Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!

Қәдирли мийманлар!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Сиз, әзизлерди өткен әсирдиң басларында қәлиплесип, тек ғана Орайлық Азия регионы емес, ал пүткил мусылман дүньясы ҳәм түркий дүнья тарийхында терең из қалдырған жадидшилик ҳәрекетин ҳәр тәреплеме үйрениўге бағышланған халықаралық әнжуманның ашылыўы менен шын кеўилден қутлықлайман.

Уқсас тарийхымыздың жарқын бетлерин қурайтуғын ағартыўшы ата-бабаларымыздың ибратлы ҳәрекетин, олардың өз баҳасы ҳәм әҳмийетин елеге шекем жоғалтпастан киятырған бай мийрасын бирге ислесиўши мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, белгили сырт ел илимпазлары менен биргеликте терең изертлеў ҳәм үгит-нәсиятлаў бизиң баслы ўазыйпамыз болып есапланады.

Бүгинги әнжуманымызға келген абырайлы халықаралық шөлкемлердиң басшылары ҳәм ўәкиллерине, сондай-ақ, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Әзербайжан, Түркия, Россия Федерациясы, Венгрия, АҚШ, Германия, Нидерландия, Швеция, Япония ҳәм басқа да мәмлекетлерден келген белгили илимпаз ҳәм экспертлерге бул әнжуманды шөлкемлестириў басламамызды қоллап-қуўатлағаны ушын қызғын миннетдаршылық билдиремен.

Әзиз дослар!

Өзиниң мәнис-мазмунына бола сийрек гезелесетуғын феномен болған жадидшилик идеясының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўына байланыслы дүньяның бир қатар еллеринде өзине тәнликти, пуқаралық жәмийетиниң раўажланыўына қосқан үлкен үлесин концептуаллық ҳәм системалы тийкарда ҳәр тәреплеме үйрениў әҳмийетли мәселе болып қалмақта.

Усы көзқарастан қарағанда, раўажланыўды сүйиўши ата-бабаларымыздың алдыңғы идеялары менен көзқарасларын изертлеў ҳәм системаластырыў, Түркстан жадидлериниң миллий мәмлекетшилик раўажланыўындағы орны ҳәм тәсирин үйрениў, XX әсирдиң биринши шерегинде олар тәрепинен қурылған мәмлекетлик структуралардың нызамшылық базасын таллаў, дүньялық, ҳуқықый ҳәм демократиялық жәмийет қурыўға қаратылған ҳәрекетине тарийхый баҳа бериў, Жаңа Өзбекстан ҳәм Үшинши Ренессансты қурыўда бул мийрастың беккем тийкары болып хызмет етиўи менен байланыслы мәселелер бүгинги конференцияның тийкарғы додалаў темалары етип белгиленгени айрықша әҳмийетке ийе.

Бәршемизге белгили, «Тилде, пикирде, исте бирлик» деген ийгиликли идея менен ортаға шыққан жадид бабаларымыз халықларымызды жаўызлық ҳәм қалақлықтан алып шығыў, оларды ғәплет уйқысынан қутқарыўдың тийкарғы жолы – билим ҳәм ағартыўшылықта, дүньялық раўажланыўды ийелеўде, деп билди.

Олар бул жолда пидайылық көрсетип, жаңа метод мектеплери, театр ҳәм китапханалар, баспалар ашты. Жәмийет ағзаларының дүньяқарасы ҳәм турмыс тәризин өзгертиў мақсетинде газета ҳәм журналлар басып шығарды. Жасларды раўажланған мәмлекетлерге оқыўға жиберди.

Соның менен бирге, мәмлекетлик басқарыў, суд-ҳуқық, қаржы, салық системалары, жер мәселелерин эволюциялық тийкарда түп-тийкарынан реформалаў ушын идеялық ҳәм әмелий ҳәрекетлер алып барды. Бир сөз бенен айтқанда, олар миллий ояныў, миллий раўажланыў идеясын жүзеге шығарыў ушын бар күш ҳәм имканиятларын жумсады.

Тилекке қарсы, сол дәўирдеги жағдай, жәмийетлик дүзим бул уллы мақсетлерди әмелге асырыўға жол бермеди.

Ҳәзирги күнде Жаңа Өзбекстанда инсан қәдири улығланатуғын әдил, еркин ҳәм абат жәмийет, халықшыл мәмлекет, абадан турмыс қурыўға қаратылған реформаларымыз жадид бабаларымыздың идеялары менен бағдарламаларына ҳәр тәреплеме үнлес ҳәм уқсас болып есапланады.

Соның ушын, халқымыздың азатлығы ҳәм Ўатанымыздың раўажланыўы жолында әзиз жанларын пидә еткен ата-бабаларымыздың естелигин мәңгилестириў, олардың жумысы ҳәм мийрасын жаңаша сана тийкарында үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар берилмекте.

