Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Қытай Халық Республикасының мәмлекетимизлеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Юй Цзюнь менен ушырасты
Дәслеп Жоқарғы Кеңестиң Баслығы Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасына болған айрықша итибары, билимлендириў, социаллық қоллап-қуўатлаў, регионның инвестициялық тартымлылығын арттырыў, исбилерменликти раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў бағдарында жаратылып атырған имканиятларға, бул бағдарда қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарларға кең түрде тоқтап өтти. Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы ҳәм Қытай Халық Республикасы, соның ишинде, Қарақалпақстан менен өз-ара байланыслар, саўда-экономикалық, инвестициялық, социаллық, билимлендириў, аўыл хожалығы, туризм бағдарлары бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, бул бағдарда алдағы әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар бойынша сөз етилди. Сондай-ақ, саўда-экономикалық байланысларды беккемлеўдеги өз-ара бирге ислесиўди күшейтиў, республикамызда қытайлы инвесторлардың қатнасыўында жаңа жойбарларды көбейтиў, жоқары маманлықтағы кадрларды таярлаў бойынша бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер әтирапында пикир алысты.
Өз гезегинде Қытай Халық Республикасының мәмлекетимиздеги айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Юй Цзюнь жыллы жүзлилик пенен күтип алғанлығы ушын өз миннетдаршылығын билдирди.
Жақында Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы делегация Қытай мәмлекетинде әмелий сапар менен болған еди. Сапар шеңбериндеги бир қатар ири жойбарларды иске түсириў, жаңа инвестициялық жойбарлар бойынша ҳәм басқа да бағдарларда бирге ислесиў бойынша ерисилген бир қатар келисимлер ҳаққында пикир алысыўлар болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.