Усы жыл 10-декабрь күни Нөкис қаласындағы орайлық атшабар майданында “Аўыл хожалығы хызметкерлери күни”не бағышланып байрам тамашалары болып өтти.

Миллий қара үйлер, дийқанларымыздың пидәкерлик мийнетин улығлаўшы шақырық-сүренлер менен безелген атшабар майданына  бул жерге келген республикамыздыӊ барлық қала ҳәм районларынан тараў пидайылары, ветеранлар, мийманлар байрам тамашаларының гүўасы болды.

Илаждыӊ ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады ҳәм Президентимиздиӊ басшылығында аўыл хожалығын модернизациялаў ҳәм диверсифакциялаў, жер-суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, тараўға инновациялық технологияларды енгизиў, халықты сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, фермер ҳәм кластерлерди қоллап-қуўатлаў бағдарындағы әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей., соңғы жыллары Президентимиздиӊ басшылығында “Инсан қәдири ушын” деген идея турмысымызға кеңнен ен жайып, усы тийкарда барлық қала ҳəм аўылларымызда, ҳəттеки ҳəр бир аўылда кең кѳлемли қурылыс және абаданластырыў жумыслары əмелге асырылмақта. Әсиресе Президентимиздиң Қарақалпақстанға, усы жерде жасап атырған инсанларға деген итибары нәтийжесинде 7 пәрман ҳәм қарар қабыл етилип, 452 пуқаралар жыйынының ҳәр бирине 500 миллион сумнан қосымша қаржы берилип, кадастры жоқ 43 мыңнан аслам турақ жайдың кадастр ҳүжжетлерин таярлаў жумыслары жолға қойылды. Қала ҳəм аўылларымызды абат етиў мақсетинде быйылғы жылдың өзинде 636 километрге шамалас топырақлы жолға 55 миллиард 678 миллион сумлық қум-щебень араласпасын төсеў жумыслары алып барылды.

Ҳəзирги ўақытта елимиздиң барлық тараўлары қатарында аўыл хожалығы тараўында да үлкен реформалар әмелге асырылмақта. Өткен қысқа дәўир ишинде тараўға байланыслы бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң қабыл етилгени бул бағдардағы илажлар көлемин жаңа басқышларға көтермекте.

Әсиресе, Президентимиздиң белгилеп берген тапсырмалары тийкарында Нөкис районында мийўе ҳәм жүзим нәллерин жетистириўге қәнигелескен “Ин-витро” лабораториясы иске түскен болса, сырт еллерден нәсилли шарўа малларын алып келген ҳәм шарўашылық өнимлерин жетистирип атырған хожалықларға 10 миллиард сўмға шекем субсидия ажыратылыўы жолға қойылды. Қалаберсе, усы жылдың 1-декабрь сәнесинен баслап шарўашылық хожалықларына нәсилли қарамалларды импорт етиўде салық жеңилликлери берилмекте.

Усылар менен бир қатарда, быйылғы жылы Қарақалпақстандағы мийўе-палыз ҳәм шарўашылық жойбарларына 10 миллион доллар ажыратылмақта. Буннан тысқары, Министрлер Кабинетиниң усы жыл 29-ноябрьдеги қарары менен де бир қатар имканиятлар жаратылмақта. Әлбетте, бул өз гезегинде аўыл хожалығында жоқарғы нәтийжелерге ерисиўде беккем тийкар болмақта.

Дийқанларымыздың маңлай тери менен быйылғы жылы аўыл хожалығында жоқары зүрәәт алыўға ерисилгенин айрықша атап өтиў керек, Атап айтқанда, 253 мың тоннадан аслам масақлы дән жетистирилип, реже 108,6 процентке,  266 мың тоннадан аслам пахта жетистирилип, реже 106,1 процентке, дерлик 756 мыӊ тонна мийўе-палыз өнимлери жетистирилип, реже 101,8 процентке, сондай-ақ, 858 тонна пилле жетистирилип, реже толық орынланды.

Буннан тысқары, халқымызға 82 мыӊ тоннаға шамалас гөш, 257 мың тоннадан аслам сүт өнимлери жеткерип берилди. Бүгинги күнде қала ҳәм районларымызда жумыс алып барып атырған аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеўши  34 кәрхана республикамыз экономикасын беккемлеўге мүнәсип үлес қосып келмекте. Соныӊ менен бирге, быйылғы жылдыӊ өзинде 30 миллиард 695 миллион сум қаржы есабынан 311 аўыл хожалығы техникасы алып келингени, айланыстан шығып кеткен 51 мыӊ 543 гектардан аслам егислик жер майданыныӊ қайта тикленгени, 33 аўыл хожалығы агрокластери жумысларының жолға қойылғаны – булардыӊ барлығы дийқан, фермер ҳәм кластерлеримиз дәраматларыныӊ артыўына,  пилле, ғәлле ҳәм пахта шәртнамаларыныӊ орынланыўына, сондай-ақ, экономикамыздыӊ буннан былай да беккемлениўине тийкар болмақта.

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги, Өзбекстан Фермер, дийқан хожалықлары ҳəм қыйтақ жер ийелери Кеңеси тəрепинен республикамыздан 146  тараў пидайысы “Қишлоқ хўжалиги фидойиси”, “Илғор фермер”, “Меҳнаткаш деҳқон”, “Номунали таморқачи”,  “Сўв хўжалиги аълочиси” көкирек белгилери менен сыйлықланды.

Байрам тамашалары арқан тартысыў жарысы менен басланды. Онда Тахтакөпир районы биринши, Бозатаў районы екинши, Кегейли районының командасы сыйлы үшинши орынларды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Буннан кейин бир неше салмақ категорияларында палўанлар беллесиўи болып өтти. Онда өз салмақ категорияларында Хожели районынан Асадбек Айтбаев, Қоңырат районынан Уткир Уразгалиев, Қанлыкөл районынан Атабек Бегалиевлар жеңиске еристи. Бас байрақ ушын ортаға Хожели районыныӊ палўаны Зарафатдин Турдымуратов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң хызметкери Бахрам Сайтовлар мирәт етилди. Бир-бирине мүнәсип палўанлар беллесиўинде Зарафатдин Турдымуратов жеңиске еристи. Палўанларға 50, 40, 30, 20, 10 миллион сум ақшалай сыйлық тапсырылды.

Қошқарлар урысы да тамашагөйлерде айрықша қызығыўшылық оятты.

Буннан кейин ат спорты жарыслары басланды. “Қыз қуўыў”, “Теңге алыў”, бир, еки, бес, жети, он үш айлаўға атлар жиберилди. Онда жеңиске ерискен шабандозлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен қойылған ақшалай сыйлық ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Командалық “Көкпар” жарысы да қызықлы өтти. Онда Бозатаў районы шабандозлары биринши, Шымбай районы екинши, Миллий гвардияға қараслы “Шабандозлар мектеби” үшинши орынларды ийеледи.

Байрам мүнәсибети менен узақ жыллардан берли аўыл хожалығы тараўында нәтийжели жумыс алып барып атырған бир қатар фермерлер менен пидайы хызметкерлер түрли номинация бойынша хошаметленди. Атап айтқанда, Нөкис районындағы “Қоңыратбай Меҳри”  фермер хожалығының баслығы Е.Айтмуратов “Ең жақсы фермер хожалығы”, Беруний районындағы “Шукурулла Бабаджанов” фермер хожалығының баслығы Ш.Бабаджанов “Ең жақсы шарўа фермер хожалығы”, Елликқала районындағы “Жавохир асл мева боғи» “фермер хожалығының баслығы А.Атабаев “Ең жақсы бағман” номинациясы жеңимпазы болып, аўыл хожалығы техникалары менен сыйлықланды.

Байрам қатнасыўшыларына дийқанларымыз тәрепинен жетистирилген аўыл хожалығы өнимлериниң ярмаркасы, шебер аспазларымыз таярлаған түрли тағамлар усынылды. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы байрам қатнасыўшыларына жоқары кейпият бағышлады. “Аўыл хожалығы хызметкерлери күни”не бағышланып өткерилген байрам халық сейили менен узақ даўам етти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.