Өзбекстан Республикасы Президентиниң өмирлик жолдасы Зироат Мирзиёева Қатарда болып өткен ХI Билимлендириў бойынша халықаралық инновациялық саммитте қатнасты.

Бул ири әнжуман 2011-жылдан берли Қатар Мәмлекети Билимлендириў, илим ҳәм социаллық раўажланыў фонды (Qatar Foundation) баслығы шайха Муза бинт Носир ал-Миснад қәўендерлигинде өткерилип келинбекте. Оннан гөзленген тийкарғы мақсет – сиясат, изертлеўлер, жетекшилик сыяқлы тараўларда басламаларды әмелге асырыў арқалы билимлендириўде инновациялық бағдарламаларды жаратыў болып есапланады.


Быйылғы илаж «Жасалма интеллект дәўиринде инсан дөретиўшилиги» темасына бағышланды. 29-ноябрь күни саммиттиң тийкарғы илажларында жоқары дәрежедеги мийманлар, соның ишинде, сырт еллердиң министрлери, билимлендириў ҳәм социаллық тараўлардың экспертлери қатнасты.


Бул саммиттеги қатнас соңғы жыллары жедел раўажланып атырған Өзбекстан менен Қатар арасындағы бирге ислесиўдиң және бир көриниси болды.



ӨзА