Қәдирли ўатанласлар!
Сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды 8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.
Конституция миллий мәмлекетшилигимиз, суверенитетимиз, усы күнге шекем ерискен барлық жетискенлик ҳәм шеклеримиз, демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыў жолындағы ҳәрекетлеримиздиң беккем тийкары болып есапланады. Тийкарғы Нызамымыздың жанажан Өзбекстанымыздың раўажланыўындағы теңсиз әҳмийетин жоқары қәдирлеймиз.
Әлбетте, быйылғы байрам жәмийетлик-сиясий турмысымызда, мәмлекетимиздиң раўажланыўында айрықша мазмунға ийе. Бул, бәринен бурын, быйыл 30-апрельде миллий тарийхымызда биринши мәрте улыўмахалықлық референдум тийкарында Конституциямыз жаңа редакцияда қабыл етилгени менен байланыслы, десек, саррас ҳақыйқатты айтқан боламыз.
Әлбетте, түпкиликли мәниде халықшыл нызам болған Тийкарғы нызамымыз Жаңа Өзбекстанды қурыўға қаратылған кең көлемли реформаларымыз артқа қайтпаслығының беккем ҳуқықый кепили болып хызмет етеди.
Жаңа редакциядағы Конституциямызда Өзбекстанның бес үстини яғный суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекет екени беккем белгилеп қойылды, оның мазмуны түп-тийкарынан жетилистирилип, жаңа бап ҳәм статьялар менен байытылды.
Биз өз алдымызға қойған ийгиликли мақсетлерге жетиўде Тийкарғы нызамымызда белгилеп қойылған барлық қағыйда ҳәм принциплерди әмелге асырмақтамыз. Жәмийетимизде Конституция ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик уйымлардың жумысын жаңаша конституциялық-ҳуқықый шараятқа сәйкес ҳалда жолға қойыўдың әҳмийетин терең түсинген ҳалда, бул бағдарда системалы жумысларды басладық. Атап айтқанда, Тийкарғы нызамымыздан келип шығып, ҳәрекеттеги нызамларымызды жаңа конституциялық нормалар менен үйлестириў бойынша жедел жумыслар алып барылмақта.
Бул ҳаққында сөз болғанда, қысқа мүддетте 30 дан аслам нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң жаңа редакциядағы Конституцияға муўапықластырылғанын атап өтиў керек.
Конституция ҳәм нызам үстинлиги принципи – бул турақлы раўажланыўдың тийкарғы нормасы. Соңғы жыллары барлық реформаларымызды мине усы, принцип тийкарында әмелге асырдық.
Елимизде жалпы ишки өним көлеми соңғы 6 жылда 1,5 мәртеден артық, исбилерменлер саны 2 есеге ҳәм санааттағы өсиў 40 проценттен зыятқа артқаны оны анық тастыйықлайды.
Сондай-ақ, усы жылы социаллық тараўға ажыратылған қаржылар 134 триллион сумды қурап, 2016-жылға салыстырғанда 5,6 есеге көбейди.
Кең көлемли ҳәм системалы реформаларымыз нәтийжелери халықаралық майданда да кеңнен тән алынбақта. Соның ишинде, Өзбекстан Коррупцияға маўасасыз мүнәсибет бойынша халықаралық индексте 32-басқышқа, Баспасөз еркинлиги индексинде 28-басқышқа, Ҳуқық үстинлиги индексинде 13-басқышқа көтерилди.
Әзиз дослар!
Биз инсан қәдири ҳәм мәплерин тәмийинлеў бойынша баслаған реформаларымызды жаңа конституциялық мәканда және де беккем даўам еттиремиз. Халқымыздың ерк-ықрарына бола Тийкарғы нызамымызда өз көринисин тапқан принциплерди толық жүзеге шығарыўымыз ҳәм турмысымыздың ажыралмас бөлегине айландырыўымыз зәрүр.
Усы мүнәсибет пенен алдымызда турған ең әҳмийетли тийкарғы ўазыйпаларды атап өтпекшимен.
Бириншиден, Конституциямызда халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дәреги болып есапланады, делинген. Мине, усы қағыйдадан келип шығып, пуқаралардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы қатнасын кеңейтиўге қаратылған реформаларымыз избе-из даўам еттириледи.
Екиншиден, Конституцияны жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында тиккелей қолланыў әмелиятына өтиўимиз зәрүр. Сонда ғана халқымыз Тийкарғы нызамымыздың өмир бағышлайтуғын күши ҳәм тәсирин терең сезинеди.
Бул бағдарда барлық мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, судлар жумысында конституциялық нормаларды тиккелей қолланыўды енгизиў бойынша әмелий илажлар көриледи.
Үшиншиден, суд-ҳуқық реформалары жаңа конституциялық мәканға бейимлестириледи. Бул процессте суд ҳәм ҳуқық қорғаўшы уйымлардың жумысын инсан ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға бағдарлаў тийкарғы ўазыйпа болып есапланады.
Төртиншиден, ҳуқықый тәсир илажларын қолланыўда тең салмақлылықты тәмийинлеў бойынша конституциялық принципти жүзеге шығарыў мақсетинде нызам ҳүжжетлериндеги 150 ден артық мине, усындай илажлар толық қайта көрип шығылады. Соның ишинде, айырым қылмысларды жынаятлар категориясынан шығарыў ҳәм жаза түрлерин өзгертиў, пуқаралық-ҳуқықый қатнасықлардан келип шығатуғын ҳәкимшилик жуўапкершиликти бийкарлаў бағдарында ҳуқықый реформалар әмелге асырылады.
Бесиншиден, Конституциямызда қатаң белгилеп қойылғанындай, инсанның абырайы ҳәм қәдири қол қатылмас болып, оның ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерине қайшы келетуғын ҳәр қандай ҳәрекетлерге қарсы гүресиў, әлбетте, ең әҳмийетли ўазыйпаларымыздан бири болып есапланады.
Бул бағдарда тийкарғы итибарымыз бундай жағдайлардың алдын алыўға қаратылған нәтийжели ҳуқықый механизмлерди енгизиўге, сондай-ақ, Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили, Балалар омбудсманы ҳәм басқа да инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлардың жумысын жетилистириўге қаратылады.
Алтыншыдан, барлық реформаларымызда инсан ҳәм оның мәплери орайлық орында турыўы ҳәм халқымыздың абаданлығы сондай-ақ, қолайлы турмыс кешириўин тәмийинлеў мәмлекетлик уйымлар ушын баслы мақсет болыўы керек. Соңғы жыллары усы мақсетте 300 ге шамалас мәмлекетлик хызметлер толық санластырылды ҳәм халыққа 50 миллионнан артық хызметлер көрсетилди.
Соның ушын, пуқара ҳәм мәмлекет арасындағы қатнасықлардағы бюрократиялық тосқынлықларды кескин қысқартыў ҳәм бул процесслердеги коррупциялық факторларды сапластырыў бойынша жумысларды избе-из даўам еттириўимиз керек.
Жетиншиден, биз «Жаңа Өзбекстан – ағартыўшылық жәмийет» концепциясы тийкарында конституциялық тәлим мәселесине де айрықша итибар қаратпақтамыз. Парламент тәрепинен Конституцияны оқып-үйрениў бойынша Миллий ҳәрекет бағдарламасы қабыл етилди. Тийкарғы нызамымызды үйрениўди балалар бақшасынан баслаў, барлық дәрежедеги билимлендириў мәкемелери, халықтың ҳәр қыйлы қатламлары, әсиресе, мәмлекетлик хызметкерлер бул процесске толық тартылыўы керек. Соның ушын мәмлекетлик хызметке жумысқа кириўде Конституция тийкарлары бойынша имтиханлар өткериў системасын әмелде қолланыўымыз зәрүр.
Сегизиншиден, Конституция ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўде мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың жәмийетшилик алдында есап бериўин арттырыў үлкен әҳмийетке ийе. Бул мәселеде пуқаралық жәмийети институтларын қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар беремиз. Атап айтқанда, соңғы жыллары мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң саны дерлик 40 процентке артты ҳәм оларды қоллап-қуўатлаўға 700 миллиард сумнан артық қаржы қаратылды.
Соның менен бирге, пуқаралық жәмийетиниң әҳмийетли шәрти болған жәмийетлик қадағалаўды күшейтиўимиз керек ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қуралларының жумысын қоллап-қуўатлаў сондай-ақ, социаллық бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша анық әмелий илажларды көриўде даўам етемиз.
Әзиз ҳәм қәдирли ўатанласлар!
Дүньяның ҳәр қыйлы регионларында тартыс ҳәм қарама-қарсылықлар, қураллы соқлығысыўлар барған сайын ҳәўиж алып бармақта. Алдымызда жаңа-жаңа машқалалар пайда болмақта. Ҳәзирги оғада қурамалы ҳәм қәўетерли жағдайда ҳәммемиз бирлесиўимиз керек. Таңлаған жолымыздан исенимли алға барыўымыз зәрүр екенлигин әсирлер даўамында көплеген аўыр сынақ ҳәм машақатлардан мүнәсип өткен мәрт ҳәм данышпан халқымыз әлбетте, жақсы түсинеди.
Өзбекстан Республикасының жаңаланған Конституциясы биз ушын бул жолда үлкен исеним, күш-ғайрат ҳәм илҳам дәреги болып хызмет ететуғынына исенемен.
Биз Тийкарғы нызамымызға сүйенген ҳалда, мине, усындай, теңсиз Конституциямыздың тийкарғы дөретиўшиси болған көп миллетли, кеңпейил ҳәм ақ кеўил халқымыз бенен бирге үлкен мақсетлеримизге әлбетте, жетемиз.
Жаңа Өзбекстанды барлығымыз биргеликте қурамыз!
Сиз, әзиз ўатанласларымды Конституция күни менен және бир мәрте шын кеўилден қутлықлап, бәршеңизге саламатлық, шаңарақларыңызға тынышлық-қәтержамлық, қут-берекет тилеймен.
Барлық ийгиликли ислеримизде Жаратқанның өзи яр болсын!
Елимиз тыныш, аспанымыз ашық, халқымыз аман болсын!
Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти