Ҳәр жылы 3-декабрь – Халықаралық имканияты шекленгенлер күни сыпатында орынларда кең түрде белгиленип келинбекте.

Нөкис қаласындағы «Имкон» реабилитация орайына ийе мәмлекетлик көп тармақлы қәнигелестирилген мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде сәне мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасты.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимизде Президентимиздиң басшылығында жаслардың, балалардың билим алыўы, саламатлығының беккем болыўы, бәркамал инсан болып жетилисиўи ушын көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Ең шетки аймақларда да заманагөй балалар бақшалары, мектеплер, мәденият ҳәм спорт объектлери пайдаланыўға тапсырылмақта.

Елимизде ҳеш бир бала итибардан шетте қалып атырған жоқ. Аралбойы балалары ушын арнаўлы қурылған бул реабилитация орайына ийе балалар бақшасында да бир қатар тәрбияланыўшылар оқып, билим алмақта. Сондай-ақ, саламатлығын тиклемекте. Бул жерде балалар ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Олардың саламатлығы турақлы қадағалаўға алынған ҳәм тәжирийбели медицина хызметкерлери менен педагог устазлар күни-түни аянбай мийнет етпекте.

«Имкон» шөлкеминде өткерилген илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен балаларға сәне мүнәсибети менен байрам саўғалары тапсырылды.

Илаж балалардың атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.