Усы жылдың 19-декабрь күни халық депутатлары Беруний районлық Кеңесиниң гезексиз жетпис жетинши сессиясы болып өтти.
Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы А. Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.
Сессияда Икром Торебаевич Хидиров Беруний районы ҳәкими етип тайынланды.
И.Хидиров мийнет жолы даўамында бир қанша жуўапкершиликли лаўазымларда жемисли мийнет еткен. Атап айтқанда, усы күнге шекем “Қарақалпақстан агрокластер” жуўапкершилиги шекленген жәмийети шөлкемлестириўшиси лаўазымында нәтийжели жумыс алып барған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.