Усы жыл 14-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесинде республикамыз денсаўлықты сақлаў тараўында алып барылып атырған кеӊ көлемли жумыслар, ушырасып атырған машқалалар ҳәм оларды сапластырыўға бағышланған мәжилис болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы А.Орынбаев басқарып барған мәжилисте бул бағдарда қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлар, тараў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў илажларына кең түрде тоқталып өтилди.

Атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен алға қойылған бир қатар басламалар бүгин турмыс ҳақыйқатлығына айланып бармақта. Ташкентте бар барлық заманагөй медициналық хызметлерди Нөкисте жолға қойыў, Қарақалпақстандағы Онкология ҳәм радиология орайының филиалы ушын жаңа имарат қурыў ҳәм ең заманагөй үскенелер менен толық тәмийинлеў, оның аймағында наўқаслардың жақынлары ушын ўақтынша жасаў жатақханасын қурыў, келеси жылдан баслап Тахтакөпир, Шымбай, Қараөзек, Бозатаў, Шоманай, Қоңырат районларында 200 процент муғдарында айлық үстеме төлеўди жолға қойыў, сондай-ақ, Қарақалпақстандағы алыс ҳәм шетки аўылларда жумыс ислеп атырған барлық маман медицина хызметкерлерине 5 миллион сумға шекем өз алдына үстеме бериў, социаллық реестрге кирген халықтың ордер тийкарында Ташкент қаласында ямаса басқа да ўәлаятларда емлениўи ушын оларға авиа ҳәм темир жол қәрежетлерин толық қаплап бериў сыяқлы көплеген имканиятлар жаратылмақта. Сондай-ақ, ѳткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлардың қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтермекте.

Жоқарғы Кеңес Баслығы усыншама имканиятлар жаратылыўына қарамастан, айырым кемшиликлер ушырасып атырғанлығына айрықша тоқтап өтти. Айырым шыпакерлер тәрепинен наўқасларға дәри-дармақларды тарқатыўшы компаниялар менен келисилген дәрилерди усыныў, айырым дәрилердиң сатылыўынан келип түсетуғын қаржылардан үлес алыўы, усы себепли шыпакерлер ѳз мәпи ушын наўқасларға қымбат дәрилерди буйырып атырғаны, сырт ел компанияларының дәрилерин реклама етиў жағдайлары, соның есабынан шыпакерлер фармацевтика компаниялары тәрепинен қаржылай хошаметленип атырғанлығын қатаң сынға алды. Бул халқымызда орынлы наразылықларды пайда етпекте.

Сондай-ақ, айырым “бизнесмен” шыпакерлер дәриханашылар менен келисип, оларды турақлы түрде қарыйдарлар менен тәмийинлеп турғаны, айырым емлеўхана баслықлары бюджеттен ажыратылған қаржыларды компанияның дәри-дармақларын сатып алыўға жумсап атырғанлығы ашынарлы жағдайлардың бири сыпатында тилге алынды. Мәжилис даўамында халықтың саламатлығы дǝрежесин арттырыў, аналар ҳəм балалар саламатлығын беккемлеў илажларын күшейтиў, шыпакерлер менен тәмийинлениў дәрежесин арттырыў, жеке меншик медицина мəкемелериниң раўажланыўын ҳәм бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўын тәмийинлеў, денсаўлықты сақлаў тараўын санластырыў мәселелери де қарап шығылды.

Илаж соӊында өз ўазыйпасын орынлаўда немқурайдылық пенен қараған ҳәм қәте-кемшиликлерге жол қойған тараў басшыларына жаза шараларын қолланыў бойынша тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.