Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 18-декабрь күни аймақларда өндиристи буннан былай да кеңейтиў ҳәм хызметлерди раўажландырыў мәселелерин додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Дүнья жүзинде жүз берип атырған ўақыялар ақыбетинде мәмлекетимиз экономикасы ушын зәрүр болған шийки зат ҳәм өнимлердиң баҳасы, оларды жеткерип бериў қәрежетлери артпақта. Соның ушын, бәринен бурын, өзимиздеги шийки затты терең қайта ислеп, бәсекиге шыдамлы өнимлерди көбейтиў керек.

Мәжилисте бул бағдардағы системаны жетилистириў илажлары белгиленди. Оған бола, енди аймақларда өндирис, санаат зоналары ҳәм экспорт пенен Саўда-санаат палатасы шуғылланады. Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң ўәлаятлық басқармалары ҳәм районлық бөлимлери сапластырылады. Экспорт агентлиги ҳәм қоры, «Өзбекэкспертиза» шөлкеми де Саўда-санаат палатасы системасына өтеди.

– Жойбар ҳәм эксперт етиў системасын мәмлекеттен исбилерменлердиң өзи басқаратуғын шөлкемге алып берип атырмыз. Бул исбилерменлерди тыңлаў, талап ҳәм нийетлерин әмелге асырыў ушын керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы өндирис ҳәм экспортты көбейтиў бойынша жаңа имканиятларды көрсетип өтти.

Бүгинги күнде тоқымашылық санаатында қолланылатуғын айырым гезлеме ҳәм синтетикалық ийирилген жип сырттан алып келинбекте. Сол себепли локализациялаў ҳәм экспортты арттырыўға қаратылған көплеген жойбарлар басланған.

Мәселен, Жоқары Шыршық районында гезлеме ислеп шығарыў ҳәм бояў бөлмелерин шөлкемлестириў бойынша 350 миллион доллар муғдарында, Нөкис қаласында жасалма талшық, гезлеме-таўар ҳәм бояў бөлмеси бағдарында 60 миллион доллар муғдарында жойбарлар режелестирилген. Әндижан ҳәм Самарқанд қалаларында жасалма талшықтан перде ҳәм мебель таўарларын ислеп шығарыў жолға қойылады. Пахтаабад районында тоқымашылық санааты зонасы шөлкемлестириледи. Қарақалпақстан ҳәм 6 ўәлаятта жасалма талшықтан ийирилген жип таярлайтуғын 15 жойбар иске қосылады.

Улыўма етип айтқанда, келеси жылы тоқымашылықта және 700 миллион доллар қосымша қун жаратыў мүмкин екени атап өтилди. Сол себепли, бул тармақ кәрханаларын қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа тәртип енгизиледи. Буның ушын жоқары қун жарататуғын жаңа жойбарларға 200 миллион доллар ресурс сыпатында ажыратылады. Таўарды бояў кәрханаларына суў тазалаў имаратларының қәрежетлери мәмлекет есабынан қаплап бериледи. Санитария бойынша халықаралық стандартларды енгизген тоқымашылық кәрханаларына 100 миллион сумға шекем субсидия ажыратылады.

Өнимлердиң сапасын тәмийинлеў мақсетинде сырт елден дизайнер, маркетолог ҳәм конструкторлар тартыў керек екени айтылды.

Бизге белгили, дүнья жүзине шығыў ушын ең әҳмийетли тәреплеринен бири – бренд «Өзбекстанда ислеп шығарылған» деген ярлыклы өнимлеримиз брендке айланбағаны себепли сыртқы базарда арзан сатылып атыр.

Сол себепли Президент мәмлекетимиз өнимлериниң тек ғана сатылыўы емес, ал сыртқы базарларда бренд сыпатында танылыўы ушын да жәрдемлесиў зәрүр екенин атап өтти.

