Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 12-декабрь күни пахта шийки затын жетистириў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары додаланды.

Мәмлекетимиз басшысының басшылығында усы жылы 9-ноябрь күни өткен видеоселектор мәжилисинде пахташылық тармағында бар машқалалар талланып, кластерлер ҳәм фермерлер арасында қатнасықларды жаңаша шөлкемлестириў, пахта туқымгершилигине алдынғы көзқарасларды енгизиў зәрүр екени көрсетип өтилген еди.

Мәжилисте бул тапсырмаларға муўапық ислеп шығылған усыныслар көрип шығылды.

Соның ишинде, 2024-жылдың басынан баслап пахта шийки затын жетистириўшилер ҳәм пахта-тоқымашылық кластерлери арасында қатнасықлар жаңа тәртипте шөлкемлестириледи.

Шигит егилиўинен алдын фермер хожалықлары ҳәм ўәлаят ишиндеги кластер арасында топырақ өнимдарлығы шеңберинде фьючерс шәртнамалары Товар-шийки зат биржасының «пахта шийки заты секциясы»нда бир аймақ ушын өткерилетуғын саўдалар арқалы дүзиледи.

Онда фермер өзи жетистиретуғын пахтаның муғдарын биржаға жайластырады ҳәм жоқары баҳа усыныс еткен ўәлаят ишиндеги кластер бул фермер менен фьючерс шәртнамасын дүзеди. Басланғыш баҳа Нью-Йорк биржасындағы пахта талшығының кейинги 12 айдағы орташа баҳасы тийкарында белгиленеди.

Фьючерс шәртнамасынан артықша жетистирилген пахта шийки заты ямаса оннан алынатуғын бирлемши ҳәм екилемши өнимлерди фермер хожалықлары тиккелей фьючерс шәртнамасы дүзген кластерге ямаса биржа арқалы қәлеген субъектке сатады.

Пахта шийки заты фермерлердиң өз қаржылары, соның ишинде, коммерциялық кредитлер есабынан жетистирилгенде пахта шийки заты ҳәм оннан алынатуғын бирлемши және екилемши өнимлер биржада еркин сатылады.

Мәжилисте пахта шийки затын жетистириўши хожалықларға биржада қатнасыў тәртиби бойынша оқыў семинарлар шөлкемлестириў керек екени атап өтилди. Кластерлер ҳәм басқа да кәрханалар тәрепинен пахта шийки заты тек ғана электрон тәрези арқалы қабыл етилетуғыны ҳәм пахта талшығын автоматласқан есапқа алыў системасының енгизилетуғыны белгиленди.

2024-жыл өниминен баслап фермерлер ҳәм кластерлерге пахта шийки затын жетистириў ҳәм жуўмақлаўшы есап-санақлар ушын Аўыл хожалығын қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан кредитлер ажыратыўдың жаңа системасы енгизиледи.

Ажыратылған кредит қаржылары есабынан агротехникалық илажлар шеңберинде товарлар, жумыслар ҳәм хызметлер, соның ишинде, материаллық ресурслар жеткерип бериўшилер фермер хожалықлары ҳәм кластерлер тәрепинен ықтыярлы түрде таңланады.

Кредит буйыртпалары толық электрон тәризде усынылады.

Пахта-тоқымашылық кластерлерин шөлкемлестириў тәртибин де жаңалаў зәрүр екени атап өтилди.

Онда кластер шөлкемлестириўге талапкерлер тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў процесслериниң кеминде еки басқышын жолға қойған болыўы, салықлар ҳәм мәжбүрий ажыратпалардан ҳәм банк кредитлеринен мүддети өткен қарыздарлығы болмаўы керек болады.

Пахта-тоқымашылық кластерлериниң жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық комиссия сапластырылып, кластер жумысын шөлкемлестириў нийетинде болған талапкерлер ашық-айдын онлайн таңлаў тийкарында таңлап алынады.

Аўыл хожалығы министрлиги кластерлер реестрин жүргизеди ҳәм бул реестрди өзиниң веб-сайтында турақлы жәриялап барады. Министрликке ең әҳмийетлиси нәтийжелилик көрсеткишлер системасы бойынша кластерлердиң автоматластырылған рейтингин жүргизиў бағдарламасын жаратыў тапсырылады.

Мәжилисте пахта туқымгершилигин раўажландырыў ҳәм өнимдарлықты арттырыў мәселелери де көрип шығылды.

Усы мақсетте ислеп шығылған Президент қарарында келеси жылдан пахта егилетуғын майданлардың 10 процентине шекем тәжирийбе-сынақ тәризинде сырт ел пахта сортларын жайластырыўға рухсат бериў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, тәжирийбе тәризинде 14 районның балл бонитети төмен, суў тәмийнаты аўыр болған аймақларда жоқары өнимдарлы жергиликли ҳәм сырт ел сортларының жайластырылатуғыны белгиленбекте.

Сырт елден алып кирилетуғын пахта сортлары ушын айрықша агротехника ҳәм әпиўайыластырылған карантин талапларын енгизиў, бул сортларды жетистириўди арнаўлы карантин бақлаўында ҳәм Пахташылық кеңеси илимий көрсетпеси тийкарында алып барыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Пахта-тоқымашылық кластерлери ҳәм фермер хожалықлары тәрепинен ғаўашаның сортларын жайластырыўда кепилленген туқым тәмийнатына муўапық еркинлик берилмекте.

Республикада ғаўашаның өнимдарлы ҳәм санаатқа қолайлы жаңа сортларын жаратыўды хошаметлеў мақсетинде бир қатар ўазыйпалар белгиленбекте.

Соның ишинде, жергиликли перспективалы ғаўаша сортларын көбейтиў, оның сапалы элита туқымгершилигин жолға қойыў ҳәм сортты коммерцияластырыўда кластер ҳәм фермерлерге тийисли сортқа авторлық етиўге рухсат бериледи. Сертификатланған туқымлық таярлаўды басқышпа-басқыш кластерлер ҳәм жеке меншик туқымгершилик кәрханаларына өткериў нәзерде тутылған.

2024-жылдан баслап 30 центнерден төмен өним берип атырған сортлар турақлы анықланып, өнимдарлы жергиликли ҳәм сырт ел сортларына алмастырып барыў әмелияты енгизиледи.

Аўыл хожалығы министрлигине бул системаны әмелге асырыў механизмин ислеп шығыў ҳәм Туқымгершилик орайының жумысын трансформациялаўға тапсырма берилди.

Өзбекстанда талшықлы егинлерден шығатуғын өнимлер, талшық шығындысы, пахта санааты тараўында арнаўлы мәкеме жоқ екени себепли пахташылық кеңесиниң илимий-изертлеў уйымы – «Пахтасанаат илимий орайы» АЖ негизинде Талшықлы егинлер илимий-изертлеў институтын шөлкемлестириў усыныс етилди.

Сондай-ақ, мәмлекетимизде Генетикалық модификацияланған организмлер ҳәм олардың өнимлериниң қәўипсизлиги бойынша илимий экспертизасы енгизиледи ҳәм генетикалық модификацияланған сортлар миллий базасы қәлиплестириледи. Бул арқалы ислеп шығарылып атырған ҳәм импорт етилетуғын ГМО өнимлериниң қәўипсизлигин баҳалаў, сондай-ақ, ГМО өнимлери ҳаққындағы мағлыўматларды таллаў жолға қойылады.

Тараўды санластырыў мақсетинде 2024-жылдың ақырына шекем «е-туқым» платформасы иске қосылады. Онда туқымгершилик кәрханалары ҳәм хожалықлардың өз-ара интеграцияласыўы, сорт ҳәм гибридлердиң туқым тәмийнаты ҳәм резерви, аймақларға бейимлиги ҳәм агротехнологиялары, еркин ҳәм ашық-айдын жайластырыў, қайта бөлистириў, сертификат алыў имканияты жаратылады.

Президентимиз бул усынысларды мақуллап, жаңа системаны әмелиятқа енгизиў бойынша бир қатар көрсетпелер берди.

ӨзА