Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-декабрь күни экономикалық раўажланыў, нәтийжели басқарыў ҳәм халықаралық бирге ислесиў мәселелери бойынша кеңесгөй Сума Чакрабарти менен ушырасыў өткерди.

Мәмлекетимиздеги социаллық-экономикалық реформалар бағдарламасының нәтийжелилигин арттырыў бағдарындағы илажлардың барысы ҳәм келеси режелер көрип шығылды.

Инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығын жетилистириў, сырт елдеги жетекши компания ҳәм қаржы институтларын тартқан ҳалда экономиканың түрли тармақларында ири жойбарларды алға қойыў бойынша алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процесин ҳәм мәмлекетимиздиң халықаралық рейтинглердеги орнын арттырыўға байланыслы мәселелер додаланды.

ӨзА