Қәдирли ўатанласлар!
Ҳүрметли илим тараўының ўәкиллери!
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди – мийнеткеш илимпаз ҳәм академиклер, қәбилетли изертлеўшилер, докторант ҳәм аспирантларды, елимиздеги барлық илимий хызметкерлерди бүгинги қутлы сәне – Өзбекстан илимлер академиясы дүзилгениниң 80 жыллығы менен қутлықлайман.
Уллы илимпаз Маҳмуд Қашғарийдиң «Илимпаздың дастағы тастандур» деген сөзлеринде илимпазлар изленип, машақат шегип болса да, бәрқулла адамларға нур таратып жасайды, деген ҳикмет жәмленгенин сизлер, әлбетте, жақсы түсинесиз.
Биз сизлердиң тымсалыңызда ийне менен қудық қазып, жаңа изертлеў ҳәм қолланбалар жаратып атырған, Жаңа Өзбекстанның илимий-интеллектуаллық потенциалын жоқарылатып киятырған мине, усындай пидайы инсанларды көремиз.
Бул қутлы әййямда 80 жыл даўамында оғада қурамалы ҳәм мақтанышлы жолды басып өткен Өзбекстан илимлер академиясы елимизде жүзлеген атақлы илимпаз ҳәм академиклерди тәрбиялап, илим тараўлары бойынша абырайлы илимий мектеплер жаратыўға үлкен үлес қосқанын миннетдаршылық пенен атап өтемиз.
Ғәрезсизлик дәўиринде, әсиресе, кейинги жыллары сизлер мине, усындай жетискенликлерди уллы ата-бабаларымыз тийкар салған мақтанышлы дәстүрлерге үнлес ҳалда байытып, мәмлекетимизде илимниң раўажланыўын жаңа басқышқа алып шықпақтасыз.
Академия системасында түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, оның қурамында жаңа илимий шөлкемлер ашылып, системадағы мәкемелер саны дерлик 1,5 есеге көбейди. Оларды тиккелей мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырыў тәртиби жолға қойылды.
Жетекши илимпазлар, қәбилетли жас илимий хызметкерлердиң жумысы ҳәм илимий изертлеўлерин қоллап-қуўатлаў, жәмийетте илим ғайраткерлериниң абырай-мәртебесин арттырыў бәрқулла дыққатымыз орайында болып келмекте. Тараў ўәкиллериниң мийнет ҳақысы ҳәм докторантлардың стипендиясы 3 есеге, академиклердиң гонорары 2 мәртеден артық арттырылғаны, илимий дәрежеге ийе илимий хызметкерлердиң мийнет ҳақысына 60 процентке шекем үстеме ҳақы төлеў системасының енгизилгени оны тастыйықлайды.
Илимлер академиясы ағзаларының социаллық-турмыслық шараятын жақсылаў, денсаўлығын тиклеў бойынша системалы илажлар әмелге асырылмақта. Системада жумыс алып барып атырған изертлеўшилер ушын жеңиллетилген тийкарда квартиралар ажыратылды, шаңарақлы жас докторантлар бийпул турақ жайлар менен тәмийинленди.
Академияның абырайлы халықаралық шөлкемлер ҳәм раўажланған мәмлекетлердеги илимий орайлар менен бирге ислесиўи күшейип, олар менен биргеликте әмелге асырылып атырған илимий изертлеўлер көлеми еки-үш есеге кеңейди.
Стажёр-изертлеўшилик институты қайта тикленип, қәбилетли жас изертлеўшилерди таярлаў сапасы жақсыланды. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда илимий жумыс пенен шуғылланып атырған 30 мыңнан артық изертлеўшилердиң ярымынан асламын жаслар қурап атырғаны тараўдың келешеги исенимли қолларда екенинен дәрек береди.
Әзиз ўатанласлар!
Бизге белгили, миллий тарийхымызда жарқын из қалдырған биринши ҳәм екинши Ренессанслар тийкарында бәринен бурын илим жетискенликлери жәмленген. Бүгин биз қурып атырған Үшинши Ренессанс тийкары да, әлбетте, инсан капиталы, илим, инновация ҳәм жаңа ойлап табыўлар тийкарында қурылады.
Соның ушын «Өзбекстан -2030» стратегиясы шеңберинде илимий ҳәм инновациялық жумыс ушын заманагөй инфраструктуралар жаратыў, илим ҳәм өндирис интеграциясын беккемлеў бойынша кең көлемли илажларды белгилеп алдық. Атап айтқанда, илимге бағдарланатуғын қаржылардың жалпы ишки өнимдеги үлесин 2025-жылға шекем 6 мәрте, 2030-жылға шекем болса 10 мәрте арттырыўды режелестиргенбиз.
Бундай стратегиялық ўазыйпаларды әмелге асырыўда биринши гезекте сизлердей илим ғайраткерлериниң үлкен потенциалына сүйенемиз. Биз елимиздеги барлық илимпаз ҳәм изертлеўшилерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм илимий мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын және де беккемлеў ушын буннан былай да зәрүр күш ҳәм иканиятларды иске қосамыз.
Ҳүрметли байрам қатнасыўшылары!
Сизлерди, сизлердиң тымсалыңызда мәмлекетимиз илимин раўажландырыў жолында пидайыларша мийнет етип атырған барлық ўатанласларымызды бүгинги қуўанышлы әййям менен және бир мәрте шын кеўилден қутлықлайман.
Оғада мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли ўазыйпаларды орынлаўда сизлерге күш-ғайрат, беккем саламатлық, шаңарақлық бахыт, жаңа жетискенлик ҳәм әўметлер тилеймен.
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти