Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздағы медицина тараўында исбилерменлик жумысы менен шуғылланып атырған тараў ўәкиллери, мәмлекетлик емес клиникалар басшылары, фармацевтика тараўында жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен ушырасты.
Онда, дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен усы жылдың 8-август күни исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў бойынша 129-санлы тарийхый пәрман қабыл етилгенлигин, пәрманның орынланыўын тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстанда мәмлекетлик мүлк объектлерине инвестиция киргизиў миннетлемелери менен сатыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланғанлығын, буннан тысқары, мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 31-августтағы 213-санлы және бир тарийхый пәрманы менен бир қатар жеңилликлер ҳәм мүмкиншиликлер жаратылғанлығын айрықша атап өтти.
Өз гезегинде усы жаратып берилген имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, елимизде медицина тараўы бойынша хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаў, халқымызды сапалы ҳәм арзан дәри-дәрмақ өнимлерин жеткерип берилиўин қадағалаў, ишки имканиятларымыздан келип шығып дәри өнимлерин ислеп шығарыўды жолға қойыў мәселелери сөз етилди.
Ушырасыўда сондай-ақ, тараў ўәкиллери болған исбилерменлер тәрепинен бир қатар пикир-усыныслар билдирилип, машқалалар атап өтилди.
Мәжилисте көрилген мәселелер Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, олардың тез арада шешимин табыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги