Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шейх Муҳаммед бин Зоид Ол Наҳаянның мирәт етиўине бола 30-ноябрь – 2-декабрь күнлери Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Климат өзгериўи мәселелери бойынша конференциясында қатнасыў ушын Дубай қаласында болады.

Климат бойынша глобал саммитте дүньяның 150 ден артық еллериниң мәмлекет ҳәм ҳүкимет, абырайлы халықаралық шөлкемлер ҳәм қаржы институтлары басшылары қатнасады.

Илаж күн тәртибинен БМШтың Климат өзгериўи ҳаққындағы шекленген конвенциясының тийкарғы қағыйдаларын әмелге асырыў, бүгинги экологиялық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў, «жасыл» раўажланыўдың мақсет ҳәм ўазыйпаларын әмелге асырыўда кеңнен бирге ислесиў мәселелери орын алған.

Мәмлекетимиз басшысы саммиттиң жалпы сессиясында шығып сөйлеўи ҳәм бир қатар еки тәреплеме ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткериўи күтилмекте.

Өзбекстан Республикасы БМШтың Шекленген конвенциясына 1993-жылы қосылған, 2018-жылы мәмлекетимиз Париж келисиминиң қатнасыўшысы болды.

ӨзА