Ҳүрметли делегация басшылары!
Бүгинги тарийхый саммитке мирәт етилгенимиз ҳәм конференцияның жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Жоқары Мәртебели Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаянға билдирилген қызғын миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.
Биз Әмирликлердиң климат өзгериўине қарсы гүресиўдеги глобаллық басламалары ҳәм «жасыл» раўажланыўға қосып атырған үлкен үлесин қоллап-қуўатлаймыз.
Пурсаттан пайдаланып, Бирлескен Араб Әмирликлери халқын Миллий байрамы менен қызғын қутлықлайман.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Климат машқалалары турақлы раўажланыў жолында ең тийкарғы қәўип-қәтерге айланып үлгерди.
Бул қәўип-қәтерлер ҳәттеки, дүнья жүзи геосиясий архитектурасына да тәсир көрсетпекте.
Климат өзгериўиниң унамсыз ақыбетлери Арал апатшылығы себепли Орайлық Азияда әсиресе, айрықша сезилмекте.
Регионымызда ҳаўа температурасының артыўы дүнья жүзиндеги орташа көрсеткиштен еки есеге көп болып есапланады. Айрықша ыссы күнлер саны 2 есеге артты, музлықлар майданының үштен бир бөлеги жоқ болып кетти.
Топырақ жемирилиўи процесслери 30 миллион халықтың турмыс тәризине унамсыз тәсир көрсетпекте. Күшли шаң ҳәм қум боранлары әдеттеги жағдайға айланды. Ишимлик суўдың жетиспеўшилиги, ҳаўаның патасланыўы, биокөптүрлиликтиң жоқ болып кетиўи, аўыл хожалығы өнимдарлығының төменлеўи сыяқлы машқалалар барған сайын ҳәўиж алмақта.
Бул глобаллық қәўип-қәтерлер кең регионымызда қәўипли ноқатқа жетип келмекте.
Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!
«Жасыл» экономикаға өтиў ҳәм углерод нейтраллығына ерисиў Жаңа Өзбекстанның тийкарғы стратегиялық ўазыйпасы болып есапланады.
Кейинги жылларда елимизде альтернатив энергияның үлеси еки есеге көбейди.
Биз 2030-жылға барып 25 гигаватт қайта тиклениўши энергия қуўатлылықларын қурамыз. «Жасыл» водород ислеп шығарыў бойынша дәслепки әмелий қәдемлерди тасладық.
«Жасыл мәкан» басламасы шеңберинде мәмлекетимизде 1 миллиард түп нәл отырғызылмақта.
Арал теңизиниң қурыған түбинде 2 миллион гектар майданда тоғайлар жараттық.
Биз Климат өзгериўине қарсы тек ғана тилеклеслик ҳәм кең халықаралық бирге ислесиў арқалы нәтийжели гүресиўимиз мүмкин.
Бул бағдарда төмендеги усынысларды алға қоймақшыман.
Бириншиден, Париж шәртнамасы шеңберинде Климаттың өзгериўине бейимлесиў тараўындағы Глобаллық қәўипли механизмди жедел келисиў тәрепдарымыз.
Биз Орайлық Азия климат пикирлесиў платформасында Адаптация стратегиясын ислеп шықпақтамыз.
Кеше «Шығын ҳәм зыянлар» қорын шөлкемлестиниў бойынша қабыл етилген әҳмийетли қарарды жоқары баҳалаймыз.
Екиншиден, глобаллық көлемде аз углеродлы экономикаға өтиў әдил, ашық-айдын ҳәм инклюзив болыўы зәрүр.
Онда раўажланып атырған мәмлекетлердиң мәплери, әлбетте, есапқа алыныўы шәрт. Бул машқаланың «Үлкен жетилик ҳәм жигирмалық» форматларында турақлы көрип шығылыўы мақсетке муўапық.
Үшиншиден, биз Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң резолюциясы тийкарында Аралбойы аймағын экологиялық апатшылық зонасынан «инновациялар, технологиялар ҳәм жаңа имканиятлар регионы»на айландырмақшымыз.
Бул жерже Климат технологиялары халықаралық экспо-хабын жаратыўда тығыз бирге ислесиўге мирәт етемен.
Төртиншиден, климаттың өзгериўине қарсы гүресиўде илим жетискенликлеринен кеңнен пайдаланыў керек.
Ташкенттеги «Жасыл университет» негизиндеги «Климат илимий форумы»нда мәмлекетлериңиздиң жетекши илимпаз ҳәм экспертлерин қатнасыўға шақыраман.
Жер деградациясы, суўдан пайдаланыў, азық-аўқат қәўипсизлиги машқалалары Форум күн тәртибинен орын алады, деп исенемен.
Бесиншиден, БМШ пенен 2024-жылы Өзбекстанда «Климат миграциясы» конференциясын өткериў нийетиндемиз.
Халықаралық мийнет шөлкеми менен «Жасыл бәнтлик» бағдарламасы»н ислеп шығыў ҳәм Моделлестириў орайын шөлкемлестириўди усыныс етемен.
СОР Жаслар конференциясын мәмлекетимизде жоқары дәрежеде шөлкемлестириўге таярмыз.
Ҳүрметли дослар!
Өзбекстан климат өзгериўине қарсы гүресиў бойынша улыўма инсаныйлық идеяларға бәрқулла садық болып есапланады.
Бул ийгиликли мақсетке келеси жылы Самарқанд халықаралық климат форумын өткериў ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң өз алдына резолюциясын қабыл етиў басламамызды қоллап-қуўатлаўға шақыраман.
Бүгинги саммитимиз планетамыздың және де турақлы, абадан ҳәм қәўипсиз келешегин тәмийинлеў жолында дос халықларымызды жақынластырыўға хызмет ететуғынына исенимим кәмил.
Итибарыңыз ушын рахмет.