Ҳүрметли Жоқары Мәртебели Әмир!

Ҳүрметли делегациялардың басшылары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бүгин саўлатлы Ташкент қаласында Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жоқары халықаралық сыйлық пенен сыйлықлаў мәресиминде сизлерди көрип турғанымнан оғада қуўанышлыман.

Жаңа Өзбекстан жерине хош келдиңиз, әзиз мийманлар!

Бәринен бурын, бул салтанатлы илажды елимизде өткериў бойынша усыныслар ҳәм жақыннан көрсеткен жәрдеми ушын бул абырайлы сыйлықтың тийкарын салыўшысы, қәдирли достымыз Жоқары Мәртебели Қатар Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Сонийге ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Нәшебентлик қураллар ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў басқармасына терең миннетдаршылық билдиремен.

Пурсаттан пайдаланып, конференцияда қатнасып атырған қатарлы досларымызды ҳәм олардың тымсалында усы мәмлекет халқын кеше кеңнен белгилеген Ғәрезсизлик байрамы менен қызғын қутлықлайман.

Жоқары Мәртебели Әмирдиң әдил басшылығы астында кейинги жылларда Қатар Мәмлекети жаңаланыў руўхы менен жасап атырғанын, мәмлекетте үлкен өзгерислер әмелге асырылып атырғанын, дүньяға белгили ҳәм уллы жетискенликлер қолға киргизилип атырғанын атап өтиў орынлы. Оған бийтәкирар Дохаға еткен сапарым ўақтында жеке өзимниң көзим жетти.

Жоқары дәрежеде өткерилген футбол бойынша жәҳән чемпионаты, Кем раўажланған мәмлекетлер бойынша халықаралық конференция ҳәм «Экспо Доха – 2023» пүткил дүнья жүзилик көргизбеси, көплеген халықаралық басламалар Қатардың глобаллық бирге ислесиў ҳәм дипломатия орайына айланып атырғанын және бир мәрте тастыйықлайды.

Усы жерде, мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар бизиң жедел сөйлесиўлеримиз нәтийжесинде пүткиллей жаңа басқышқа көтерилгенин айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен. Биз биргеликте үлкен жойбарларды басладық. Бүгинги илаж әйне елимизде өткерилип атырғаны болса мақсетлеримиз үнлес екениниң жарқын рәмзий көриниси болып табылады.

Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!

Әлбетте, жедел пәт пенен өзгерип атырған дүньяда ең әҳмийетли машқалалардан бири болған коррупцияға қарсы гүресиў тараўында глобаллық сыйлықтың шөлкемлестирилгени ҳәм оны тапсырыўға бағышланған мәресимлер барлық континентлерде өткерилип киятырғаны жоқары итибарға ийе болып есапланады.

Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәр бир ҳүжданы таза инсанның, демократиялық жәмийет ҳәм мәмлекеттиң муқаддес миннети болып есапланады.

Бул абырайлы сыйлық арқалы коррупцияға қарсы гүресиўге өзиниң мүнәсип үлесин қосып атырған дүнья жүзиндеги ең белсенди шахслардың тән алыныўы буннан саррас 20 жыл бурын қабыл етилген Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Коррупцияға қарсы гүресиў конвенциясы талапларын турмысқа избе-из ҳәм толық енгизиўге хызмет етеди.

Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!

Адамзат тарийхына нәзер тасласақ, коррупция иллети ҳәттеки ең қүдиретли ҳәм ең күшли мәмлекетлерди де қыйын жағдайға алып келгенине ҳәм толық тарқалып кеткенине гүўа боламыз.

Коррупция пүткил адамзатқа, барлық жәмийетлердиң тийкарына, экономиканың раўажланыўына соққы беретуғын, нызам үстинлигин бузатуғын ҳәм халықтың мәмлекетлик сиясатқа исенимин кескин төменлететуғын, демократиялық институтлардың раўажланыўына тосқынлық ететуғын қәўипли ҳәм ол турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў бағдарындағы режелеримизге де қатаң зыян жеткереди.

Таллаўларға бола, ҳәзирги ўақытта коррупцияның дүнья жүзи көлеминде зыяны 3 триллион АҚШ долларына шамалас муғдарды қурамақта. Бирақ, мен бул үлкен санлар ҳақыйқый жағдайды ҳәм коррупция нәтийжесинде көрилип атырған реал зыянның анық көлемин толық көрсете алмайды, деп есаплайман. Ең жаманы – жәмийет көретуғын руўхый зыян көлемин ҳеш нәрсе менен өлшеп болмайды.

Бул өткир машқаланың ақыбетлерин терең аңлаған ҳалда, биз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Жәҳән банки, Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми сыяқлы абырайлы халықаралық структуралар менен тығыз бирге ислесип келмектемиз.

Коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында ҳуқықый ҳәм институционаллық реформаларды системалы әмелге асырмақтамыз. Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққындағы нызамды қабыл етип, арнаўлы ўәкилликли Агентликти дүздик. Ҳүкимет жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм жуўапкершилигин арттырыў, бюрократияны азайтыў ҳәм мәмлекетлик хызметлерди әпиўайыластырыў, коррупцияның алдын алыўға қаратылған превентив механизмлерди әмелиятқа кеңнен енгизип атырмыз. Атап айтқанда, барлық мәмлекетлик уйымларда комплаенс ҳәм нәтийжелиликти баҳалаў рейтинги системалары жолға қойылды. Мәмлекетлик сатып алыў толық санластырылды.

Өзбекстан 2021-жылы Халықаралық Ашық мағлыўматлар хартиясына ағза болды. Мәмлекетимиз Стамбул ҳәрекетлер бағдарламасы, Глобаллық оператив тармақ, Евроазия ҳәм Эгмонт топарлары, басқа да көплеген платформаларда нәтийжели қатнасып келмекте. Шығыс ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң активлерди қайтарыў тармағының Секретариаты ўазыйпасын атқармақта.

Ҳәр жылы Ташкентте дәстүрий тәризде Халықаралық контркоррупция форумы өткерип келинбекте.

Кейинги жылларда мәмлекетимиз «Transparency International» индексинде 42 текшеге көтерилди ҳәм бул бағдарда регионымызда ең жоқары орынды ийелемекте. 2030-жылға шекем бул рейтингдеги орнымызды және 50 текшеге жақсылаў мақсетин гөзлегенбиз. «Open Data Inventory» рейтингинде болса усы жылы 30-орынға көтерилдик. Ашық мағлыўматлар дәреклери бойынша Өзбекстан дүнья дүнья жүзи бойынша 4-орыннан орын алған.

Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!

Демократиялық реформалар артқа қайтпайтуғын түрге енген Жаңа Өзбекстанда коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында да үлкен реже ҳәм ўазыйпаларды өз алдымызға қойғанбыз.

Бул жуўапкершиликли ҳәм маўасасыз гүрес жолында Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Нәшебентлик қураллар ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў басқармасы ҳәм барлық халықаралық бирге ислесиўшилеримиз бенен биргеликте бар күшимизди жумсаўға таярмыз.

Бириншиден, Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша 2030-жылға шекем мөлшерленген миллий стратегияны ислеп шығып, турмысқа енгиземиз. Мәмлекетлик уйымлар жумысының және де ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм есап бериўди арттырыў, ашық мағлыўматлар системасын жетилистириў, тараўдың ҳуқықый тийкарлары ҳәм институционаллық механизмлерин беккемлеўге айрықша итибар беремиз.

Екиншиден, коррупцияға қарсы гүресиўдеги регионаллық ҳәм глобаллық баслама ҳәм жаңа жойбарларды қоллап-қуўатлаймыз және оларда белсене қатнасамыз. Бул бағдарда өткен айда Ташкентте иске қосылған Коррупцияға қарсы гүресиў конвенциясының Регионаллық платформасынан кеңнен пайдаланбақшымыз.

Соның менен бирге, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди жедел тартқан ҳалда, өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм сөйлесиўлерди күшейтиў, илимий излениўлер алып барыў мақсетинде Коррупция машқалалары бойынша регионаллық изертлеў орайын шөлкемлестириўди усыныс етемен.

Үшиншиден, биз Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң сырт елдеги түрлес мәкемелер менен тығыз бирге ислесиўин күшейтиў арқалы оның потенциалы ҳәм имканиятларын және де арттырамыз. Ең алдынғы халықаралық тәжирийбеге тийкарланған жаңа механизмлер енгизиледи, соның ишинде, коррупция жағдайлары бойынша «дәслепки үйрениў» – коррупциялық сорастырыў институты енгизиледи.

Төртиншиден, сана-сезими ҳәм кеўли балалықтан «ҳадаллық вакцинасы» менен шаншылған жаңа әўладты камалға келтириў тийкарғы ўазыйпамыз болып есапланады. Бул бағдарда Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Коррупцияға қарсы билимлендириў ҳәм жаслардың имканиятларын кеңейтиў глобаллық ресурс бағдарламасын Өзбекстанда кеңнен енгизиўден мәпдармыз.

Бесиншиден, коррупцияға қарсы гүресиў сыяқлы қыйын процесслерге ең алдынғы қатарларда баратырған ғалаба хабар қуралларының орнын айрықша қәдирлеймиз.

Усы мәнисте, бизиң коррупцияға қарсы гүресиў бойынша журналистлер имканиятларынан үнемли пайдаланыў ҳәм олардың тәсирин және де арттырыў ушын Глобаллық медиа форумын өткериў усынысымызды  сизлер қоллап-қуўатлайсыз, деп исенемиз.

Ҳүрметли дослар!

Бул халықаралық сыйлық пенен сыйлықланған барлық шахслар биринши рет бир жерге жәмленгени ҳәм олардың қатнасыўында шөлкемлестирилип атырған Жеңимпазлар ушырасыўы да үлкен әҳмийетке ийе ўақыя болып есапланады.

Өзиниң раўажланыўдағы жетискенликлерин ҳәм пайдалы инвестицияларын дүнья халықлары менен бөлисип атырған, коррупцияға қарсы гүресиўде күш-ғайрат көрсетип атырған Қатар Әмириниң глобаллық дәрежедеги ҳәрекетлери бәршемиздиң ийгиликли умтылысларымыз бенен бирлесип, әлбетте өзиниң үлкен унамлы нәтийжелерин береди.

Бул темаға бағышлап орнатылған монументтеги коррупцияны тоқтатыў ушын көтерилген ашық қоллар сыяқлы бүгинги конференцияда қатнасып атырған, әдиллик жолындағы исенимли ҳәм мәрт қаҳарманларымыздың қолларын пәк кеўил ҳәм ҳүждан ҳәмири менен беккем услаймыз. Алып барып атырған абырайлы жумысларыңызда сизлер менен бәрқулла биргемиз.

Пурсаттан пайдаланып, абырайлы сыйлықтың барлық жеңимпазларын қызғын қутлықлайман.

Конференциямызда қатнасып атырған сырт елли мийманларымызға және бир мәрте терең миннетдаршылық билдиремен.

Бәршеңизге жуўапкершиликли жумысыңызда күш-ғайрат, жаңа табыслар, бахыт ҳәм әўметлер яр болыўын тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет.