Президент Шавкат Мирзиёев халықтың жасаў шараятлары, қысқа таярлық ҳәм абаданшылық жумысларын көриў мақсетинде 12-декабрь күни Ташкент қаласындағы мәҳәллелерде болды.

Дәслеп «Ташкент ыссылық орайы» кәрханасының Учтепа районындағы ыссылық орайы барып көрилди. Мәмлекетимиз басшысы буннан бир жыл алдын бул жерге келгенинде жағдай жүдә аянышлы еди. Бул орай 1969-жылы қурылған, соннан берли капитал оңланбаған. Қазанхана да, тармақлар да ескирген еди. Өткен қыста ҳаўа кескин суўыған ўақытларда ыссылық ислеп шығарыў машқала болған еди. Соның ушын Президентимиз тармақларды оңлаў ҳәм турақлылығын арттырыў бойынша көрсетпелер берген еди.

Бул ретки сапар ўақтында жуўапкерлер бул ҳаққында мәлимлеме берди. Берилген тапсырмалар толық әмелге асырылған. Комплекс қазанханасы жәми 700 Гкал қуўатлылыққа ийе, мыңнан аслам көп қабатлы турақ жай ҳәм 400 ден аслам жәмийетлик мәкемелерге ыссылық жеткерип береди.

Усы жылы мазут хожалығы ҳәм сыйымлықлары қурылып, қазанлардың екеўи аралас түрде – газ ҳәм мазут ислеўге бейимлестирилген. Олардың  нәтийжесинде қазанхана ҳәм тармақ суўық температурада да турақлы ислейди. Бундай ўақытларда резервленген мазуттан пайдаланылады. Қубырлар изоляциясы беккемленгени ушын ыссылық шығыны да азайған.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде Ташкент қаласы ҳәм Учтепа районының жуўапкерлери менен сөйлести. Мәҳәллелердеги жаңа «жетилик» системасының жумысын нәтийжели жолға қойыў, социаллық мәселелерди халықтың талабы тийкарында орынлардың өзинде шешип, адамларды разы етиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Соның ишинде, қысқа таярлық бойынша қурылған илажларды да адамлар сезиўи керек. Ыссылық орайлары ҳәм тармақлардағы машқалаларды жеделлик пенен сапластырыў, имарат ҳәм хожалықларда ыссылықты сақлаў әҳмийетли ўазыйпа екени атап өтилди.

Усы күни мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласы Ишки ислер бас басқармасының Бирден-бир оператив басқармасы орайын барып көрди.

Бул орай Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 2-аперльдеги «Ишки ислер уйымларының жәмийетлик қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўындағы жумысын және де жетилистириў бойынша қосымша шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық шөлкемлестирилген.

Заманагөй үскенелер менен тәмийинленген комплекс «Геоинформациялық электрон карта» бағдарламасы тийкарында ислейди. Оған Ишки ислер, Әдиллик, Денсаўлықты сақлаў, Транспорт ҳәм Айрықша жағдайлар министрликлери сондай-ақ, Миллий гвардия, Салық комитети сыяқлы уйымлардың 55 электрон базасы интеграцияланған. Ташкент қаласындағы 10 мыңнан артық турақ ҳәм турақ жай емес орынлардағы 7 мың 300 видеобақлаў камералары да жалғанған.

Бул жәмийет қәўипсизлигине жуўапкер күш ҳәм қуралларды нәтийжели басқарыў имканиятын бермекте. Соның ишинде, көше ҳәм жәмийетлик орынларда хызмет алып барып атырған хызметкерлер онлайн бақлап турылады ҳәм жағдайға қарап бағдарланады. Нәтийжеде ҳәдийсе орнына 3-5 минутта жетип барылады.

Олар «қәўипсиз қала», «қәўипсиз мәҳәлле» мақсетлерин тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықларды ерте анықлаўда әҳмийетли орын ийелемекте. Атап айтқанда, өткен дәўирде пайтахтта жүз берген 925 жынаят оператив түрде ашылған.

Бирден-бир оператив басқарыў орайында «Е-манзил», «Шакл-1», «Е-меҳмон», «Кадастр» бағдарламаларынан мағлыўмат алыў да жолға қойылған. «Бир миллион программист» жойбары шеңберинде оқыған жаслар тәрепинен «Қалқон» атлы система жаратылған.

Булардың барлығы халқымыздың тынышлығына жуўапкер уйымлардың нәтийжели бирге ислесиўин тәмийинлеп, мағлыўматларды бир пүтин бағдарламада қайта ислеў, оператив жағдай ҳәм кримоноген жағдайларды автоматикалық таллаў, машқалаларды баҳалаў арқалы дурыс қарарлар қабыл етиў имканиятын берип атыр.

Президентимиз орайда жаратылған шараятларды көзден өткерди. Бул системадан пайдаланып, мәҳәллелердеги профилактика инспекторларының жумысын да санластырыў, жынаятшылыққа қарсы гүресиў нәтийжелилигин ҳәм жеделлигин арттырыў бойынша көрсетпелер берди.

Сондай-ақ, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында қыс мәўсимин шығынсыз өткериў бойынша ўазыйпалардың орынлаў жағдайын додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Бизге белгили, өткен қыстағы суўықтан келип шығып, бул мәўсимге айрықша таярлық көрилди. Ишки имканиятлар толық иске қосылып, тармақлар модернизацияланды. Мәкеме, кәрхана ҳәм мәҳәллелердеги кемшиликлер сапластырылды.

Қосымша энергетика қуўатлықларын жаратыў бойынша системалы жумыслар шөлкемлестирилди. Нәтийжеде қысқа ўақытта 675 мегаватт иске қосылды, жылдың ақырына шекем 2,2 мың мегаваттлы 7 станция иске қосылады. Сондай-ақ, 100 подстанция, 11,5 мың трансформатор ҳәм 34 мың километр тармақлар жаңаланды.

Ташкент қаласында халықтың көплиги ҳәм талап жоқарылығы себепли бул мәселеге айрықша тоқтап өтилди. Атап айтқанда, пайтахтымызда жәми қуўатлығы 286 мегаваттқа тең 2 жаңа подстанция қурылды. 228 трансформатор, 1 мың 130 километр тармақлар жаңаланды. 260 километр жоқары күшлениўдеги кабель тармақлары тартылды.

Мәмлекетимиз басшысы бул жумысларды даўам еттирип, бағдарлама шеңберинде режелестирилген ўазыйпаларды қысқа мүддетлерди жуўмағына жеткериў зәрүр екенлигин атап өтти.

Мәжилисте айырым аймақларда энергетика системасында бақланып атырған машқалалар додаланды. Президентимиз социаллық тармақларда билдирилип атырған пикирлерге айрықша итибар қаратты.

Мәселен, Наманган ўәлаятындағы газ қуйыў шақапшаларында газ азайған. Әндижан ўәлаятының Балықшы, Пахтаабад, Марҳамат ҳәм Әндижан районларында ҳаўа суўыўы себепли электр энергиясы менен байланыслы машқалалар көбейген. Қашқадәрья ўәлаятының Ғузар ҳәм Касби районларында шырақ көп өшип атырғаны мәлим етилген.

Мәмлекет басшысы бундай кемшиликлерди сапластырыў ҳәм келешекте алдын алыў зәрүр екенлигин және бир мәрте атап өтти. Электр тармақлары ҳәм газ тәмийнаты жуўапкерлерине авария бригадаларын таяр жағдайға келтирип, күн-түни ислеўин тәмийинлеў, зәрүр қурал ҳәм материаллар резервин көбейтиў бойынша тапсырма берилди.

Быйыл көмир тәмийнатында да жаңа система жолға қойылды. Өз ўақтында көрилген илажлар нәтийжесинде 5 миллион 900 мың тонна көмир қазып шығарылды. Халыққа 930 мың тонна, социаллық тараў ушын қосымша 93 мың тонна көмир жеткерилди.

Аймақлардағы қоймаханаларда турған көмирди халыққа ҳәм социаллық тараўға жеткерилиўин күнделикли қадағалаўға алыў, ысытыў системасы мәмлекетлик-жеке меншик шерикке өткерилген объектлерде зәрүр көмир резервин жаратыў керек екенлиги айтылды.

Энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, нызамға қарсы жағдайларды шеклеў зәрүр екенлиги де көрсетип өтилди.

Бүгиннен баслап барлық ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм социаллық инфраструктура хызметлери 24 саатлық жумыс тәртибине өтетуғыны белгиленди.

Мәжилисте Жаңа жыл байрамы алдынан халықтың абаданлығы ушын шараятларды және де жақсылаў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Мәдений илажлар жоқары дәрежеде өткерилиўи, кеўилашар бағдарламалар ҳәм хызметлердиң көбейтилетуғыны атап өтилди. Сондай-ақ, базарларда арзанластырылған саўда ярмаркалары шөлкемлестириледи. Баҳаларды тийкарсыз арттырыўға урыныў Бас прокуратура тәрепинен қадағалаўға алынады.

Сондай-ақ, жәмийетлик транспортлардың турақлы қатнаўын тәмийинлеў, метро ҳәм автобусларда халыққа сапалы хызмет көрсетиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бәндиргилерде шараятларды жақсылаў, жолларды тазалаў ҳәм ҳәрекет қәўипсизлигин арттырыў мәселелерине де тоқтап өтилди.

Мәжилисте қысқа таярлық бойынша Ҳүкимет комиссиясы ҳәм басқа да жуўапкерлердиң есабаты тыңланды.

ӨзА