Өзбекстанның Биринши ханымы Зироат Мирзиёева Қатар миллий музейи ҳәм Ислам көркем өнери музейи менен танысты.
Қатар миллий музейи 2019-жылы ашылған. Ол жерде Қатар Мәмлекетиниң тарийхы, қатарлылардың үрп-әдети ҳәм дәстүрлери сондай-ақ, мәмлекеттеги ислам естеликлери ҳаққындағы мағлыўматлар өз көринисин тапқан. Мийманлар Парсы қолтығының тәбияты ҳәм ондағы ҳәр қыйлы сийрек гезелесетуғын ҳайўанлардың турмысы менен жақыннан танысыўы мүмкин.
Ислам көркем өнер музейи Қатардың дыққатқа ылайық орынлары арасында айрықша орынға ийе.
Музей Доҳа жағалығындағы жасалма атаўда жайласқан болып, 5 қабаттан ибарат. 2008-жылы иске қосылған.
Бул жер дәстүрий мәденият ҳәр түрлилигин ҳәм ислам көркем өнериниң көп қырлылығын билдириўши рәмзий қурал болып хызмет етеди. Онда Азия, Европа ҳәм Жақын Шығыс мәмлекетлеринде VII әсирден XIX әсирге шекемги ислам көркем өнериниң буйымлары өз көринисин тапқан. Музей жанында китапхана ҳәм 200 орынлық оқыў залы, реставрация лабораториясы ҳәм презенетация өткериў ушын бир қатар ханалар бар.
Және бир итибарлы тәрепи, бул музейде Самарқандтан келтирилген Қуран бетиниң нусқасы да бар. Булардың ҳәммеси халықларымыз арасындағы дослық, руўхый уқсаслықтан дәрек береди.
ӨзА