Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигинде Тиккелей инвестициялар қоры жәрдеминде “Citibank” (AҚШ) бир топар экспертлер тәрепинен жергиликли қәнигелердиң халықаралық қаржы базарында ислеў маманлығын арттырыўға қаратылған тренинг өткерилди.

Онда ири компаниялардың басшылары, фонд базары қатнасыўшылары, тийисли министрлик, мәкемелер ҳәм коммерциялық банклердиң ўәкиллери қатнасты.

Семинар шеңберинде биржа саўдасы тараўында енди жумыс баслағанлар ғана емес, ал тәжирийбелилер де тез-тез дус келетуғын машқалалар ҳаққында сөз етти. Атап айтқанда, қарыз ҳәм акционерлик қуралы эмиссиясын шөлкемлестириў, атап айтқанда, акцияны фонд базарына дәслепки мәрте шығарыў, депозитар тилхатты сырт ел фонд биржасына баҳалы қағаз саўдасы қуралы сыпатында усыныў, сондай-ақ, баҳалы қағаз эмиссиясының ҳуқықый өзгешелиги ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

“Citibank” 1812-жылы шөлкемлестирилген ең ири халықаралық банк болып, қаржы хызмети тараўындағы ири халықаралық корпорация – “Citigroup” бөлими есапланады. 2007-жыл март айынан баслап холдинглер арасында АҚШтың ең ири банки сыпатында тән алынған. Дүньяның 100 ден аслам мәмлекетинде жумыс алып барады.

Тренинг усы жыл сентябрь айында мәмлекетимиз басшысының Америка Қурама Штатларына жоқары дәрежедеги сапарының жуўмағы бойынша ерисилген келисимлердиң орынланыўы шеңберинде шөлкемлестирилди. Сапар шеңберинде “Citibank” ўәкиллери менен өткерилген ишки ушырасыўда банк-қаржы тараўын раўажландырыўға қаратылған өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң көлемин кеңейтиў, нәтийжели механизмин енгизиў, сондай-ақ, Өзбекстан капитал базарына сырт елли инвесторларды тартыў бойынша келисимге ерисилди.

Тренингте “Citibank”басқарыўшы директорлары Кайхан Копмаз ҳәм Армин Линдтнер сөзге шықты. Қатнасыўшылар менен халықаралық қаржы базарында ислеўдеги инновациялық усыллар менен ортақласты.

Гўзал Сатторова,

ӨзА