Елимизде бул бағдарда әҳмийетли пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, ҳәр жылы 31-август – Репрессия қурбанларын еслеў күни сыпатында кеңнен белгиленбекте.

«Шейитлер естелиги» естелик комплекси ҳәм жәмийетлик фонды, Репрессия қурбанлары естелиги мәмлекетлик музейи, оның Қарақалпақстан Республикасы ҳәм барлық ўәлаятларда аймақлық бөлимлери жумыс алып бармақта.

Мине, усы жумысларымыздың логикалық даўамы сыпатында Бухара қаласындағы тарийхый орында Жадидшилик тарийхы музейи шөлкемлестирилмекте.

Бул қурамалы дәўир тарийхына байланыслы илимий ҳәм көркем шығармалар, «Тарийхтың белгисиз бетлери», «Репрессия қурбанлары» атамасындағы көп томлық естелик китаплары басып шығарылмақта. Көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер, көрсетиўлер таярланып, көрсетилмекте. Халықаралық конференциялар, көргизбелер ҳәм дөгерек сәўбетлери, еслеў кешелери, семинарлар турақлы өткерилмекте.

Атақлы ағартыўшыларымыз мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары менен сыйлықланбақта. Олардың әзиз атлары менен аталатуғын естелик  комплекслери, билимлендириў мәкемелери, музейлер, бағ ҳәм қыябанлар қурылмақта.

Кейинги жыллары Өзбекстан жоқары суды тәрепинен 1030 дан аслам езиўши дүзим репрессиясына ушыраған ўатанласларымыздың аты ақланғаны тарийхый әдилликти тиклеў жолындағы жаңа қәдем болды.

Ҳәзирги ўақытта, елимизде ҳәр жылы август айын «Репрессия қурбанларын еслеў айы» сыпатында өткериў, пидайы ўатанласларымыз ҳәм олардың әўладлары жасаған ҳәм жасап атырған шаңарақларға естелик көринислерин орнатыў, олардың мийрасхорлары ҳәм жақын адамларына ҳүрмет-итибар көрсетиў бойынша илажлар белгиленбекте.

Мәҳәлле уйымларында «Репрессия қурбанларының естелиги мүйешлери» ҳәм «Мәҳәлле естелик китаплары»н шөлкемлестириў, ҳәр жылы кеминде 100 репрессия қурбаны ҳәм жадид бабаларымыздың өмири ҳәм мийнет жолын сәўлелендиретуғын топлам таярлаў режелестирилген.

Бул әҳмийетли темада архив ҳүжжетлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, илимий изертлеў жумысларын әмелге асырыў ушын мақсетли грантлар жәриялаў, жаңа көркем ҳәм публицистикалық шығармалар дөретиў, сырт ел илим орайлары, фондлар ҳәм музейлер, китапханалар менен бирге ислесиўди раўажландырыў илажлары көрилмекте.

Уллы ағартыўшы бабаларымыз тәрепинен алға қойылған идеялық-сиясий, жәмийетлик-ағартыўшылық ҳәм ҳуқықый-әдеп-икрамлылық көзқараслар, ҳәр қыйлы миллет ҳәм халықлар арасында кеңпейиллик ҳәм тилеклеслик принциплерин енгизиў менен бирге, миллий мәплерди қорғаўға қаратылған умтылыслар ҳәзирги қурамалы ҳәм қәўетерли заманда барлығымыз, бәринен бурын, жасларымыз ушын ҳақыйқый ибрат үлгиси болып есапланады. Олардың өмири ҳәм мәртлиги ҳәзирги тыныш ҳәм татыў күнлерге аңсатлық пенен ерисилмегенин еслетип, миллий ғәрезсизлигимизди, жанажан Ўатанымызды көздиң қарашығындай сақлаўға бәрқулла шақырып турады.

Пурсаттан пайдаланып, белгили тарийхшы илимпаз, АҚШтағы Мичиган университетиниң профессоры, ўатанласымыз Темур Хожа улына мәмлекетимиз тарийхы, соның ишинде, жадидлер мийрасы менен байланыслы бийбаҳа ҳүжжетлерди Өзбекстанға жеткерип атырғаны ушын миннетдаршылық билдиремен.

Бүгинги абырайлы әнжуман ҳәр биримизди руўхый ояў болыўға ҳәм сақ болыўға шақырып, кеўиллеримизде уллы ата-бабаларымызға тән күш-ғайрат туйғыларын жоқарылатыўға, халықларымыз ҳәм мәмлекетлеримиз арасында өз-ара дослық ҳәм туўысқанлық руўхын, илимий-мәдений байланысларымызды және де беккемлеўге хызмет ететуғынына исенемен.

Сиз, ҳүрметли әнжуман қатнасыўшыларына беккем денсаўлық, жаңа дөретиўшилик жетискенликлер, конференция жумысына болса табыс тилеймен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти