Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев азық-аўқат өнимлери баҳаларының турақлылығын, сондай-ақ, базарларды зәрүрли өнимлер менен системалы ҳәм кепилликли тәмийинлеў мақсетинде, тийисли тараўдың жуўапкер басшылары қатнасыўында арнаўлы мәжилис өткерди.
Онда республикамыз халқының қыс ҳәм бәҳәр айларында тийкарғы аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерине болған талабын қанаатландырыў бойынша арнаўлы сақлаў орынларында зәрүр болған өнимлер резервин ғамлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар көрип шығылды. Мәжилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен республикамыздың айырым аймақларында белгиленген режелер толық орынланбай атырғанлығы сынға алынды.
Соны айрықша атап өтиў керек, дийқан базарлары бүгинги күни халықты биринши дәрежели азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўши орынлардың бири болып есапланады.Сонлықтан республикамыз аймағындағы базарларда күнделикли азық-аўқат ѳнимлери баҳасының тийкарсыз өсип кетиўиниң алдын алыў мақсетинде, турақлы түрде саўда ярмаркалары шѳлкемлестирилип келинбекте.
Мәжилисте саўда ярмаркаларында сатыўға шығарылып атырған өнимлердиң көлемин арттырыў, ең баслысы, бул өнимлердиң сапалы ҳәм арзан болыўын тәмийинлеў зәрүрлиги, баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў илажларын күшейтиў кереклиги атап өтилди.
Сондай-ақ, ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев тәрепинен дийқан базарлары жанында шѳлкемлестирилген өнимлерди таярлаў, сақлаў кәрханаларына базарлардағы затлардың баҳаларының турақлылығын тәмийинлеў бойынша ажыратылған қаржылар есабынан өнимлер резерви көлемин еле де арттырыў бойынша тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги