Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Мухаммед бин Зоид Ол Наҳаянның мирәт етиўине бола 1-декабрь күни Дубай қаласында өтип атырған БМШ Климат өзгериўи бойынша конференциясының (COP28) тийкарғы жалпы сессиясының жумысында қатнасты.

Илажға дүньяның 170 тен аслам еллериниң мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, абырайлы халықаралық шөлкемлер менен қаржы институтларының басшылары қатнаспақта.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында Бирлескен Араб Әмирликлери басшылығы ҳәм халқын миллий байрамы ҳәм тарийхый саммитти табыслы шөлкемлестиргени менен қызғын қутлықлап, Әмирликлердиң климат өзгериўине қарсы гүрес бағдарындағы глобал басламаларын ҳәм «жасыл» раўажланыўға қосып атырған үлкен үлесин айрықша атап өтти.

Өзбекстан Президенти атап өткениндей, ҳәзирги дәўирде климат машқалалары дүньядағы турақлы раўажланыў жолында ең тийкарғы қәўипке айланып үлгерди. Климат өзгериўиниң унамсыз ақыбетлери заманамыздың аянышлы экологиялық кризислеринен бири – Арал апатшылығы себепли Орайлық Азия ҳәм тутас регионларда оғада аўыр сезилмекте.

Мәмлекетимиз жетекшиси жыйналғанлардың итибарын айырым фактлерге қаратты.

Мәселен, Орайлық Азияда ҳаўа температурасының көтерилиўи дүньядағы орташа көрсеткиштен еки есеге көп, соңғы жыллары айрықша ыссы күнлер саны 2 мәрте артты, музлықлар майданының үштен бир бөлеги ерип жоқ болды.

Топырақтың жемирилиўи, турақлы шаң ҳәм қум боранлары, ишимлик суўының тамтарыслығы, ҳаўаның патасланыўы, био ҳәртүрлиликтиң қысқарыўы, өнимдарлықтың кескин азайыўы ҳәм көплеген басқа да машқалалар регионда жасап атырған миллионлаған адамлардың турмыс сапасына унамсыз тәсир етпекте.

Президентимиз «жасыл» экономикаға өтиў ҳәм углерод нейтраллығына ерисиў Жаңа Өзбекстанның тийкарғы стратегиялық ўазыйпасы екенин атап өтти.

Соңғы жыллары елимизде альтернатив энергияның үлеси еки есеге көбейди. 2030-жылға барып 25 гигаватт қайта тиклениўши энергия қуўатлықлары қурылады. «Жасыл» водород ислеп шығарыў жойбары бойынша дәслепки әмелий қәдемлер тасланды.

Буннан тысқары, «Жасыл мәкан» басламасы шеңберинде Өзбекстанда 1 миллиард түп нәл егилмекте. Арал теңизиниң қурыған түбинде беккем қорғаў қалқанын жаратыў мақсетинде 2 миллион гектар майданда тоғайлар қурылғаны себепли Аралбойында ҳаўа патасланыўы азаймақта.

Илаж күн тәртибиндеги тийкарғы мәселелерге өтип, Өзбекстан жетекшиси бир қатар усынысларды алға қойды.

Соның ишинде, Президентимиз Париж шәртнамасы шеңберинде Климат өзгериўине бейимлесиў тараўындағы Глобал шекленген механизмди тезирек келисиўге шақырды.

Усы мәниде, Орайлық Азияда климат қарым-қатнасы платформасында ислеп шығылып атырған Бейимлесиў стратегиясы атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы «Шығын ҳәм зыянлар» қорын шөлкемлестириў бойынша қабыл етилген қарарды жоқары баҳалады.

Бул механизмлер Жәҳән банки ҳәм халықаралық қаржы институтлары тәрепинен белсене қоллап-қуўатланыўы, бәринен бурын, климат өзгериўинен үлкен қыйыншылық көрип атырған мәмлекетлерге салмақлы жәрдем береди.

Глобал көлемде аз углеродлы экономикаға өтиў әдил, ашық-айдын ҳәм инклюзив болыўы зәрүр екенлиги, онда раўажланып атырған мәмлекетлердиң мәплери, әлбетте, инабатқа алыныўы жүдә зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бул әҳмийетли машқаланы турақлы түрде, соның ишинде, «Үлкен жетилик» ҳәм «Үлкен жигирмалық» форматлары күн тәртиплеринде көрип шығып барыў усыныс етилди.

Аралбойы аймағын Инновациялар, технологиялар ҳәм жаңа имканиятлар регионына айландырыў ушын мәмлекетимиз басшысы бул жерде алдыңғы билим, тәжирийбе ҳәм шешимлерди қолланыў мақсетинде Климат технологиялары халықаралық экспо-хабын жаратыўда ҳәммени тығыз бирге ислесиўге мирәт етти.

Буннан тысқары, Президентимиз Ташкенттеги «Жасыл университет» тийкарында шөлкемлестирилип атырған Климат илимий форумы шеңберинде тығыз илимий алмасыўды жолға қойыў ҳәм биргеликтеги изертлеўлер өткериўге шақырды.

Жер деградациясының алдын алыў, суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, азық-аўқат қәўипсизлигин кепилленген түрде тәмийинлеў ҳәм басқа да айрықша мәселелер форумның күн тәртибинен орын алады.

Сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми менен 2024-жылы Өзбекстанда «Климат миграциясы» темасындаға конференцияны өткериў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы Халықаралық мийнет шөлкеми менен биргеликте «Жасыл бәнтлик» бағдарламасын ислеп шығыў, Климат өзгериўиниң бәнтликке тәсирин моделлестириў орайын шөлкемлестириў басламасын алға қойды.

Климат машқалаларын нәтийжели шешиўге жасларды жедел тартыў ушын мәмлекетимиз БМШ Климат өзгериўи бойынша конференциясының Жаслар форумын шөлкемлестириўге таяр екени атап өтилди.

Өзбекстан климат өзгериўине қарсы гүрес бойынша улыўма дүньялық идеяларға бәрқулла садық екенлигин тастыйықлап, мәмлекетимиз басшысы келеси жылы Самарқанд халықаралық климат форумын өткериў ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлериниң улыўмалық қатнаслары өз көринисин тапқан БМШ Бас Ассамблесяның айрықша резолюциясын қабыл етиўди қоллап-қуўатлаўға шақырды.

Сөзиниң соңында Президент Шавкат Мирзиёев Дубайдағы саммит нәтийжелери планетамыздың және де турақлы, абадан ҳәм қәўипсиз келешегин тәмийинлеў жолында барлық мәмлекетлер ҳәм халықларды жақынластырыўға хызмет ететуғынына исеним билдирди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Пүткил дүнья жүзилик климат саммити шеңберинде Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одиль Рено-Бассо, Малайзия Патшасы Султан Абдуллоҳ Риоятуддин Ал-Мустафо Биллоҳ Шах, Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Индонезия Президенти Жоко Видодо, БМШ Бас хаткериниң орынбасары, Шөллениўге қарсы гүрес конвенциясы атқарыўшы хаткери Иброҳим Тиав ҳәм Ҳиндстан Республикасы Бас министри Нарендра Моди менен ушырасыў өткерди.

Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одиль Рено-Бассо менен ушырасыўда бул абырайлы қаржы институты менен әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў алдында мәмлекетимиз басшысы быйыл май айында Самарқандта өткен ЕТРБ Басқарыўшылар кеңеси мәжилисиниң жемисли нәтийжелерин жоқары баҳалады.

Банктиң мәмлекетимиздеги инвестициялары 3,5 миллиард евродан артқаны, жойбарлар портфелиниң 60 проценти жеке меншик секторға туўра келип атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Мәмлекетимиз бенен шериклик бойынша ислеп шығылып атырған Шериклик стратегиясы, бәринен бурын, киши ҳәм орта бизнес, ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин енгизиў, банк тараўында меншиклестириў, ирригация системаларын модернизациялаў, жол инфраструктурасын раўажландырыў сыяқлы бағдарларда бирге ислесиўдиң сапасы ҳәм көлемин салмақлы дәрежеде арттырыўға хызмет ететуғынына исеним билдирилди.

Мәмлекетимизде қайта тиклениўши энергетиканы раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыў шеңберинде бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Келеси жылы Сырт ел инвесторлары кеңесиниң гезектеги мәжилисине таярлық көриў мәселелери де көрип шығылды.

Малайзяи Патшасы Султан Абдуллоҳ Риоятуддин Ал-Мустафо Биллоҳ Шах пенен ушырасыўда Өзбекстан менен Малайзия арасындағы қатнасықларды, бәринен бурын, экономикалық тараўда және де раўажландырыў мәселелери додаланды.

Еки тәреплеме байланыслардың жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өз-ара саўда көлеми артпақта, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында кооперациялық жойбарлар ҳәм зыярат туризми тараўында бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Шериклик күн тәртибин анық әмелий мазмун менен байытыў мақсетинде келеси жылы Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилисин ҳәм биргеликтеги бизнес форумын өткериўге келисип алынды.

Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух пенен ушырасыўда Өзбекстан менен Монголия арасындағы дәстүрий дослық ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларын және де раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

2022-жыл сентябрь айында Самарқандта өткен ушырасыў келисимлерин әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Өз-ара саўдадағы унамлы пәт қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Шарўашылық, азық-аўқат, былғары, аграр, тоқымашылық ҳәм басқа да тармақларда бирге ислесиў ушын кең имканиятлар бар.

Автомобиль ҳәм ҳаўа коммуникациялары, туризм, аймақлараралық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеў сыяқлы тараўларда шәртнамалық-ҳуқықый тийкарларды жетилистириўден мәпдарлық билдирилди.

Келеси жылы биргеликтеги Ҳүкиметлераралық  комитет ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң биринши мәжилислерин өткериўге келисилди.

Бул ушырасыў жуўмақлары бойынша өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиўдиң «жол картасы»н қабыл етиўге келисип алынды.

Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен ушырасыўда кең көлемли стратегиялық шерикликти және де кеңейтиў ҳәм биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы әҳмийетли мәселелер додаланды.

Алдын жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Болажақ жоқары дәрежедеги илажлар режеси, соның ишинде, Өзбекстан-Түркия Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң гезектеги мәжилисин өткериў мәселелери көрип шығылды.

Индонезия Президенти Жоко Видодо менен ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы көп тәреплемели қатнасықларды және де раўажландырыў ҳәм тереңлестириўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Барлық дәрежелердеги өз-ара сөйлесиўлердиң бүгинги жағдайы ҳәм еки тәреплеме саўдадағы унамлы пәт қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Нәтийжели бирге ислесиўди, соның ишинде, экономикалық тараўда «жол картасы»н қабыл етиў арқалы кеңейтиў бойынша өз-ара муўапықласқан илажларды даўам еттириўден еки тәреп те мәпдар екени атап өтилди.

БМШ Бас хаткериниң орынбасары, Шөллениўге қарсы гүрес конвенциясы атқарыўшы хаткери Иброҳим Тиав пенен ушырасыўда өткен айда Самарқанд қаласында дүньяның 130 дан аслам мәмлекетлериниң делегациялары ҳәм абырайлы халықаралық шөлкемлердиң басшылары қатнасыўында өткерилген БМШтың Шөллениў бойынша конвенциясын әмелге асырыў комитетиниң 21-сессиясы өнимли болғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

2024-жылы Саудия Арабстанында болажақ конференция даўамында Шаң ҳәм қум боранлары бойынша Самарқанд декларациясын қабыл етиў мәселесин биргеликте әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ташкент қаласындағы Орайлық Азия климат өзгериўи университети тийкарында илимий бирге ислесиў ҳәм изертлеўлер өткериў имканиятлары көрип шығылды.

Ҳиндстан Республикасы Бас министри Нарендра Моди менен ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы көп тәреплемели ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелери додаланды.

Коммуникациялық технологиялар, фармацевтика, илим ҳәм билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, дәстүрий медицина ҳәм йога тараўларында бирге ислесиўди тереңлестириў ҳәм биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы саммит шеңберинде Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Франция Президенти Эммануэль Макрон, Япония Бас министри Фумио Кисида, Черногория Президенти Мило Жуканович, Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас министри, Дубай Әмирлиги ҳәкими Муҳаммед бин Рошид Ол Мактум, Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти Шейх Мансур Ол Наҳаян, Дубай Әмирлигиниң мийрасхор шахзадасы Ҳамдан ибн Мухаммед Ол Мактум, Футбол ассоциациялары халықаралық федерациясы (ФИФА) басшысы Жанни Инфантино ҳәм басқа да бир қатар мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң басшылары менен сәўбетлер өткерди.

Өзбекстан Президентиниң Бирлескен Араб Әмирликлерине әмелий сапары даўам етпекте.

ӨзА