Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шейх Мухаммед бин Зоид Ол Наҳаянның мирәт етиўине бола 30-ноябрь – 2-декабрь күнлери Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Климат өзгериўи мәселелери бойынша конференциясында қатнасыў ушын усы мәмлекетте болды.
Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев Дубай қаласына сапары даўамында 2-декабрь күни Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шейх Мухаммед бин Зоид Ол Наҳаян менен ушырасыў өткерди.
Ушырасыўда Әмирликлер тәрепинен Вице-президент Шейх Мансур Ол Наҳаян, Бас министр орынбасары, ишки ислер министри Шейх Сайф Ол Наҳаян, энергетика ҳәм инфраструктура министри Суҳайл ал-Мазруий, санаат ҳәм алдыңғы технологиялар министри, COP28 саммити президенти Султан Ахмет ал-Жобир де қатнасты.
Сөйлесиў алдында Президентимиз Әмирликлер жетекшисин ҳәм дос халқын Миллий байрамы ҳәм климат өзгериўи бойынша глобал саммиттиң табыслы шөлкемлестирилгени менен қызғын қутлықлады.
Еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды. Өзбекстан менен Бирлескен Араб Әмирликлери арасындағы көп тәреплемели байланыслар турақлы ҳәм жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жылдың басынан берли товар алмасыў 30 процентке артты, биргеликтеги кәрханалар ҳәм тиккелей авиақатнаўлар саны көбеймекте. Еки мәмлекет жетекши компаниялары қатнасыўындағы биргеликтеги жойбарлар портфели 4 миллиард долларды қурамақта.
Жедел пикирлесиўди даўам еттириў ҳәм болажақ жоқары дәрежедеги илажларға пуқта таярлық көриў зәрүр екени атап өтилди.
Әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм оны кең көлемли стратегиялық шериклик дәрежесине алып шығыўдан мәпдарлық билдирилди.
Өзбекстан Президенти сапардың исбилерменлик илажлары шеңберинде Бирлескен Араб Әмирликлериниң инвестиция министри, «ADQ» холдинги бас атқарыўшы директоры Мухаммед Ҳасан ал Сувайдий басшылығындағы делегацияны, «Amea Power» компаниясының баслығы Ҳусайн ал-Новайсти, «SWS» компаниясының бас атқарыўшы директоры Аҳмад Ал-Шамсийди, «Air Products» компаниясының басқарма баслығы Сейфи Гасемиди, «Tadweer» компаниясының бас атқарыўшы ҳәм басқарыўшы директоры Али ал-Даҳерийди қабыллады.
Бирлескен Араб Әмирликлери инвестиция министри, «ADQ» холдинги бас атқарыўшы директоры Мухаммед Ҳасан ал-Сувайдий басшылығындағы делегация менен ушырасыўда «TAQA» компаниясының басшысы Жасим Хусайн Табет ҳәм «Masdar» компаниясының басшысы Мухаммед Жамил ал-Рамаҳий да қатнасты.
Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўдеги биргеликтеги жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Экономиканың тийкарғы тармақларында шериклик жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Энергетика секторындағы бирге ислесиў күн сайын кеңейип бармақта. Сапар шеңберинде бул бағдарда «Masdar» компаниясы менен Стратегиялық шериклик ҳаққында келисимге қол қойылды.
Ушырасыў соңында мәмлекетимиз басшысы «Masdar» бас атқарыўшы директоры Мухаммед Жамил ал-Рамаҳийға көп тәреплемели Өзбекстан – БАӘ қатнасықларының раўажланыўына қосқан жеке үлеси ушын Өзбекстан Республикасының жоқары мәмлекетлик сыйлығы «Дўстлик» орденин тапсырды.
«Amea Power» компаниясының баслығы Хусайн Ал-Новайс пенен ушырасыўда мәмлекетимизде, бәринен бурын, «жасыл» энергетика ҳәм туризм инфраструктурасын раўажландырыў тараўларында биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў перспективалары көрип шығылды.
Компанияның Өзбекстанда жумыс алып барыў бағдарындағы режелери қоллап-қуўатланды.
«SWS» компаниясының бас атқарыўшы директоры Аҳмад Ал-Шамсий менен ушырасыўда компанияның Өзбекстан аймақларында суў тәмийнаты ҳәм суўды тазалаў бағдарларындағы жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм әмелге асырыў, онда халықаралық шериклерди, соның ишинде, Францияның «SUEZ» ҳәм Японияның «Marubeni» компанияларын тартыў бағдарындағы мәселелерге айрықша итибар қаратылды.
«Air Products» компаниясының басқарма баслығы Сейфи Гасеми менен ушырасыўда бирге ислесиўди, бәринен бурын, жоқары технологиялық тармақларда және де кеңейтиўдиң әмелий тәреплери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысына ағымдағы жойбарлардың барысы ҳәм жаңаларына таярлық жағдайы таныстырылды.
«Tadweer» компаниясы бас атқарыўшы ҳәм басқарыўшы директоры Али ал-Даҳерий менен ушырасыўда әмирликлер компаниясының Өзбекстанда электр энергиясын ислеп шығарыў жойбарларын әмелге асырыў, онда алдыңғы технологиялық шешимлерди енгизиў режелери көрип шығылды.