Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 31 жыллығы мүнәсибети менен мәмлекетимиз тәрепинен алып барылып атырған инсаныйлық сиясатының әмелий көриниси сыпатында «Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған дүзелиў жолына исенимли өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойды.

Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 109-статьясы 23-бәнтине тийкарланып ислеген жынаяты ушын жазаны орынлаў мәкемелери ҳәм пробация уйымларында жазаны өтеп атырған ҳәм қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли өткен 334 шахс әпиў етилди.

Әпиў етилген шахслардың 34 и тийкарғы жазадан толық азат етилди, 249 ы жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли азат етилди, алтаўының еркинен айырыў жазасы жеңилирек жаза менен алмастырылды. Сондай-ақ, 45 шахсқа тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылды.

Әпиў етилгенлердиң 18 ин сырт ел пуқаралары, 23 ин ҳаял-қызлар, 15 ин 60 жастан асқан шахслар ҳәм 88 ин қадаған етилген шөлкемлердиң жумысында қатнасқан шахслар қурайды.

Пәрманның орынланыўы бойынша әпиў етилген шахсларды шаңарағы ҳәм жақынларының қушағына қайтарыў, социаллық турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.

–0–