Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шейх Мухаммед бин Зоид Ол Наҳаянның мирәт етиўине бола 30-ноябрь күни әмелий сапар менен Дубай қаласына келди.

Аэропортта жоқары мәртебели мийманды БАӘ энергетика ҳәм инфраструктура министри Сухайл ал-Мазруий күтип алды.

1-декабрь күни мәмлекетимиз басшысы БМШтың Климат өзгериўлери бойынша конференциясында қатнасады ҳәм усы глобал саммит жалпы сессиясында шығып сөйлейди.





Илаж күн тәртибинен БМШтың Климат өзгериўи ҳаққындағы Шекленген конвенциясының тийкарғы қағыйдаларын әмелге асырыў, бүгинги экологиялық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў, «жасыл» раўажланыў мақсет ҳәм ўазыйпаларын әмелге асырыўда кеңнен бирге ислесиў мәселелери орын алған.

ӨзА