Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-декабрь күни Қатар Мәмлекетиниң Нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бойынша орайы Қәўендерлик кеңесиниң баслығы Али Муҳсин ал-Маррий басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Ушырасыў алдынан баслық ал-Марий мәмлекетимиз басшысына Қатар Әмири Тамим бин Ҳамад Ол Сонийдиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан менен Қатар арсындағы көп тәреплемели қатнасықлар жедел раўажланып баратырғаны қатнаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда ҳәм инвестициялардың көлеми артпақта, ири биргеликтеги жойбарлар таярланбақта ҳәм әмелге асырылмақта.

Болажақ әҳмийетли халықаралық илаж – Қатар Әмириниң басламасы менен шөлкемлестирилген “Коррупцияға қарсы гүресиўде үлкен жеңислер ушын” глобал сыйлығын тапсырыў мәресимин Өзбекстанда өткериўге таярлықтың барысын көрип шықты.

Коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў, тәжирийбе алмасыў ҳәм биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыўдан еки тәреп те мәпдар екени тастыйықланды.

ӨзА