Саўда-санаат палатасына гезлеме, кийим, гилем, аяқ-кийим, былғары, азық-аўқат, үй буйымлары ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыўшы жергиликли кәрханаларды брендлердиң талапларына толық бейимлестирип, буйыртпаларды жайластырыўшы «сорсинг» компаниялары менен байланыстырыў ўазыйпасы қойылды.

Жергиликли кәрханаларымыздың халықаралық көргизбелерде қатнасыўын көбейтиў, Европа ҳәм Азия қалаларында саўда үйлерин ашыў бойынша көрсетпелер берилди.

Сондай-ақ, белгили атамадағы өнимлерди елимизде ислеп шығарыў да мүмкин. Мысал ушын, келеси жылы Шыршықта Германия технологиясы тийкарында жылына 2,5 миллион дана алюмин қадақлаў кәрханасы иске қосылады. Бул тек ғана салқын ишимликлер емес, ал косметика, турмыслық химия, азық-аўқат бағдарындағы кәрханалар ушын да қолайлы есапланады. Бундай имканиятлардан пайдаланып, абырайлы брендлерди Өзбекстанға алып келиў зәрүр екени айтылды.

Атап өтилгениндей, буның ушын жаңаша көзқараслар енгизиледи:

– брендлер астында өндиристи баслап атырған кәрханаларға халықаралық стандартларды енгизиў, экология ҳәм сертификатлаў қәрежетлери қаплап бериледи;

– локализациялаўды кеминде 60 процентке жеткериў шәрти менен олар ушын зәрүр барлық шийки затлар бажыхана төлемлеринен азат етиледи;

– кеминде 30 процент өнимди бренд астында ислеп шығаратуғын исбилерменлерге сырт ел инвестициясы қатнасыўындағы кәрханалар ушын нәзерде тутылған жеңилликлер бериледи;

– ири брендлерден тартылған технолог, дизайнер, маркетолог сыяқлы қәнигелерден Өзбекстанда ислегени ушын төлемлер өндирилмейди.

Елимизде химия санааты ушын да көп шийки зат бар. Ҳәзирги күнде жәми 3 миллиард доллар муғдарында жойбарлар қәлиплестирилген.

Электротехника санаатында 2 миллиард доллар муғдарында жойбарлар ушын имканият та, үлкен базар да бар. Мәселен, елимизде қурылып атырған 27 гигаватт қуўатлылыққа ийе қуяш ҳәм самал станциялары ушын 500 миллион доллар муғдарында кабельге мүтәжлик бар. Тап усындай, турмыслық техника, трансформатор сыяқлы үскенелерге де талап жоқары.

Келеси жылы Ахангаран санаат зонасында иске қосылатуғын 120 миллион доллар муғдарындағы 5 жойбар ҳәм Бухара қаласында шөлкемлестирилетуғын 120 миллион доллар муғдарындағы технопарк бул өнимлерди локализациялаўға қаратылған.

Бул тармақаларда да өндиристи көбейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәмлекетимиз басшысы Қарақалпақстанның районлары ҳәм Нөкис қаласында санаатты раўажландырыў мәселесине айрықшаи итибар қаратты. Бул аймақта өндиристи кеңейтиўге төмен процентте кредит бериў ушын 100 миллион доллар ажыратылған. 23 перспективалы жойбар қәлиплестирилип, ўәлаятлар ҳәм коммерциялық банклер бириктирилген. Жуўапкерлер бул жойбарлардың орынланыўы бойынша мәлимлеме берди.

Мәжилисте хызмет көрсетиў ҳәм туризм имканиятларын буннан былай да кеңейтиў мәселелери де додаланды.

Усы жылдың 11 айында 421 триллион сум муғдарында хызметлер көрсетилген. Бул өткен жылға салыстырғанда 13,6 процент көп. Жылдың жуўмағы менен экономикада хызметлер үлеси 43 проценттен артыўы күтилмекте. Бирақ бул көрсеткишлер жетерли емес. Қаржы, транспорт, туризм, билимлендириў, медицина ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўларында еле имканиятлар көп.

Жақында Бизнести раўажландырыў банки ҳәм Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы дүзилди. 2024-жыл 1-январьдан базалық банк хызметлерин көрсететуғын микроқаржы банклери иске қосылады. Соларға тийкарланып, келеси жылы финанслық хызметлер көлеми 30 процентке артыўы күтилмекте.

Халықаралық капитал базарларында 500 миллион доллар муғдарында «евробонд» жайластырыў бойынша жумыс алып барылмақта.

«Шаңарақлық исбилерменлик» бағдарламасы шеңберинде өзиниң киши бизнесин ашқан ҳәм унамлы кредит тарийхына ийе халыққа 50 миллион сумға шекем, исбилерменлик жумысын кеңейтиў нийетиндеги халыққа 100 миллион сумға шекем гиреўсиз кредитлер бериў жолға қойылады. Сондай-ақ, өзин-өзи бәнт еткенлерге бизнеске биринши қәдем ушын кредит бериў усынысы мақулланды.

Елимизде жәми хызметлердиң төрттен бир бөлеги транспорт тараўына туўра келеди. Усы жылы 1 мың 500 ге шамалас автобус, 25 жаңа самолёт алып келинди. Жеке меншик компаниялар жумыс баслады, 17 бағдар ашылды.

Бул жумысларды даўам еттирип, ўәлаятлар ҳәм қоңсы мәмлекетлерге автобус жөнелислерин, мәмлекетимиз қалалары арасында авиақатнаўларды көбейтиў бойынша көрсетпелер берилди.

Темир жол тараўында да тарифлер қайта көрип шығылды, керексиз жеңилликлер бийкар етилди. 6 тезжүрер ҳәм 30 электр поезды алып келинбекте. Бул келеси жылы 20 процент өсиўди тәмийинлеў имканиятын береди.

Елимизде жеке меншик билимлендириў ҳәм медицина хызметлери тез өсип бармақта. Оған қосымша имканият жаратыў ушын бос жерлерди усы қәнигелик бойынша аукционға шығарыў мүмкин екени айтылды.

Бүгинги күнде IT хызметлериниң жалпы ишки өнимимиздеги үлеси 3-3,5 процентке тең. Келеси жылы кеминде 30 процент өсиўди тәмийинлеп, бул тармақта хызметлер көлемин 41 триллион сумға жеткериў, экспортты 2 есеге арттырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Мәмлекетимизде туризм потенциалы үлкен. Буны нәтийжели иске қосыў ушын мийманхана ҳәм мийман үйлерин көбейтиў керек екени атап өтилди.

Тарийхый ҳәм көркем туризм орынларының мастер режеси таярланатуғыны, олардың инфраструктурасына қосымша қаржы ажыратылатуғыны белгиленди. Оларға алып баратуғын көшелерди оңлаў менен бирге, жол бойларында саўда ҳәм сервис шақапшаларын жайластырыў ўазыйпасы қойылды.

Сырт елде туристлер ушын зергерлик буйымларының саўдасы да кеңнен жолға қойылған. Мәмлекетимизде буның ушын жетерли шараят болса да, бундай буйымлар аз ислеп шығарылады. Сол себепли келеси жылы ҳәр бир аймақта заманагөй зергерлик комплекслерин шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берилди.

Сондай-ақ, мәмлекетимизде халықаралық «Өзбестан жипек таўарлары» мода ҳәптелигин шөлкемлестириў бойынша усынысы билдирилди.

Базарларымыздың туристлер ушын қолайлылығын арттырыў керек екени атап өтилди. Оларды туристлер күнлеп ўақтын өткериўи мүмкин болған комплекслерге, мәдениятымызды сәўлелендиретуғын «мирәт қағазы»на айландырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Бул илажлар нәтийжесинде хызметлер ҳәм туризм тараўында 2 миллионнан аслам халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мүмкин екени атап өтилди.

Мәжилисте тармақ ҳәм аймақлар басшыларының есабатлары, исбилерменлердиң усыныслары тыңланды.

ӨзА