңа механизмлер енгизиледи, соның ишинде, коррупция жағдайлары бойынша «дәслепки үйрениў» – коррупциялық сорастырыў институты енгизиледи.
Балалықтан «ҳадаллық вакцинасы» менен шаншылған жаңа әўладты камалға келтириў тийкарғы ўазыйпа сыпатында атап өтилди. БМШтың Коррупцияға қарсы билимлендириў ҳәм жаслардың имканиятларын кеңейтиў глобаллық ресурс бағдарламасын Өзбекстанда кеңнен енгизиў режелестирилген.
Өзбекстан Президенти коррупцияға қарсы гүресиў бойынша журналистлердиң имканиятларынан үнемли пайдаланыў ҳәм олардың тәсирин және де арттырыў ушын Глобаллық медиа форумын өткериў усынысын билдирди.
Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз басшысы абырайлы сыйлық пенен сыйлықланғанларды қызғын қутлықлап, оларға әдилликти тәмийинлеў жолындағы ис-ҳәрекетлерине үлкен табыслар тиледи.
Өзбекстан Президенти Қатар Әмири менен биргеликте Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша халықаралық сыйлықты оның ийелерине салтанатлы түрде тапсырды.
«Коррупцияға қарсы гүресиўдеги жетискенликлер» номинациясында «Transparency International» халықаралық шөлкемниң бурынғы баслығы Хосе Карлос Угас Санчес Морено (Перу) сыйлы орын ийеси болды.
«Билимлендириў ҳәм академиялық изертлеўлер» номинациясында Сингапур Миллий университетиниң бурынғы профессоры Джон Куа (Сингапур) ҳәм Загреб университети профессоры Сунчана Роксандич (Хорватия) жеңимпаз болды.
«Коррупцияға қарсы гүресиўде жаслар дөретиўшилиги ҳәм белсендилиги» ушын сыйлықлар «Youth4IntegrityBuilding» мәмлекетлик емес шөлкемге (Кения) – директор Дамарис Асвега ҳәм «All4Integrity» мәмлекетлик емес шөлкемге – тийкарын салыўшысы Андре Корреа Д’Альмейдега тапсырылды.
«Инновациялар ҳәм журналистлик сорастырыўлар» номинациясында сорастырыўшы хабаршы Клэр Рюкасл-Браун (Уллы Британия) ҳәм Уллы Британия Халықаралық раўажланыў министрлиги коррупцияға қарсы гүресиў бөлиминиң бурынғы басшысы Фил Мейсон сыйлы орын ийеси болды.
«Спортты коррупциядан қорғаў» номинациясындағы сыйлықларға журналист ҳәм «ВВС» баслаўшысы Вайхига Мваура (Кения) ҳәм «Central European News» мәлимлеме агентлигиниң хабаршысы Шантану Гуха Рэй (Ҳиндстан) мүнәсип деп табылды.
Салтанатлы мәресимнен кейин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қатар Мәмлекетиниң Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Соний ушырасыў өткерди.
Сәўбет алдынан мәмлекетимиз басшысы Әмир ҳәм дос Қатар халқын миллий байрамы – Ғәрезсизлик күни менен қызғын қутлықлады.
Қатар Әмири, өз гезегинде, Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша халықаралық сыйлықты тапсырыў мәресими жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ҳәм көрсетилип атырған жыллы миймандослық ушын мәмлекетимиз жетекшисине миннетдаршылық билдирди.
Еки мәмлекет арасындағы сиясий сөйлесиўди және де беккемлеў, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Барлық дәрежелерде жедел сөйлесиў ҳәм алмасыўлар даўам етип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Усы жылы Ташкент ҳәм Доха қалаларында еки мәмлекет дипломатиялық ўәкилханалары ашылды. Өз-ара саўда көлеми артпақта, Қатардың жетекши компанияларының қатнасыўында ири жойбарлар басланды.
Ушырасыўда жаңа биргеликтеги инвестициялық жойбарларды, соның ишинде, «жасыл» энергетика, санаат, аўыл хожалығы, инфраструктураны раўажландырыў, банк-қаржы, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, туризм тараўларында алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
Транспорт ҳәм логистика бағдарындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў жоллары көрип шығылды. Атап айтқанда, Қатар тәрепи Трансаўған темир жолын қурыў жойбарын толық қоллап-қуўатлады.
2024-жылы Доха қаласында биргеликтеги Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлик кеңесиниң биринши мәжилислерин, еки мәмлекеттиң бизнес форумын шөлкемлестириў әҳмийетли екени атап өтилди.
Тәреплер келеси жылы мәдений-гуманитарлық илажларды өткериў мәселелерин де додалады.
Ерисилген келисимлер өз ўақтында орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан ҳәм Қатар жетекшилери еки мәмлекет сыртқы сиясат уйымларының басшылары дәрежесинде Муўапықластырыў кеңесин дүзиў керек екенин атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысының Өзбекстанда БМШ қәўендерлигинде Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша регионаллық орай шөлкемлестириў басламасы қоллап-қуўатланды.
Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты.
Соның менен Қатар Мәмлекетиниң Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Сонийдиң Өзбекстанға әмелий сапары жуўмақланды.
ӨзА