Египеттиң «Ал-Жумҳурия» газетасында «Климат машқалаларын жеңиўде Өзбекстанның орны» темасында мақала басып шығарылды, деп хабар бермекте «Дүнья» мәлимлеме агентлигиниң хабаршысы

Мәлим етилиўинше, Өзбекстанда келеси жылы Самарқанд климат форумы болып өтеди, онда басқа да мәселелер қатарында климаттың өзгериўине қарсы гүресиў илажлары ҳәм олардың Орайлық Азия ушын унамсыз ақыбетлери додаланады.

«Өзбекстанда биологиялық көптүрлиликти сақлаў бойынша бир қатар басламалар, соның ишинде, 2030-жылға шекем «жасыл» экономикаға өтиў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, 2028-жылға шекем биологиялық көптүрлиликти сақлаў, сондай-ақ, ҳәр жылы 200 миллион терек егиў, аэробиологиялық мониторингти енгизиў стратегиялары тастыйықланған, – деп жазды газета. – Президент Шавкат Мирзиёев климаттың өзгериўине бейимлесиў ҳәм «жасыл» раўажланыўдың әҳмийетине байланыслы 2050-жылға шекемги регионаллық стратегияны қабыл етиўди усыныс етти».

Басылымда атап өтилиўинше, Өзбекстан «жасыл» экономикаға өтиў әҳмийетли екенлиги ҳәм климат бойынша әҳмийетли басламаларды әмелге асырыў ушын мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиў зәрүрлигине исеним тийкарында гезектеги климат конференциясында қатнасыў нийетин билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги